Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги
3.74K subscribers
9.28K photos
1.64K videos
21 files
2.99K links
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң рәсмий телеграм каналы — t.iss.one/qrdssm
Министрликтиң мурәжатлерди қабыллаў рәсмий телеграм бот каналы
(телеграм бот @qrdsmbot ) 24/7

Ютуб каналымыз: https://youtube.com/channel/UCps0pNq_35e1bRZuGHKsJGg
Download Telegram
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигинде баспасөз конференциясы болып өтти

11-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигинде 2020-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар бойынша, сондай-ақ тараўдағы жаңалықларға байланыслы баспасөз конференциясы болып өтти.

Баспасөз конференциясына ҚР Денсаўлықты сақлаў министри М.И. Қурбанов ҳәм министрликтиң жуўапкер қәнигелери, ғалаба хабар қураллары ўәкиллеринен журналист ҳәм блогерлер қатнасты.

Қызғын сораў-жуўапларға толы болған конференцияда денсаўлықты сақлаў тараўындағы жетискенликлер ҳәм орын алып атырған кемшиликлер додаланды. Тараўда енгизилип атырған жаңалық ҳәм өзгерислер бойынша кең түсиниклер берилди. Сондай-ақ, келешекте Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери арасында бирге ислесиў бойынша әҳмийетли бағдарлар белгилеп алынды.

👉👉👉 @qrdssm
АГРАР ТАРАЎДАҒЫ ҲАЯЛЛАР САЛАМАТЛЫҒЫ ИТИБАРДА

Елимизде ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ең әҳмийетли бағдарлардан есапланады. Сиясий, социал-экономикалық ҳәм ислеп шығарыў тараўларында хызмет етип атырған ҳаяллардың саламатлығын қорғаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы "Аграр тараў ҳаяллары" бирлеспеси басламасы менен 3-февральдан 15 февраль аралығында аграр тараўда мийнет етип атырған ҳаяллар басшылығындағы фермер хожалықлары ҳәм мөлдек жер ийелери болған ҳаял-қызлар бийпул медициналық көриктен өткерилмекте.

Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң Беруний районлық бөлими баслығының биринши орынбасары Ф.Ешимбетова ҳәм Беруний районлық медицина бирлеспеси баслығы Д.Палванов қадағалаўында аграр тараўда хызмет етип атырған 20 дан зыят ҳаял-қызлар тар шеңбердеги медициналық көриктен өткерилди.

Оған көре, терапевт, кардиолог, эндокринолог, маммолог, гинеколог ҳәм стоматолог қәнигелер ҳәм лаборатор инструменталь, УДТ ҳәм ЭКГ тексериўлериниң нәтийжелерине қарап, тийисли усыныслар берилди.
Алыс аймақларда медициналық көриклер даўам етпекте

Қанлыкөл районында 51103 халық болып, соннан район орайынан алыс аймақта жайласқан Жайҳун аўыл пуқаралар жыйынында 2505 халық жасайды.

Республикалық медицина орайларынан келген қәнигелер ҳәм районлық медицина бирлеспеси шыпакерлери қатнасында район орайынан алыс аймақта жайласқан Жайҳун аўыл пуқаралар жыйынында 2021-жыл 11-февраль күни тереӊлестирилген медициналық көриклер өткерилди.

Қәнигелер тәрепинен жәми 113 пуқара медициналық көриктен өткерилип, оған көре пуқараларда 25 тен аслам кеселликлер анықланды. Соннан 30 адамға амбулатор шараятта, 5 адамға стационар шараятта ем буйырылды.

