QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
14.8K subscribers
46.7K photos
4.93K videos
27 files
14.2K links
Download Telegram
#Live

  Гүз -қыс  мәўсиминде жүз берип атырған айрықша жағдайлардың тийкарғы бөлеги энергия ресурсларынан пайдаланыў қағыйдаларының бузылыўы менен байланыслы.

♨️Пуқаралардың газ ҳәм көмир, отын ҳәм басқа жанылғы түрлеринен пайдаланғанда қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етпеўи, стандартқа жуўап бермейтуғын яки сертификатқа ийе болмаған ысытыў үскенелеринен пайдаланыўы, морыларды надурыс орнатыў ҳәм өз ўақтында техникалық көриктен өткермеўи  кеўилсиз жағдайларға себеп болып атыр.

    Гүз- қыс мәўсимин шығынсыз өткериў, жүз бериўи мүмкин болған өрт, газ ҳәм ҳаўа араласпасының шақнаўы ҳәм  газден зәҳәрлениўдиң алдын алыў мақсетинде исши топар тәрепинен халық арасында үгит-нәсият күшейтилмекте.

Энергия ресурсларын үнемлеў, қәўипсизлик қағыйдаларын жуўап бермейтуғын жасалма үскенелерден пайдаланыўға шек қойыў, өрт ҳәм техника қәўипсизлигин тәмийнлеў мақсетинде мекеме ҳәм кәрханаларда рейд жумыслары алып барылмақта.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
#Live

Ma'rifat Karvoni Qo'ng'irot tumanida

    📌 2-15-dekabr kunlari  Qoraqalpog‘iston Respublikasida "Tamaddun, madaniyat va ma'rifat" mavzusida "Ma'rifat karvoni" ilmiy-ma'rifiy targ‘ibot tadbirlari tashkil etilmoqda.

      🔰Mazkur tadbirlar doirasida hududdagi aholini ma’naviy-ma’rifiy jihatdan qo‘llab-quvvatlash, yosh avlodning intellektual salohiyatini oshirish va ularni zamonaviy bilimlar bilan boyitishga qaratilgan turli uchrashuvlar, seminarlar va madaniy dasturlar tashkil etilishiń rejalashtirilgan.

     ❇️Bugungi ushbu tadbirlar doirasida Qo'ng'irot tumani 35-sonli maktabda "Zamonaviy yoshlar – taraqqiyot drayveri" mavzusida  uchrashuv bo‘lib o‘tmoqda. Uchrashuvda  pedagoglar va yoshlar ishtirok etmoqda. Tadbir davomida zamonaviy yoshlarning jamiyat rivojidagi o‘rni, ularning innovatsion g‘oyalari va tashabbuslari orqali mamlakat taraqqiyotiga qo‘shayotgan hissasi muhokama qilinmoqda..

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
#Live

Қоңыратлы актёрлар пайтахтлыларға спектакль усынбақта

⚡️Қоңырат районлық Мәденият бөлими жанындағы Әбдираман Өтепов атындағы халық театры жәмәәти Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы драма театрында Кеңесбай Рахмановтың "Ынжықтың муҳаббаты" спектаклин усынбақта.
Жас режиссёр Севара Аллиярова тәрепинен қайта сахналастырылған бул спектакль актёрлардың шеберлиги ҳәм күшли таярлықтың нәтийжесинде пайтахтлытамашагөйлер тәрепинен жоқары кейпиятта күтип алынбақта.

Театр- бул бир жерде тоқтап турмайтуғын дөретиўшилик излениў.
Бүгинги шығарма да өмирдеги ең баслы нәрсе - бул ақ қеўиллилик, пәклик, ҳүждан, сап муҳаббат, әтираптағыларға жақсылық ислеў екенлигин және бир мәрте еслетеди. Театр жәмәәти жыл даўамында және усындай  мазмунлы ҳәм қызықлы спектакльлерди тамашагөйлер нәзерине усыныў нийетинде.

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
#Live

Qońıratta «Analarǵa húrmet» atamasında bayram ilajı shólkemlestirilmekte

8-dekabr – Ózbekstan Respublikası Konstitutciyası qabıl etilgen kún hám máhálledegi jaslar jetekshisi lawazımı engizilgenine 3 jıl tolıwı múnásibeti menen «Analarǵa húrmet» atamasında bayram ilajı shólkemlestirilmekte.

Bayram ilajında máhálle jaslar jetekshileriniń anaları miymanda bolıp, olarǵa Qońırat rayonı hákimligi tárepinen minnetdarshılıq bildirildi.

Bizdi sociallıq tarmaqlarda baqlap barıń:

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
#Live

Мәмлекетлик байрақ - мақтанышымыз

"Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы ҳаққында"ғы нызамның қабыл етилгенлигине 32 жыл толыўы мүнәсибети менен Қоңырат районында да түрли илажлар өткерилмекте.  Мәденият сарайында болып өткерилиа атырған илажда тастыйықлап өтилгениндей, мәмлекетлик белгилер ҳәр бир мәмлекеттиң суверинитетин ҳәм ғәрезсизлигин сәўлелендириўши муҳаддес тымсаллар.
Илажды Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими баслығы Умида Тилеўмуратова ашты ҳәм жыйналғанларды байрам менен қутлықлады.
Байрам салтанатында сөзге шыққанлар тәрепинен "Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы ҳаққында"ғы нызамның мазмун- әҳмийетине тоқтап өтилди.
  Мәмлекетлик байраққа үлкен ҳүрмет пенен мүнәсибетте болыў, оннан нызам талапларына сай пайдаланыўымыз лазымлығы айтылмақта.
Илаж қатнасыўшыларының нәзерине көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы усынылмақта.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
#Live
#Жаңа_жыл_нәпеси

🎄Қоңырат районында жасаўшы Афған урысында қатнасқан ветеранлар жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен райондағы абаданластырыў басқармасы хызметкерлерине байрам саўғаларын берип, жақынлап киятырған жаңа жыл байрамы менен қутлықлады. Оларға ыссы кофелер тарқатылып, шын кеўилден саўбет алып барылмақта.
___

Қўнғирот туманидаги яшовчи Афғон уришида қатнашган ветеранлар янги йил байрами муносабати билан тумандаги ободонлаштириш бошқармаси ходимларига байрам совғаларини улашиб, яқинлашиб келаётган янги йил байрами билан табриклади. Уларга иссиқ кофелар тарқатилиб, чин кўнгилдан суҳбатлашмоқда.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook