Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги
3.72K subscribers
9.42K photos
1.67K videos
21 files
3.03K links
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң рәсмий телеграм каналы — t.iss.one/qrdssm
Министрликтиң мурәжатлерди қабыллаў рәсмий телеграм бот каналы
(телеграм бот @qrdsmbot ) 24/7

Ютуб каналымыз: https://youtube.com/channel/UCps0pNq_35e1bRZuGHKsJGg
Download Telegram
Профессор А.Рахматов илажларынан көринислер

👉👉👉 @qrdssm
РӘСМИЙ МҮНӘСИБЕТ

Қарақалпақстан хабар агентлиги журналисти Адилбай Оразовтың "Мийрибийке неге жумыссыз қалды?" ( https://kknews.uz/kk/73619.html ) атамасындағы мүрәжатына ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң рәсмий мүнәсибети

Пуқара Х.Сапаева 2019-жыл 9-декабрьден Төрткул районлық медицина бирлеспесиниң 286-санлы буйрығы менен 2-санлы көп тармақлы поликлиникасына Р.Каландарованың бала тәрбиясы менен байланыслы болған дем алысына кеткен орнына ўақытша патронаж мийирбийке лаўазымына 0,5 ставкаға жумысқа қабыл етилген. 2020-жыл 26-майдан Р.Каландарова бала тәрбиясы менен байланыслы болған дем алысы тамамланып, өзиниң жумыс орнына келгеннен кейин, пуқара Х.Сапаеваның мийнет шәртнамасы бийкар етилген.

Буннан кейин Х.Сапаева 2020-жыл 7-декабрь күнинен травматология бөлими мийирбийкеси Ю.Рейимбаеваның бала тәрбиясы менен байланыслы болған дем алысына кеткен орнына 1,0 ставкаға ўақытша жумысқа қабыл етилген. Мийирбийке Ю.Рейимбаева 2021-жыл 25-январьдан бала тәрбиясы менен байланыслы болған дем алысынан өзиниң жумыс орнына келген ҳәм пуқара Х.Сапаеваның мийнет шәртнамасы бийкар етилген.

Төрткул районлық медицина бирлеспеси ҳәкимшилигине усы күнге дейинги 1220 медицина коллежиниң питкериўшилери жумыс сорап мүрәжат еткен, соннан 2020-жыл даўамында жәми 57 пуқара жумыс пенен тәмийинленген болып, солардан 11 мийирбийке тийкарғы жумыс орынға, қалғанлары бала тәрбиясы менен байланыслы дем алыстағы мийирбийкелер орнына ўақытша жумысқа қабыл етилген. Жумыс сорап мүрәжат етип атырған мийирбийкелер арасында 5-6 жылдан берли дизимде турғанлар да бар.

Пуқара Х.Сапаеваның медицина бирлеспеси ҳәкимшилигине жумыс пенен тәмийинлениў бойынша етип атырған мүрәжатлары тийисли тәртипте үйренилмекте.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигинде баспасөз конференциясы болып өтти

11-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигинде 2020-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар бойынша, сондай-ақ тараўдағы жаңалықларға байланыслы баспасөз конференциясы болып өтти.

Баспасөз конференциясына ҚР Денсаўлықты сақлаў министри М.И. Қурбанов ҳәм министрликтиң жуўапкер қәнигелери, ғалаба хабар қураллары ўәкиллеринен журналист ҳәм блогерлер қатнасты.

Қызғын сораў-жуўапларға толы болған конференцияда денсаўлықты сақлаў тараўындағы жетискенликлер ҳәм орын алып атырған кемшиликлер додаланды. Тараўда енгизилип атырған жаңалық ҳәм өзгерислер бойынша кең түсиниклер берилди. Сондай-ақ, келешекте Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери арасында бирге ислесиў бойынша әҳмийетли бағдарлар белгилеп алынды.

👉👉👉 @qrdssm
АГРАР ТАРАЎДАҒЫ ҲАЯЛЛАР САЛАМАТЛЫҒЫ ИТИБАРДА

Елимизде ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ең әҳмийетли бағдарлардан есапланады. Сиясий, социал-экономикалық ҳәм ислеп шығарыў тараўларында хызмет етип атырған ҳаяллардың саламатлығын қорғаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы "Аграр тараў ҳаяллары" бирлеспеси басламасы менен 3-февральдан 15 февраль аралығында аграр тараўда мийнет етип атырған ҳаяллар басшылығындағы фермер хожалықлары ҳәм мөлдек жер ийелери болған ҳаял-қызлар бийпул медициналық көриктен өткерилмекте.

Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң Беруний районлық бөлими баслығының биринши орынбасары Ф.Ешимбетова ҳәм Беруний районлық медицина бирлеспеси баслығы Д.Палванов қадағалаўында аграр тараўда хызмет етип атырған 20 дан зыят ҳаял-қызлар тар шеңбердеги медициналық көриктен өткерилди.

Оған көре, терапевт, кардиолог, эндокринолог, маммолог, гинеколог ҳәм стоматолог қәнигелер ҳәм лаборатор инструменталь, УДТ ҳәм ЭКГ тексериўлериниң нәтийжелерине қарап, тийисли усыныслар берилди.
Алыс аймақларда медициналық көриклер даўам етпекте

Қанлыкөл районында 51103 халық болып, соннан район орайынан алыс аймақта жайласқан Жайҳун аўыл пуқаралар жыйынында 2505 халық жасайды.

Республикалық медицина орайларынан келген қәнигелер ҳәм районлық медицина бирлеспеси шыпакерлери қатнасында район орайынан алыс аймақта жайласқан Жайҳун аўыл пуқаралар жыйынында 2021-жыл 11-февраль күни тереӊлестирилген медициналық көриклер өткерилди.

Қәнигелер тәрепинен жәми 113 пуқара медициналық көриктен өткерилип, оған көре пуқараларда 25 тен аслам кеселликлер анықланды. Соннан 30 адамға амбулатор шараятта, 5 адамға стационар шараятта ем буйырылды.

Д.Нурымбетова,
Қанлыкөл РМБ баслығы

👉👉👉 @qrdssm
ТАШКЕНТЛИ ҚӘНИГЕЛЕР ӘМЕЛИЙ ЖӘРДЕМ КӨРСЕТТИ

ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң тапсырмасы менен Ташкент ўәлаяты денсаўлықты сақлаў басқармасы баслығының Аналық ҳәм балалықты қорғаў бойынша орынбасары Феруза Рахматуллаева ҳәм ҚР Денсаўлықты сақлаў министриниң Аналық ҳәм балалықты қорғаў бойынша орынбасары Акмал Асқаров басшылығында Нөкис районлық медицина бирлеспесинде Қарақалпақстан Республикасының барлық қала ҳәм районлық медицина бирлеспеси баслықларының аналық ҳәм балалықты қорғаў бойынша орынбасарлары ҳәм бас акушер-гинекологларына көргизбели семинар өткерилди. Онда көп тармақлы поликлиникалардағы «Ҳаяллар мәсләҳәтханасы» бөлими, «Қызлар саламатлық орайы» ҳәм «Перинатал скрининг ханасы»ның тийисли үскенелер менен тәмийинлениўи ҳәм онда алып барылатуғын искерлик туўралы мастер класс сабақлары болды.