QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
13.9K subscribers
47.2K photos
4.99K videos
27 files
14.4K links
Download Telegram
🔰ДЕПУТАТЛАР ҲӘМ ИСБИЛЕРМЕНЛЕР ФОРУМЫ

¬ Өзбекстан Либерал-демократик партиясы басламасы менен “Депутатлар ҳәм исбилерменлер менен пикирлесиў” форумы шеңберинде өткерилип атырған ушырасыў Коңырат районы Жаслар ислери Агентлиги имәратында болып өтти.
Оған партияның районлық Кеңеси хызметкерлери, Қарақалпақстан Республикасы Қонырат районындағы Өзбекстан Республикасы Бас Министриниң исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы ўәкиллери, Қоңырат районы ҳәкимлиги, депутатлар, Қонырат районы мәмлекетлик хызметлер орайы, районлык Жаслар ислери Агентлиги, исбилерменлер ҳәм өз исбилерменлигин басламакшы болған жаслар ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Иләжда Қоңырат районы мәмлекетлик хызметлер орайы қәнийгеси Г.Дощанова тәрепинен исбилерменлик пенен шуғылланыўдың хуқықый тийкарлары, ҳәр бир хожалық жүритиўши субъектти мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын талап етилетуғын ҳүжжетлер соның менен бирге субсидиялар бойынша Нызамшылыкта белгиленген нормативлер хаққында кеңнен түсиниклер берилди.
Бунан соң Қарақалпақстан Республикасы Қонырат районындағы Өзбекстан Республикасы Бас Министриниң исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы канийгеси С.Сапаров сөзге шыгып бүгинги күнде қабыллаўхана тәрепинен исбилерменлердиң мүрәжатларын орынлаў бойынша алып барылып атырған жумыслар, жеке сектор тараўындагы ерисилген нәтийжелер менен бирге орынларда ушырасып атырған қәте-кемшиликлерге сын пикир билдирди.
Буннан соң «Онермент» орайы районлық бөлими баслығы А.Байжанова тәрепинен исбилерменлик, шаңарақлық бизнес ҳәм өнерментшилик пенен шуғылланыўдың әҳмийети ҳәм мәмлекетимизде өнерментлерге қаратылып атырған итибар ҳәм жеңилликлер бойынша түсиниклер берип өтти.
Буннан соң Жаслар ислери Агентлиги районлық бөлими қәнийгеси Т.Казакбаев тәрепинен жасларды қоллап-қуўатлау, әсиресе «Жаслар темир даптери»не киритилген жаслардың бәнтлигине көмеклесиў оларда исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириў, “1+1” бағдармаласы шеңберинде ҳәр бир жаска 1 гектар жойбары бойынша районда әмелге асырылып атырған иләжлар хаққында кеңнен түсиниклер берип өтти.
Буннан соң ӨзЛиДеП Қоңырат районлық Кеңеси баслығы орынбасары З.Туребаева тәрепинен исбилерменлик жумысы еркинлигин буннан былайда жетилистириў, халықтың әсиресе жумыссыз пуқаралардын бәнтлиги ҳәм дәраматын асырыўдың баслы дереги болған киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша партия тәрепинен алып барылып атырган иләжлар, лаўазымлы шаҳсларға жеке сектор тараўындағы машқалалар жүзесинен жиберилген “Депутатлык сорау”лар ҳәм олардың орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған иләжларға тоқталып өтти.
Ушырасыў соңында “1+1 бағдарламасы” тийкарында оқыў курсларын тамамлаған жасларға ӨзЛиДеП китапханасынан орын алған мийуе, овощ ҳәм палыз өнимлерин жетилистириў, жерди егиўге таярлаў, егин мүддети ҳәм егиў схемасы, егинлерди зыянкеслерге қарсы гүресиў ҳәм оларды жыйнап алыу технологиясы, сондай-ақ 1 жыл даўамындағы экономикалық көрсеткишлер бойынша мағлыўматларды өз ишине қамтыған көрсетпе қураллары тарқатылды, сондай-ақ Қоңырат районы мәмлекетлик хызметлер орайы қәнийгелери тәрепинен сол жердиң өзинде жас исбилерменлерди көшпели мәмлекетлик дизимнен өткериў шөлкемлестирилди.


Қоңырат районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети. 👉👉@qongiratrkuz👈👈
https://kknews.uz/kk/75044.html
«ТЕМУРБЕКЛЕР МЕКТЕБИ» ӘСКЕРИЙ-АКАДЕМИЯЛЫҚ ЛИЦЕЙИ АШЫЛДЫ

Каналымызға қосылың👇
https://t.iss.one/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
#🚦⚠️

Өзбекстан Қорғаныўына Көмеклесиўшы «Ватанпарвар» шөлкеми Қоңырат районлық шөлкеминиң жол ҳәрекети қағыйдаларына арналған «Қәўипсиз жол ҳәрекети» атлы сәўбетлесиў кешеси болып өтти. Кешеде Қоңырат районы руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлим баслығы У.Тилеумуратова Б.Саклапов, М.Даулетназаров, Б.Бекмуратов,
К.Садиков, И.Акимниязовлар сөзге шығып, қатнасыўшыларга бир канша өз түсиниклерин алып барды.

Қоңырат районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети. 👉👉@qongiratrkuz👈👈
🌈Қоңырат районы Қарақалпақстан ППЖ да Азия раўажландырыў банкиның "Орайлык Азия аймақлық экономикалық бирге ислесиў" жойбары шеңберинде аймақлық ҳәм Евразия базарларына шығатуғын жол коридорларын жаратыў бойынша "Коридор 2" Қарақалпақстан Республикасы автомобил жолларын раўажландырыў"ири жойбарының Дәстүрине муўапық автомобил жоллары қурылысы ҳәм оны тиклеўди қоллап- куўатлаў бойынша искерлик әмелге асырылады ҳәм жол инфруктурасын жақсылаў,саўда орайларын раўажландырыў арқалы экономиканың раўажланыўына ҳәм жумыс орынларынығ жаратылыўына тийкар болады. Бул жойбар бойынша аймақтан 117 жумыссыз ҳаял-қызлар "Өз исбилерменлигинди басла" оқыў курсларында оқытылды. Өткерилген сәўбетте ҳаял-қызлар исбилерменликти баслаўы ушын банк,хызметлер орайы,салық инспекциясы хызметкерлери тәрепинен консалтинг хызметлери көрсетилди ҳәм республикамыздағы ири исбилермен ҳаяллардың баҳалы пикирлери менен мотивация берилди.
Илажда Өзбекстан "Тадбиркор аёл" бирлеспеси жойбар менеджери Ш.Мирзаева,Қарақалпақстан Республикасы "Тадбиркор аёл" бөлими баслығы Н.Елибаева, Қарақалпақстан Республикасы "Хунарманд" басқармасы баслығы Д.Алламбергенова , Төрткул районы "Аяз юрт" шаңараклық карханасы баслығы Д.Каримбердиева хам Қанлыкөл районынан" Қанлыкөлли Тазагул" шаңараклық карханасы баслығы Т. Төремуратовалар қатнасты.

Қоңырат районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети. 👉👉@qongiratrkuz👈👈