Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы Баспасөз орайы
427 subscribers
1.63K photos
310 videos
395 links
Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы Баспасөз орайының рәсмий Телеграм каналы

Telegram 👇
https://t.iss.one/qr_saylaw2024

Телефон 551085913
Download Telegram
Орайлық сайлаў комиссиясының нәўбеттеги мәжилиси болып өтти

Бүгин, 25-август күни Орайлық сайлаў комиссиясының нәўбеттеги жыйналысы болып өтти. Мәжилисти комиссия баслығы З.Низамходжаев басқарып барды.

Илажда Орайлық сайлаў комиссиясы ағзалары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўде коронавирус инфекциясы (COVID-19) тарқалыўының алдын алыў бойынша Инструкцияны тастыйықлаў мәселеси, Өзбекстан Республикасының сырт еллердеги дипломатиялық ўәкилханалары және консульлық уйымлары жанында сайлаў участкаларын дүзиў, сондай-ақ, ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин аккредитациядан өткериў сыяқлы мәселелер көрип шығылды.

Мәжилиске 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясы баслығы У.Жалменов ҳәм комиссия ағзалары «Zoom» платформасы арқалы онлайн тәризде қатнасты.

1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясы Баспасөз орайы.

Каналымызға ағза болың
👉 @saylaw_2021
Марказий сайлов комиссиясининг навбатдаги мажлиси бўлиб ўтди

Бугун, 25 август куни Марказий сайлов комиссиясининг навбатдаги йиғилиши бўлиб ўтди. Мажлисни комиссия раиси З.Низамходжаев олиб борди.

Тадбирда Марказий сайлов комиссияси аъзолари томонидан Ўзбекистон Республикаси Президенти сайловини ўтказишда коронавирус инфекцияси (COVID-19) тарқалишининг олдини олиш бўйича Йўриқномани тасдиқлаш масаласи, Ўзбекистон Республикасининг хорижий давлатлардаги дипломатик ваколатхоналари ва консуллик муассасалари ҳузурида сайлов участкаларини тузиш, шунингдек, оммавий ахборот воситалари вакилларини аккредитациядан ўтказиш каби масалалар кўриб чиқилди.

Мажлисда 1-Қорақалпоғистон округ сайлов комиссияси раиси У.Жалменов ва комиссия аъзолари «Zoom» платформаси орқали онлайн тарзда иштирок этди.

1-Қорақалпоғистон округ сайлов комиссияси Матбуот маркази.

Каналимизга обуна бўлинг
👉 @saylaw_2021
Президент сайловини ўтказишда коронавирус тарқалишининг олдини олиш бўйича Йўриқнома тасдиқланди

Бу ҳақда Марказий сайлов комиссиями ахборот хизмати маълум қилди. Йўриқномага мувофиқ:

● Сайлов округлари ва участкаларида, овоз бериш хоналарида сайлов комиссияси аъзолари, сайловчилар, кузатувчилар ва ОАВ вакиллари: ҳароратни ўлчаш учун термометр, пирометр; ҳимоя ниқоби; бир марталик тиббий қўлқоп (сайлов комиссияси аъзолари учун); антисептик суюқлик (санитайзер) каби ҳимоя ва профилактика воситаларидан фойдаланишлари талаб этилади.

● Сайлов жараёни иштирокчилари ҳимоя ниқобидан фойдаланиши; қўл бериб саломлашиш ёки тўғридан-тўғри контактга киришишнинг бошқа шаклларидан сақланиши; ижтимоий масофага риоя қилиши лозим. Округ ва участка сайлов комиссиялари жойлашган биноларнинг кириш қисмида ва овоз бериш хонасида ижтимоий масофани сақлаш учун 1,5–2 метр оралиқ масофани белгиловчи ҳамда ҳаракатланиш йўналишини кўрсатувчи чизиқлар бўлиши лозим.