Д.Нурымбетова,
Қанлыкөл РМБ баслығы

👉👉👉 @qrdssm
ТАШКЕНТЛИ ҚӘНИГЕЛЕР ӘМЕЛИЙ ЖӘРДЕМ КӨРСЕТТИ

ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң тапсырмасы менен Ташкент ўәлаяты денсаўлықты сақлаў басқармасы баслығының Аналық ҳәм балалықты қорғаў бойынша орынбасары Феруза Рахматуллаева ҳәм ҚР Денсаўлықты сақлаў министриниң Аналық ҳәм балалықты қорғаў бойынша орынбасары Акмал Асқаров басшылығында Нөкис районлық медицина бирлеспесинде Қарақалпақстан Республикасының барлық қала ҳәм районлық медицина бирлеспеси баслықларының аналық ҳәм балалықты қорғаў бойынша орынбасарлары ҳәм бас акушер-гинекологларына көргизбели семинар өткерилди. Онда көп тармақлы поликлиникалардағы «Ҳаяллар мәсләҳәтханасы» бөлими, «Қызлар саламатлық орайы» ҳәм «Перинатал скрининг ханасы»ның тийисли үскенелер менен тәмийинлениўи ҳәм онда алып барылатуғын искерлик туўралы мастер класс сабақлары болды.
Сондай-ақ, Нөкис районлық медицина бирлеспесине Ташкент қаласындағы Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайынан шыпакер Аманов Анвар Илхомович келип, наўқасларды медициналық көриктен өткерди. Тексериў нәтийжелерине көре тийисли мәсләҳәт ҳәм усынысларын берип өтти. Соңынан районлық медицина бирлеспесине қараслы көп тармақлы поликлиника шыпакерлерине мастер класс сабағы шөлкемлестирилди.
Қорақалпоғистон Республикаси Соғлиқни сақлаш вазирлигининг “Аттестациядан ўтган мутахассисларга малака тоифаси бериш тўғрисида”ги буйруқлари

Соғлиқни
сақлаш вазирлиги ҳузуридаги ихтисослашган аттестация комиссиялари йиғилишида врач ва фармацевтларга малака тоифаси бериш учун оғзаки суҳбатда қўлланиладиган врачлик мутахассисликлари бўйича саволлар рўйхати
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигинде болып өткен баспасөз конференциясы Қарақалпақстан телеканалы "Хабар" бағдарламасында

👉👉👉 @qrdssm
РЕСПУБЛИКАЛЫҚ ЭНДОКРИНОЛОГИЯ ДИСПАНСЕРИНИҢ ЖАҢА ИМАРАТЫ АШЫЛДЫ!

Халқымызға көп жыллардан берли хызмет етип киятырған ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигине қараслы Республикалық эндокринология диспансери жаңа имаратының ашылыў мәресими болып өтти. Ашылыў мәресимине ҚР Денсаўлықты сақлаў министри М.И. Қурбанов, министр орынбасарлары ҳәм министрликтиң бас қәнигелери, республикамыздағы емлеў-профилактика мәкемелери бас шыпакерлери, эндокринология тараўында көп жыллар мийнет еткен нураный шыпакерлер, диспансердиң медицина хызметкерлери ҳәм ғалаба хабар қураллары қатнасты.

Бул диспансердиң реконструкция жумысларына жәми 6,860 миллиард сум қаржы ажыратылған болып, заманагөй әсбап-үскенелер ҳәм инвентарлар менен тәмийинленген. Имараттың биринши қабатында диспансер поликлиникасы искерлик көрсетип, сапалы медициналық тексериўлерди әмелге асырыў ушын ҳәрбир қәнигеге толық қолайлықлар жаратылған. Сондай-ақ, имараттың екинши ҳәм үшинши қабатында эндокринологиялық кеселликлер менен аўырған наўқасларды стационар шараятта емлеў ушын бир, еки ҳәм үш адамлық палаталар ажыратылған. Диспансерде наўқасларға айрықша қолайлық жаратыў мақсетинде лифт иске қосылған.

Эндокринология тараўында көп жыллық мийнет еткен нураный шыпакерлер диспансердеги жаратылған шараятлар менен таныса отырып, тараўға көрсетилип атырған бундай итибардан кеўиллери шад болды. Денсаўлықты сақлаў тараўында емлеў-профилактикалық мәкемелериниң жаңадан реконструкция етилиўи ҳәм олардың материаллық-техникалық базасының беккемлениўи наўқаслар кеўлинде саўалыўға деген үмит, ал шыпакерлер искерлигине болса айрықша күш-ғайрат бағышлаўы сөзсиз, әлбетте.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети

👉👉👉 @qrdssm