QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
9.22K subscribers
45.4K photos
4.73K videos
27 files
13.7K links
Download Telegram
Қоңырат районы ҳәкимлигиниң рәсмий жуўабы

Қоңырат районы суў тармақлары филиалы "Өрнек" АПЖ Қазақ аўылы аймағындағы мүрәжатшыларға төмендегилерди мәлимлейди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 9-апрелдеги "Азия раўажланыў банки қатнасында "Өзбекстанның батыс тәрепинде ишимлик суўы тәмийнаты системаларын раўажландырыў жойбарын әмелге асырыў ис-илажлары ҳаққындағы ПҚ-42 71-санлы қарарына муўапық 2021-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасының Әмиўдәрья, Беруний, Қараөзек, Қоңырат, Нөкис ҳәм Мойнақ районларындағы халықтың ҳәм де хожалық жүритиўши субъектлерин сыпатлы ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаў мақсетинде Азия раўажланыў банки тәрепинен муғдары 172,3 млн АҚШ доллар болған жойбарды әмелге асырыў белгиленгенлигин ҳәм де соннан жойбар шеңберинде Қоңырат районында "Өрнек" АПЖ Қазақ аўылы аймағына жәми 9,6 км ишимлик суў қубырларын тартыў жумысларын алып барыў, тийисли бағдарламаға киргизилгенлиги ҳәм аймаққа ишимлик суў тармағын тартыў жумысларын алып барылатуғынлығын мәлимлеймиз.

@qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик тилди раўажландырыў Департаменти баслығы Қарақалпақстан Республикасында бoлды.

Хабар бағдарламасынан репортаж.

@qongiratrkuz
❇️ "Mеҳир-саҳоват» көкирек нышаны берилди

Қоңырат районы Мәҳәлле ҳәм шаӊарақты қоллап-қуўатлаў бөлими тараўларында хызмет етип атырған бир қатар хызметкерлер пандемия дәўириндеги белсендилиги, бийғәрез инсаныйлық жәрдемлер көрсетиўдеги үлеслери ушын Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 26-майдағы Пәрманы тийкарында шөлкемлестирилген "Mеҳир-саҳоват» көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Сыйлықлаў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаӊарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов ҳәм де Қоңырат районы ҳәкиминиң орынбасары Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлим баслығы А. Ембергенов, мәкеме, шөлкем басшылары қатнасты.

С.Турманов тараў белсендилерине көрсетип киятырған хызметлери ушын өз алғысын билдирип, тапсырылған көкирек белгисин Президентимиздиң бәршемизге билдирген үлкен исеними, деп атап өтти.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

@qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
1-dekabr-- Qaraqalpaq tili bayramı kúni

Qońırat rayonı XBBne qaraslı 47-sanlı ulıwma bilim beriw mektebiniń Qaraqalpaq tili hám ádebiyatı páni oqıtıwshısı Bekniyazova Aygul Ubbiniyazovnanıń "Ana tilim-maqtanıshım" temasında tayarlaǵan videoroligi

@qongiratrkuz
Қоңырат районы ҳәкимлигиниң рәсмий жуўабы

Социаллық тармақларда тарқалған "Хорезм" АПЖ турғынларының мүрәжаты бойынша район ҳәкимлиги төмендегилерди мәлимлейди.

"Ҳудудгаз Қарақалпақстан" СТФ "Қоңыраттумангаз" газ тәмийнаты бөлими, Сизге Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2015-жыл 7-июль күнги ПП-2367 қарары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2015-жыл 7-августтағы " Халықты тәбийий газ бенен тәмийинлеўди жәнеде жақсылаў, тәбийий газ тәмийнаты жетиспеўшилиги болған аймақлардағы халықты суйылтырылған газге масластырыў ҳәм де табийий газ бенен турақлы тәмийинленетуғын аймақларды жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы 197-санлы қарары ҳәм Қоңырат районы ҳәкиминиң 2015-жыл 15-июнь күнги 49-б санлы бийлигине тийкар "Хорезм" АПЖ аймағына газ басымы толық жетип бармағанлығы себепли 2015-жылы газ тармағынан ажыратылып суйылтырылған газ баллонға масластырылды. "Хорезм" АПЖ аймағында тәбийий газ тармақлары демонтаж қылынғанлығын мәлимлеймиз. Ҳәзирги күнде "Хорезм" АПЖ аймағында жасаўшы 631 хожалық 1163дана суйылтырылған газ баллоны менен тәмийинленгенлигин билдиремиз.

@qongiratrkuz
Тезкор хабар!

