Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги
3.82K subscribers
9.93K photos
1.89K videos
21 files
3.41K links
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң рәсмий телеграм каналы — t.iss.one/qrdssm
Министрликтиң мурәжатлерди қабыллаў рәсмий телеграм бот каналы
(телеграм бот @qrdsmbot ) 24/7

YouTube www.youtube.com/@qrdssm
Download Telegram
ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!!

Ҳүрметли пуқаралар, Ўзгидрометеорология хызметиниң берген мағлыўматына қарағанда 2021-жылдың 23-27 февраль күнлери аралығында ҳаўа-райы түнде 17-22 градусқа шекем төменлеп, 23-25 феврал күнлери 20-22 метр секунд тезликте күшли шамал есиўи күтилмекте. Сол себебли қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиң. Қуўраған тереклер, беккемленбеген ҳәр түрли конструкциялар қасында ҳәрекетленгенде абайлы болың, илажы болса бундай орынларда автомобиллериңизди қалдырмаң. Ысытыў қазанханаларының (котел) ҳәдден тыс қызып кетиўине жол қоймаң. Ис-гәзинен зәҳәрлениўдиң алдын алың. Өмириңиз, денсаўлығыңыз ҳәм мүлкиңиздиң қәўипсизлигине итибарсыз болмаң!!!

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Нөкис қаласы 2-сектор аймағы есапланған "Шымбай гүзары" ҳәм "Қутлы мәкан" МПЖларда жасаўшы, "Ҳаяллар дәптери"не дизимге алынған медициналық көриктен өтиўге ҳәм емлениўге мүтәжлиги бар болған 40 тан аслам ҳаял-қызлар Нөкис қалалық медициналық бирлеспесинде шыпакерлер көригинен өткерилди.

Соның менен бирге олардың емлениўи, денсаўлығын тиклеп алыўы ушын тийисли иләжлар белгилеп алынды.

Каналға аға болыў: @QResMinistrlerKenesi
#Шетки_аймақларда_медициналық_көриклер

Халықтың саламатлығын үйрениў ҳәм жақсылаў мақсетинде ҚР Денсаўлықты сақлаў министри М.И. Қурбанов басшылығында Республикалық емлеў-профилактикалық мәкемелери ҳәм Қоңырат районлық медицина бирлеспеси қәнигелери Қоңырат районы орайынан 180 км узақлықта жайласқан «Жаслық» посёлкасы турғынларын ҳәм сол жерде хызметте болып турған әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзаларын тереңлестирилген медициналық көриктен өткерди.

Тар тараў қәнигелери ҳәм инструментал тексериўлер өткерген тереңлестирилген медициналық көрик нәтийжелерине қарап, кеселлик анықланған наўқасларға стационар ҳәм амбулатор шараятта емлениўи ушын тийисли мәсләҳәт ҳәм усыныслар берилди.

Сондай-ақ, ҚР Денсаўлықты сақлаў министри М.И. Қурбанов посёлка халқы менен сәўбетлесип, олардың медициналық жақтан машқалаларын үйренди ҳәм аймақта медициналық хызметтиң жақсыланыўы бойынша жуўапкер қәнигелерге көрсетпелер берди.

👉👉👉 @qrdssm
#Шетки_аймақларда_медициналық_көриклер

Орайдан узақта жайласқан халыққа медициналық көриклерден өтиўде ҳәм емлениўде айрықша қолайлық жаратыў мақсетинде У.Халмуратов атындағы Республикалық көп тармақлы медицина орайының бас қәнигелери Ф.Бабаджанов, Б.Сартбаев ҳәм М.Атажановлар Төрткул районында медициналық көрик шөлкемлестирди.

Олар өзлерине бириктирилген районлық медицина бирлеспесине қараслы көп тармақлы орайлық поликлиника, «Шорахан»АПЖ ҳәм «Өзбекстан» АПЖларындағы шаңарақлық поликлиникаларда жергиликли медицина хызметкерлерине әмелий жәрдем көрсетип, аўыр наўқасларды медициналық тексериўден өткерди. Диагнозларына қарап наўқасларға мәсләҳәтлер берилди, сондай-ақ, поликлиникаларда медициналық хызметти және де жақсылаў бойынша өзара пикир алмасылды.

👉👉👉 @qrdssm
Онлайн тәризде шеберлик сабаклары өтилди

Бүгин Ташкент қаласындағы Академик В.Вахидов атындағы Республикалық қәнигелестирилген хирургия илимий-әмелий медицина орайының тәжирийбели хирурглары тәрепинен усы орайдың Нөкис филиалы ҳәм У.Халмуратов атындағы Республикалық көп тармақлы медицина орайының хирург шыпакерлерине онлайн тәризде шеберлик сабақлары өтилди.

Бунда Ташкент қаласындағы хирургия орайының операция ханасынан туўрыдан-туўры онлайн тәризинде 3-дәрежели семизлик наўқасында «Лапароскопик усылда асқазан резекциясы» атлы операция процесси көрсетилди. Бул сабақлар нәтийжесинде жергиликли қәнигелерде аралықтан тәжирийбе алмасыў, телемедицина ҳәм усы сыяқлы операцияларды ислеўде билим-көнликпелери еле де раўажланады.

👉👉👉 @qrdssm
https://kknews.uz/kk/74718.html
ДЕНСАЎЛЫҚТЫ САҚЛАЎ ТАРАЎЫНДА САНЛАСТЫРЫЎ ЖУМЫСЛАРЫН НӘТИЙЖЕЛИ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

👉Агентликтиң телеграм каналына ағза болың - https://t.iss.one/kknews_uz
#Социаллық_қорғаў

Бозатаў районлық медицина бирлеспеси қәнигелери райондағы «Аспантай» аўыл пуқаралар жыйыны турғыны Қабулова Розаның (1957-жылы туўылған) ҳалынан хабар алды ҳәм арбаша менен тәмийинледи.

👉👉👉 @qrdssm
ҚАРАҚАЛПАҚСТАНҒА ВАКЦИНА ТАСЫЎШЫ АВТОМАШИНАЛАР КЕЛДИ
GAVI (Global Alliance on Vaccination and Immunization) халық аралық шөлкеминиӊ “Денсаўлықты сақлаў системасын беккемлеў” бағдарламасы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасына вакциналарды қәўипсиз ҳәм тез жеткериў ушын улыўма 18 Miniven-Labo автомашина жеткерип берилди ҳәм СЭТЖС басқармасына қараслы аймақлық, қалалық ҳәм районлық бөлимлерине бөлистирилди.
ҚР СЭТЖС басқармасы ҒХҚ ҳәм жәмийетшилик пенен ислесиў бөлими
Республикалық балалар фтизиатрия санаториясында Шығыстың уллы классик шайыры, ғәззел мүлкиниң султаны Мир Алишер Наўайының туўылғанының 580-жыллығына арналған илаж өткерилди.

Онда шайырдың өмири ҳәм шығармалары, дүнья әдебиятында тутқан орны туўралы кең түсиниклер берилди. Сондай-ақ, шайырдың дөретиўшилигине байланыслы видеороликлер қойылып, шығармаларынан үзиндилер оқып берилди.

👉👉👉 @qrdssm