● Округ ва участка сайлов комиссиялари жойлашган биноларга бириктирилган тиббиёт ходими сайлов комиссиялари биноларининг кириш қисмида ташриф буюрувчиларнинг тана ҳароратини ўлчайди, антисептик восита билан қўлларини дезинфекция қилади ва ҳимоя ниқобида бўлишини назорат қилади, заруратига кўра ҳимоя ниқоби беради.

● Участка сайлов комиссиялари аъзолари иш фаолиятини амалга оширишида шахсий ҳимоя воситалари (ҳимоя ниқоби, антисептик воситалар)дан фойдаланишлари шарт.

● Сайлов куни овоз бериш бошланишидан камида олти соат олдин барча участка сайлов комиссияларининг овоз бериш бинолари ва хоналари дезинфекция қилинади.

● Сайлов участкаси «қизил» ёки «сариқ» ҳудудга тўғри келган тақдирда комиссия аъзолари иш фаолияти давомида мажбурий фойдаланиши учун ҳимоя воситалари билан таъминланади. Унга кўра, тааллуқлилиги бўйича: махсус комбинезон, халат; нафас олиш тизимини ҳимоя қилиш учун — тиббий ниқоб; кўриш аъзоларини ҳимоя қилиш учун — юз учун пластмассали ниқоб; қўлларни ҳимоя қилиш учун — тиббий қўлқоп; қўл ва юз терисини дезинфекцияловчи воситалар, эритмалар, таркибида хлор ва спирт бўлган маҳсулотлар.

● Сайловчилар ва сайлов жараёни бошқа иштирокчиларининг тана ҳарорати 37 градус ва ундан юқори бўлган тақдирда улар овоз бериш хонасига киритилмайди.

● Бунда, тана ҳарорати 37 градус ва ундан юқори бўлган сайловчилар учун алоҳида ажратилган жойларда (бинонинг кириш қисми ва бошқалар) икки нафар участка сайлов комиссияси аъзоси ҳозирлигида кўчма сайлов қутилари ва кабиналаридан фойдаланган ҳолда яширин овоз бериш ҳуқуқи таъминланади.

● Коронавирус инфекциясидан уй шароитида даволанаётган сайловчининг турган (яшаш) жойида овоз бериш ташкил этилади.

● Сайловчи ва комиссия аъзолари ўртасида ижтимоий масофа сақланган ҳолда сайловчининг шахси аниқланади, сўнг комиссия аъзоси сайловчига целлофан пакетга солинган тўпламни ва имзо қўйиши учун сайловчилар рўйхатидан кўчирмани беради. Сайловчи ниқоб ва қўлқопни таққан ҳолда сайлов бюллетенини олганлиги ҳақида сайловчилар рўйхати кўчирмасига имзо қўяди. Сайловчига яширин овоз бериш ҳуқуқи таъминланади. Шундан сўнг, сайловчи сайлов бюллетенини кўчма сайлов қутисига ташлайди.

● Коронавирус инфекциясидан стационар даволаш муассасаларида даволанаётганлар ва ушбу масканларнинг ишчи-ходими бўлган сайловчиларнинг овоз беришини ташкил этиш учун ушбу муассасаларда сайлов участкалари тузилиши мумкин. Яширин овоз беришни ташкил қилиш учун ушбу тоифадаги биноларда кўчма овоз бериш кабиналаридан фойдаланилади.

● Барча овоз бериш биноларида овозларни санаб чиқишда дастлаб комиссия аъзолари қўлларини ва овоз бериш қутилари дезинфекция қиладилар, сўнгра санаш жараёнини ижтимоий масофа сақланган ҳолда амалга оширади, бунда ҳозир бўлган сиёсий партияларнинг ваколатли вакиллари, кузатувчилар ва оммавий ахборот воситалари вакиллари ҳам тиббий ниқобдан фойдаланишлари ва ижтимоий масофага риоя қилишлари керак.

1-Қорақалпоғистон округ сайлов комиссияси Матбуот маркази.