Гидрометеорология маркази хабар бермоқда

Ўзбекистон Республикаси Гидрометеорология хизмати марказининг 2020 йил 16 ноябрь кунидаги тақдим этган 380-01/608-сонли ахборот хабарномасига асосан, жорий йилнинг 18-20 ноябрь кунлари Россия федерацияси Урал ҳудудида ҳосил бўлган совуқ ва нам ҳаво оқими ғарбий Қозоғистон Республикаси орқали Ўзбекистон Республикаси ҳудудига кириб келиши кутилмоқда, яъни:
18-20 ноябрь кунлари Республиканинг барча жойларида ҳаво ҳарорати пасайиб кечаси -10-15 даража бўлиши кундузи 0-5 даража бўлиши кутилмоқда.
Кутилаётган кучли шамол ва совуқ ҳарорати чорва молларини яйловларда парвариш қилиш ва сақлашда, автотраснспорт воситаларининг ҳаракати, алоқа ташкилотлари, коммунал ва энергетика хизматлари фаолиятини мураккаблаштириши мумкин.
Мазкур маълумотни инобатга олган ҳолда, содир бўлиши мумкин бўлган Фавқулодда вазиятларнинг олдини олиш ва юзага келганда уларнинг оқибатларини бартараф ва хавфсизликни таъминлаш мақсадида, қуйидаги тезкор чора-тадбирларни амалга оширишни ташкил этиш сўралади.
Жорий йилнинг 18-20 ноябрь кунлари туман ҳудудида ФВДқТ- хизматлари тасарруфидаги куч ва воситаларнинг кеча-ю кундуз навбатчилиги ташкил этилиб уларнинг юкори тайёргарлиги таъминлансин.
Об-ҳавонинг кескин ўзгариши билан боғлиқ бўлган фавқулодда вазиятларни олдини олиш содир бўлганда зудлик билан бартараф этиш мақсадида туман ФВДТ хизматлар тасаррафидаги техник воситалар, асбоб-анжомлар ва жиҳозларнинг ҳамда тиббиёт муассасаларидаги қўшимча жойлар тиббиёт воситалари ва дори-дармонларнинг захиралари қилиниши, тез тиббий ёрдам бригадалари, йиғма механизациялашган отрядларининг шайлиги уларнинг ёқилғи мойлаш махсулотлари билан таъминланганлиги назоратга олинсин.
Тезкор вазиятлар тўғрисида аниқ маълумотлар ҳар соатда вазиятнинг кескин ўзгариши ҳолларида зудлик билан туман Фавқулодда вазиятлар бўлими тезкор навбатчисига
61 312 00 11
61 312 30 07
61 313 30 01
телефонлари орқали хабар берилишини таъминлашингизни сўраймиз.

Туман Фавқулодда вазиятлар
бўлими

@qongiratrkuz
Жазаларынан мүддетинен бурын шәртли түрде азат етилди

Суд-ҳуқық тараўы системасын демократластырыў ҳәм еркинлестириў, суд, ҳуқықты қорғаўшы ҳәм қадағалаў органлары искерлиги нәтийжелилигин асырыў, ҳалықтың әдил судлаўға болған исенимин асырыў, жәмийетте нызам үстемлигин тәмийнлеў ҳәм нызамлылықты беккемлеў мақсетинде суд ҳәкимиятының ғәрезсизлигин, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлериниң исенимли қорғалыўын тәмийнлеў, сондай-ақ әдил судлаўға ерисиў дәрежесин асырыў суд-ҳуқық системасын жәнеде раўажландырыў тараўында мәмлекет сиясатының баслы жөнелиси етип белгиленген.
Мәмлекетимиз сиясатында кеширимлилик әзелден кең қолланылып келинген болып, кешириў-бул инсандағы пазыйлетлердиң ең үлгили ҳәм инсанлардың бир-бирине болған ҳүрметин асыратуғын ҳәрекет есапланады.
Ҳәзирги ўақытта жазасын өтеп атырған шахсларға инсаныйлық принципине тийкар Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 73-статьясы талаплары тийкарында мүддетинен алдын жазадан шәртли түрде азат етиў бойынша ИИУ Пробация топарлары тәрепинен киритилген усыныслар көрип шығылмақта.
Сол тийкарда, 2020-жылдың 11-ноябрь күни жынаят ислери бойынша Қоңырат районы судында Қоңырат районы Ишки ислер уйымлары Пробация топары тәрепинен киритилген усыныс көрип шығылды, келтирилген усыныста, Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң бир қатар статьялары менен айыплы деп табылып тийисли жазаларын өтеп атырған 5 шахсқа инсаныйлық принципи қолланылды.
Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 73-статьясында судланған шахс жазаны өтеў дәўиринде орнатылған тәртип-қағыйда талапларын орынлаған ҳәм мийнетке ҳадал қатнасықта болған жағдайларда жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли түрде азат етилиўи мүмкинлиги көрсетилген.
Қоңырат районы ИИУ Пробация топары тәрепинен киритилген усыныс усы суд тәрепинен нызам талаплары бойынша терең, тийисли тәртипте үйренип шығылып, судланған шахслардың жазасын өтеў дәўиринде ислеген жынаятларының ақыбетлерин түсинип жеткенлиги, дүзелиў жолына кирип, социаллық мийнетке болған қатнасығы унамлы тәрепке өзгергенлиги, орнатылған тәртип-қағыйда талапларын орынлап, мийнетке ҳадал мүнәсийбетте болғанлығы себепли жазаларынан мүддетинен алдын шәртли түрде азат етилди.
Судлардың бүгинги күндеги ўазыйпасы жазалаўшы орган емес, ал нызамлылықты тәмийнлеў ҳәм пуқараларды Конституция ҳәм нызамларға бойсыныў руўҳында тәрбиялаў баслы ўазыйпа екенлиги ҳақыйқат.

