QR Sanitariya-epidemiologiyalıq tınıshlıq hám jámiyet salamatlıǵı basqarması
929 subscribers
4.02K photos
489 videos
157 files
1.16K links
Rásmiy sayt https://qqses.uz
Facebook fb.me/qqses.uz
Youtube: https://www.youtube.com/@qrses-uz
Intagram: instagram.com/qqses.uz
Múrájátlar ushın бот @qrses_bot
Baylanıs ushın telefon +998612248820
Download Telegram
Қанлыкөл районы СЭТ хәм ЖС бөлими тәрепинен 15-ноябринен 15-декабрь аралығында елимизде "Өрт қәўипсизлиги айлығы" илажы өткерилиўи белгиленген.
Усы мүнәсибет пенен район ҳәкимлиги ҳәм районлық Айрықша жағдайлар бөлими, Канлыкол районы СЭТ ҳәм ЖС бөлими менен биргеликте әмелий семинар өткерилди.
Семинар даўамында ийис гази, аўқаттан зәҳәрлениў жағдайларыныӊ келип шығыўыныӊ алдын алыў бойынша профилактикалық оқыў-шынығыў илажлары алып барылмақта.
ҚР СЭТ ҳәм ЖСБ Мәлимлеме хызмети
▶️qqses.uz
Мойнақ районы СЭТ ҳәм ЖС бөлими, районлық Медицина бирлеспеси потранаж мийрибекеси ҳәм мектеп жәмәәтине YUNISEF тәрепинен Мойнақ районындағы 7-14 жас аралығындағы балалар арасында паразиьар, гелментоз кеселликлерине қарсы гүресиў, кеселликтиӊ келип шығыўыныӊ алдын алыў бойынша тарқатылыўы күтилип атырған Альбендазол 400 мг дәри препараатын сапалы тарқатыў бойынша семинар-тренинг болып өтти. ҚР СЭТ ҳәм ЖСБ Мәлимлеме хызмети
▶️qqses.uz
Шоманай районы СЭТ ҳәм ЖС бөлими тәрепинен “Халықтың азық-аўқатлық өнимлерден зәҳәрлениўи ботулизм кеселлигиниң алдын алыўда арнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўы өткерилди.

Тактикалық оқыў шынығыўы даўамында Айрықша жағдайлар бөлими, Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими хызметкерлери тәрепинен азық-аўқатлық өнимлерден зәҳәрлениўдин ең аўыр түри есапланған ботулизм кеселлиги анықланған жағдайда, кеселликтиң тарқалыўы менен байланыслы болған айрықша жағдайлардың алдын алыў, зәрүр санитариялық жумысларды шөлкемлестириў бойынша басқарыў уйымлары билим ҳәм көнликпелерин өз-ара биргеликте ислесиўин әмелиятда көрсетип берилди.
Оқыў шынығыўын өткериўден мақсет, халықтың азық-аўқатлық өнимлерден зәҳәрлениўи менен байланыслы келип шығыўы мүмкин болған АЖдың алдын алыў болып табылады. Бул профилактика жумысларин халыққа кең түрде жеткериў мақсет етип қойылды.
ҚР СЭТ ҳәм ЖСБ Мәлимлеме хызмет
▶️ qqses.uz
Қанлыкөл районы СЭТ ҳәм ЖС бөлими кәнигелери тәрепинен 19-санлы  кәнигелестирилген мектепте режели тексериў алып барылды ҳәм балалардан гелминтоз, қурт кеселликлерине  анализ алынды. Жуқпалы кеселликлер, педикулёз кеселликлерине қарсы профилактика жумыслары алып барылды.
ҚР СЭТ ҳәм ЖС басқармасы Мәлимлеме хызмети
▶️qqses.uz
🌲Давлатимиз раҳбари томонидан “Яшил макон” умуммиллий лойиҳаси доирасида кузги экиш мавсумини юқори савияда ташкил этиш юзасидан берилган топшириқлар ижросини ўз вақтида ва самарали таъминлаш бўйича Қорақалпақстон Республикаси Санитария-эпидимиологик осойишталиги ва жамоат саломатлик бошқармаси ходимлари ҳам фаол иштирок этиб келмоқдалар.
🍁Хусусан, жорий йил 20 октябрдан 1 декабргача “Долзарб 40 кунлик” кузги кўчат экиш мавсуми эълон қилинган эди.

🌳Сиз ҳам “Яшил макон” умуммиллий лойиҳасига қўшилинг ва дарахт экинг! Фақат биргаликда фарзандларимиз келажаги учун атроф-муҳитни асрашга ёрдам бера оламиз!
🌳 Қорақалпоғистон Республикаси санитария-эпидемиологик осойишталик ва жамоат саломатлиги бошқармаси Ахборот хизмати бўлими
🌱qqses.uz
Айрықша жағдайлар басқармасының Бозатаў районында болып өткен «Бозатаў районы айрықша жағдайлар мәмлекетлик системасы аймақлық ҳәм төменги дүзилмелери басқарыў органларының күш ҳәм қураллары менен командирлик – штаб оқыў шынығыўына таярлық көриў ҳәм өткериў туўрысында»ғы 21-санлы буйрығы тийкарында «Ботулизм ҳәм аўқаттан зәҳәрлениў кеселлигиниң алдын алыў ҳәм ҳалық арасында тарқалыўына жол қоймаў бойынша» оқыў шынығыў болып өтти.
ҚР СЭТ ҳәм ЖС басқармасы мәлимлеме хызмети
qqses.uz
Айрықша жағдайлар басқармасының Бозатаў районында болып өткен «Бозатаў районы айрықша жағдайлар мәмлекетлик системасы аймақлық ҳәм төменги дүзилмелери басқарыў органларының күш ҳәм қураллары менен командирлик – штаб оқыў шынығыўына таярлық көриў ҳәм өткериў туўрысында»ғы 21-санлы буйрығы тийкарында «Абылов Байрамбай» шарўашылық фермер хожалығында «Куйдирги кеселлиги ақыбетлерин сапластырыў районы Санитария жағынан ислеў бериў ҳәм ветеринарияға қарсы гүресиў хызметлери менен биргеликте ҳәрекетлери» темасында оқыў шынығыў болып өтти.
ҚР СЭТ ҳәм ЖС басқармасы мәлимлеме хызмет
qqses.uz