Каналимизга обуна бўлинг
👉 @saylaw_2021
Президент сайлаўын өткериўде коронавирус тарқалыўының алдын алыў бойынша Инструкция тастыйықланды

Бул ҳаққында Орайлық сайлаў комиссиясы мәлимлеме хызмети хабар берди. Инструкцияға муўапық:

● Сайлаў округлери ҳәм участкаларда, даўыс бериў бөлмелеринде сайлаў комиссиясы ағзалары, сайлаўшылар, бақлаўшылар ҳәм ҒХҚ ўәкиллери: температураны өлшеў ушын термометр, пирометр, қорғаныў нықабы, бир мәртелик медициналық қолғап (сайлаў комиссиясы ағзалары ушын), антисептикалық суйықлық (санитайзер) сыяқлы қорғаў ҳәм профилактикалық затлардан пайдаланыўы талап етиледи.

● Сайлаў процеси қатнасыўшылары қорғаныў нықабынан пайдаланыўы, қол берип сәлемлесиў ямаса тиккелей контактке кирисиўдиң басқа формаларынан сақланыўы, социаллық аралыққа әмел етиўи керек. Округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссиялары орналасқан имаратлардың кириў бөлиминде ҳәм даўыс бериў бөлмесинде социаллық аралықты сақлаў ушын 1,5-2 метрлик аралық қашықлықты белгилеўши және ҳәрекетлениў бағдарын көрсетиўши сызықлар болыўы зәрүр.

● Округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссиялары орналасқан имаратларға бириктирилген медицина хызметкери сайлаў комиссиялары имаратларының кириў бөлиминде келиўшилердиң дене температурасын өлшейди, антисептикалық затлар менен қолларын дезинфекциялайды ҳәм қорғаныў нықабында болыўын қадағалайды, зәрүрликке қарай қорғаныў нықабы бериледи.

● Участкалық сайлаў комиссиялары ағзалары жумыс процесинде жеке қорғаныў қуралларынан (қорғаныў нықабы, антисептикалық затлар) пайдаланыўы шәрт.

● Сайлаў күни даўыс бериў басланыўынан кеминде алты саат алдын барлық участкалық сайлаў комиссияларының даўыс бериў имаратлары ҳәм бөлмелери дезинфекцияланады.

● Сайлаў участкасы «қызыл» ямаса «сары» аймаққа туўра келген жағдайда комиссия ағзалары жумыс процеси даўамында мәжбүрий пайдаланыўы ушын қорғаныў қураллары менен тәмийинленеди. Оған муўапық, тийислилиги бойынша: арнаўлы комбинезон, халат, дем алыў системасын қорғаў ушын – медициналық нықап, көриў органларын қорғаў ушын – жүз ушын пластмассалы нықап, қолларды қорғаў ушын – медициналық қолғап, қол ҳәм жүз терисин дезинфекциялайтуғын затлар, еритпелер, қурамында хлор ҳәм спирт болған затлар.

● Сайлаўшылар ҳәм сайлаў процесиниң басқа қатнасыўшыларының дене температурасы 37 градус ҳәм оннан жоқары болған жағдайда олар даўыс бериў бөлмесине киргизилмейди.

● Бунда дене температурасы 37 градус ҳәм оннан жоқары болған сайлаўшылар ушын өз алдына ажыратылған орынларда (имараттың кириў бөлими ҳәм басқалар) участкалық сайлаў комиссиясының еки ағзасы таярлығында көшпели сайлаў қутылары ҳәм кабиналарынан пайдаланған ҳалда жасырын даўыс бериў ҳуқықы тәмийинленеди.

● Коронавирус инфекциясынан үй шараятында емленип атырған сайлаўшының турған (жасаў) орнында даўыс бериў шөлкемлестириледи.