Жынаят ислери бойынша
Қоңырат районы суды судьясы: Е.Бердиев

@qongiratrkuz
ЖПХ инспекторының нызамлы талабына бойсынбаў ақыбети
Пүткил дүнья жүзи бойлап белгиленген арнаўлы стандарт бойынша жол ҳәрекети қағыйда Тары ислеп шығылған болып, бул қағыйдалар инсан өмири ҳәм ден-саўлығы, сондай-ақ жол ҳәрекетин тәртипке салып турыў ушын ислеп шығылған.
Транспорт басқарыўшыларының автотранспортларды жолларда топарласып басқарып жүриўлери тек ғана өзлерине емес, ал басқада жол ҳәрекети қатнасыўшылырының өмирине ҳәм ден-саўлығына қәўип туўдырады. Бул ҳаққында ғалаба хабар қураллары арқалы тез-тезден көрсетиўлер, үгит-нәсият жумыслары ҳәм ўақыя орынларынан репортажлар таярланып көрсетилиўине қарамастан бизиң ўақыямыз қаҳарманы жол ҳәрекети қағыйдаларын бузып ғана қоймастан, усы нызамбузыўшылық жағдайын сапластырмақшы болған мәмлекет ўәкилине қарсылықта көрсеткен.
Судланыўшы Рустем (аты өзгертилди) 2020-жылдың 15-февраль күни саат 15:00лерде Қанлыкөл районы аймағынынан өтиўши А-380 «Гүзар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» асфальт жолында, бир тəреплеме жолдың Қанлыкөл районынан Нөкис қаласына басқарыў тəрепинде, “SPARK” автомашинасын той сейилинде жол ҳәрекети қағыйдасын бузып басқарып баратырғанда, ИИБ ЖҲҚТ мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлик аға инспекторы усы асфальт жол арқалы өзиниң басқарыўындағы “Нексия” автомашинасын Нөкис қаласына басқарып баратырып, жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде оны тоқтатып, автомашинаның тийисли ҳүжжетлерин ҳәм айдаўшылық гүўалығын сорағанында, айдаўшы тәрепинен ҳеш қандай ҳүжжетлер усынылмай тийкарсыз ўақыт созғаны ҳәм ҳәкимшилик ҳуқықбузарлыққа жол қойғанлығы ушын, оның қарсысына Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекс талапларына тийкар ҳәкимшилик протокол рәсмийлестирип, хызмет ўазыйпасын орынлап автомашинаны ўақтынша сақлаў орнына алып бармақшы болғанында, оның нызамлы талапларына бойсынбай ИИБ хызметкерин сөгип актив қарсылық көрсетип, оның менен айқасып атырып жерге жығылып түсиўи нәтийжесинде мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлик инспекторының қолының бармағы сынып кеткен, суд-медицина экспертизасының жуўмағына көре ИИБ хызметкериниң денсаўлығына “орта” дәрежедеги дене жарақаты жеткизилген, яғный хызмет ўазыйпасын атқарып атырған ҳәкимият ўәкилиниң нызамлы ҳәрекетлерине актив қарсылық көрсеткен.
Судланыўшы Рустем жоқарыдағы жынайый ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниӊ 219-статьясы 1-бөлиминде нәзерде тутылған жынаятты қастан ислеген.
Суд мәжилисинде, судланыўшы Рустем айыбын толық мойынлап қылған исинен шын кеўилден пушайман болғанын, жәбирлениўшиден кеширим сорағанын, жәбирлениўшиге келтирилген зыянларды толық қаплап бергенин, алдын жынайый жуўапкершиликке тартылмаған ҳәм судланбағанын, жасаў жеринен унамлы минезлемеге ийе екенин жазасын жеңиллестириўши тәреплери деп таўып, оған ӨзР ЖКниң 219-статьясы 1-бөлими менен айлық ис ҳақысының 10% мәмлекет дәраматына услаў жолы менен 1 (бир) жыл мүддетке дүзетиў иси жазасы тайынланды.

Жынаят ислери бойынша Қоңырат
районы судының судья жәрдемшиси К.Хожалепесов
@qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Qońırat rayonı XBBne qaraslı 38-mekteptiń qaraqalpaq tili hám ádebiyati páni oqıtıwshısı Seytmuratova Miyirbanniń Qaraqalpaq tiline til biyligi berilgenligine 31 jıl tolıwı múnásibetine tayarlaǵan videoroligi

@qongiratrkuz