Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги
3.71K subscribers
9.42K photos
1.67K videos
21 files
3.04K links
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң рәсмий телеграм каналы — t.iss.one/qrdssm
Министрликтиң мурәжатлерди қабыллаў рәсмий телеграм бот каналы
(телеграм бот @qrdsmbot ) 24/7

Ютуб каналымыз: https://youtube.com/channel/UCps0pNq_35e1bRZuGHKsJGg
Download Telegram
#Онлайн

Пайтахтымыздағы "Массагет" мийманханасында ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлиги қәнигелери ҳәм ғалаба хабар қураллары қатнасында "Өзбекстанда халықты Covid-19 ға қарсы емлеў процесси" атамасында семинар болып өтпекте.

👉👉👉 @qrdssm
#Саламат_турмыс_тәризи

Денсаўлықты сақлаў министрлиги басламасы менен ҳәптениң ҳәр шемби күни мәмлекетимиз бойлап кең көлемли ғалаба саламатластырыў илажлары шөлкемлестирилмекте. Бул бойынша Бозатаў районлық медицина бирлеспесиниң медицина хызметкерлери тәрепинен «Саламат турмыс ушын 5000 қәдем» ураны астында дене тәрбия шынығыўлары ҳәптениң ҳәр шемби күнлери әмелге асырылып келинбекте.

👉👉👉 @qrdssm
#АИВ_профилактикасы

АИВ инфекциясы тарқалыўына қарсы гүрес илажлары шеңберинде ҚР АИЖСке қарсы гүресиў орайы қәнигелери тәрепинен Әмиўдәрья районының бир қатар аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларындағы мийнет мигрантларының АИВке тексерилиўи бойынша пуқаралар менен ушырасыўлар өткерилип, плакатлар, буклетлер ҳәм еслетпелер тарқатылды. Медицина хызметкерлерине болса методикалық жәрдем көрсетилди.

Сондай-ақ, ҚР АИЖСке қарсы гүресиў орайы қәнигеси тәрепинен ҚМУ Архитектура ҳәм санаат технологиясы факультетинде, Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалында ҳәм Арқа-батыс әскерий округи әскерий бөлиминде «АИВ инфекциясы профилактикасы» темасында презентация өтилди ҳәм илаж қатнасыўшыларына буклет ҳәм листовкалар тарқатылды.

👉👉👉 @qrdssm
#медициналық_көриклер
#социаллық_қорғаў

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги басламасы менен Нөкис қаласы «Жаңа базар» МПЖға қараслы «Қоскөл-4» посёлкасында Нөкис қалалық медицина бирлеспеси ҳәм усы бирлеспеге қараслы 2-санлы шаңарақлық поликлиникасының тар тараў қәнигелери (кардиолог, невропатолог, хирург, окулист, оториноларинголог ҳ.т.б.) ҳәм УДТ, ЭКГ тексериўлери қатнасында «Мобил поликлиника» шөлкемлестирилип, халықты тереңлестирилген медициналық көриктен өткерди.

Көрик нәтийжелерине қарап, кеселлик анықланған наўқасларға стационар ҳәм амбулатор шараятта емлениўи ушын тийисли көрсетпе ҳәм усыныслар берилди.

Сондай-ақ, ҚР Денсаўлықты сақлаў министри М.И. Қурбанов аймақтағы социаллық қорғаўға мүтәж болған пуқаралардың үйлерине барып, ҳалынан хабар алды ҳәм имканияты шекленген наўқасларды арбашалар менен тәмийинледи.

👉👉👉 @qrdssm
ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!!

Ҳүрметли пуқаралар, Ўзгидрометеорология хызметиниң берген мағлыўматына қарағанда 2021-жылдың 23-27 февраль күнлери аралығында ҳаўа-райы түнде 17-22 градусқа шекем төменлеп, 23-25 феврал күнлери 20-22 метр секунд тезликте күшли шамал есиўи күтилмекте. Сол себебли қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиң. Қуўраған тереклер, беккемленбеген ҳәр түрли конструкциялар қасында ҳәрекетленгенде абайлы болың, илажы болса бундай орынларда автомобиллериңизди қалдырмаң. Ысытыў қазанханаларының (котел) ҳәдден тыс қызып кетиўине жол қоймаң. Ис-гәзинен зәҳәрлениўдиң алдын алың. Өмириңиз, денсаўлығыңыз ҳәм мүлкиңиздиң қәўипсизлигине итибарсыз болмаң!!!

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Нөкис қаласы 2-сектор аймағы есапланған "Шымбай гүзары" ҳәм "Қутлы мәкан" МПЖларда жасаўшы, "Ҳаяллар дәптери"не дизимге алынған медициналық көриктен өтиўге ҳәм емлениўге мүтәжлиги бар болған 40 тан аслам ҳаял-қызлар Нөкис қалалық медициналық бирлеспесинде шыпакерлер көригинен өткерилди.

Соның менен бирге олардың емлениўи, денсаўлығын тиклеп алыўы ушын тийисли иләжлар белгилеп алынды.

Каналға аға болыў: @QResMinistrlerKenesi