"ҲӘКИМ ҲӘМ ЖАСЛАР" УШЫРАСЫЎЫ ӨЗГЕШЕ ФОРМАТТА БОЛЫП ӨТТИ
Қоңырат районында жасларға байланыслы сиясаттың орынланыўын тәмийнлеў мақсетинде "Ҳәким ҳәм жаслар" ушырасыўы болып өтти. Еркин пикирлесиў, ашық-айдын сәўбет формасында өткерилген илажға район ҳәкими Б.Мадаминов, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети районлық бөлими баслығы Э.Исматов ҳәм жаслар қатнасты. Ушырасыўда район ҳәкими Б.Мадаминовтың 2024-жыл даўамында жаслар сиясаты ҳәм бағдарламалардың орынланыўы бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында есабаты тыңланды. Буннан соң жаслар менен ашық сәўбет шөлкемлестирилди ҳәм жасларды қыйнап киятырған машқалалары, пикир ҳәм усыныслары тыңланды.
Ушырасыўда бәрше жаслар атынан район басшыларына район көлеминде жасларды коллап-куўатлап олардың усыныс ҳам машқалаларын турақлы шешимин табыўдағы белсенелиги ушын миннетдаршылық билдирилди.
@qonjasnews_1

#Belsendi_jaslar_sıylıqlandı
⚡️Ushırasıw dawamında belsendi jaslar rayon hákim tarepinen xoshametlendi.