● Сайлаўшы ҳәм комиссия ағзалары арасында социаллық аралық сақланған ҳалда сайлаўшының шахсы анықланады, соң комиссия ағзасы сайлаўшыға целлофан пакетке салынған топламды ҳәм қолтаңба қойыўы ушын сайлаўшылар дизиминен көширмени береди. Сайлаўшы нықап ҳәм қолғапты таққан ҳалда сайлаў бюллетенин алғаны ҳаққында сайлаўшылар дизими көширмесине қолтаңбасын қояды. Сайлаўшыға жасырын даўыс бериў ҳуқықы тәмийинленеди. Буннан соң сайлаўшы сайлаў бюллетенин көшпели сайлаў қутысына таслайды.

● Коронавирус инфекциясынан стационар емлеў мәкемелеринде емленип атырғанлар ҳәм усы орынлардың жумысшы-хызметкери болған сайлаўшылардың даўыс бериўин шөлкемлестириў ушын усы мәкемелерде сайлаў участкалары дүзилиўи мүмкин. Жасырын даўыс бериўди шөлкемлестириў ушын усы категориядағы имаратларда көшпели даўыс бериў кабиналарынан пайдаланылады.

● Барлық даўыс бериў имаратларында даўысларды санап шығыўда дәслеп комиссия ағзаларының қоллары ҳәм даўыс бериў қутылары дезинфекцияланады, соңынан санаў процесин социаллық аралықты сақлаған ҳалда әмелге асырады, бунда сол жердеги сиясий партиялардың ўәкиллери, бақлаўшылар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери де медициналық нықаптан пайдаланыўы және социаллық аралыққа әмел етиўи керек.

1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясы Баспасөз орайы.

Каналымызға ағза болың
👉 @saylaw_2021
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Сайлаў участкаларының дизими тастыйықланды. Ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм журналистлер ушын брифинг өткерилди

«Қарақалпақстан» телеканалы «Хабар» информациялық бағдарламасы, 2021-жыл 24-август.

Каналымызға ағза болың 👉 @saylaw_2021
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы: 100 сораўға 100 жуўап

Сиясий партия деген не?

Каналымызға ағза болың
👉 @saylaw_2021
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы: 100 сораўға 100 жуўап

Өзбекстанда неше сиясий партия бар?

Каналымызға ағза болың
👉 @saylaw_2021
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Сайлаў участкаларының дизими тастыйықланғаны ҳаққындағы репортаж «Жаслар ТВ» телеканалы «Қарақалпақстан онлайн» информациялық бағдарламасының 24-август күнги санында эфирге берилди.

Каналымызға ағза болың
👉 @saylaw_2021
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына 59 күн қалды

Каналымызға ағза болың
👉 @saylaw_2021
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодекси

I бап, 3-статья. Өзбекстан Республикасында сайлаў өткериўдиң тийкарғы принциплери

Каналымызға ағза болың
👉 @saylaw_2021
Мәмлекетимиздиң сырт мәмлекетлердеги ўәкилханалары жанында 54 сайлаў участкасы дүзиледи

Толық мағлыўмат
👉 https://kknews.uz/kk/86720.html

Каналымызға ағза болың 👉 @saylaw_2021
Өзбекстандағы аймақлар кесиминде сайлаў округлери ҳәм участкаларының саны ҳаққында мағлыўмат жәрияланды

Қарақалпақстан Республикасында 1-Қарақалпақстан сайлаў округи ҳәм 656 сайлаў участкасы шөлкемлестирилген.

Каналымызға ағза болың 👉 @saylaw_2021
😷Пандемия шараятында сайлаўда қатнасыў тәртиби

😷Пандемия шароитида сайловда иштирок этиш тартиби

😷Порядок голосования в пандемии

Каналымызға ағза болың
👉 @saylaw_2021
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы: 100 сораўға 100 жуўап

Сиясий партиялардың ўәкилликли ўәкиллери дегенде кимлер түсиниледи?

Каналымызға ағза болың
👉 @saylaw_2021