QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.17K subscribers
45.7K photos
4.78K videos
27 files
13.9K links
Download Telegram
Мәмлекетлик байрақ - мақтанышымыз

"Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы ҳаққында"ғы нызамның қабыл  етилгенлигине 32 жыл толыўы мүнәсибети менен Қоңырат районында да түрли илажлар өткерилмекте.  Мәденият сарайында болып өткен салтанатлы илажда тастыйықлап өтилгениндей, мәмлекетлик белгилер ҳәр бир мәмлекеттиң суверинитетин ҳәм ғәрезсизлигин сәўлелендириўши муҳаддес тымсаллар.
Илажды Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими баслығы Умида Тилеўмуратова ашты ҳәм жыйналғанларды байрам менен қутлықлады.
Байрам салтанатында сөзге шыққанлар тәрепинен "Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы ҳаққында"ғы нызамның мазмун- әҳмийетине тоқтап өтилди.
  Мәмлекетлик байраққа үлкен ҳүрмет пенен мүнәсибетте болыў, оннан нызам талапларына сай пайдаланыўымыз лазымлығы айтылды.
Илаж қатнасыўшыларының нәзерине көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы усынылды.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Газден зәҳәрлениўден абайлаң!


Ҳәр жылы гүз-қыс мәўсиминде ҳалық арасында газден зәҳәрлениў ҳәм тилекке қарсы, қайтыс болыў жағдайлары ушыраспақта.

Бундай жағдайлар жүз бермеўи ушын үйлерди бәрҳулла самаллатыў, морыларды тазалаў, ысытыў қазанларын техникалық көриктен өткериў лазым.

Өзиңизди ҳәм шаңарақ ағзаларыңызды асыраң!
____

Ис газидан эҳтиёт бўлинг!


Ҳар йили куз-қиш мавсуми кириши билан аҳоли орасида ис газидан заҳарланиш ва афсуски ундан вафот этиш ҳолатлари кўпаяди.

Бундай вазиятлар юзага келмаслиги учун уйларни доимий равишда шамоллатиш, шунингдек, хонадонларнинг мўриларини тозалатиб, иситиш қозонларини техник кўрикдан ўтказиш тавсия этилади.

Ўзингизни ва оила аъзоларингизни асранг!

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
«Аўыл хожалығы хызметкерлери күни» байрамы мүнәсибети менен байрам тамашалары өткерилди

Президентимиздиң басламасы менен ҳәр жылы декабрь айының екинши екшембиси елимизде Аўыл хожалығы хызметкерлери күни сыпатында кең түрде белгиленип атыр. Бүгин Нөкис қаласының арқа тәрепиндеги Атшабар майданында Аўыл хожалығы хызметкерлери күнине бағышланып салтанатлы байрам тамашалары болып өтти.

Илаждың ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды Аўыл хожалығы хызметкерлери күни байрамы менен қутлықлады.

Жоқарғы Кеңес Баслығы өз сөзинде бүгинги күнде елимизде аўыл хожалығын модернизациялаў, тараўда жаңа техника ҳәм инновациялық технологияларды енгизиў, жер-суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўды ен жайдырыў, халықты сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў, фермер ҳәм кластерлерди қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти. Сондай-ақ, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша оғада көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанлығына айрықша тоқталды.

Толық оқыў

"Қишлоқ хўжалиги ходимлари куни" муносабати билан байрам томошалари ўтказилди

Президентимиз ташаббуси билан ҳар йили декабрь ойининг иккинчи якшанбаси мамлакатимизда Қишлоқ хўжалиги ходимлари куни сифатида кенг нишонланмоқда. Бугун Нукус шаҳрининг шимолий қисмидаги Отчопар майдонида Қишлоқ хўжалиги ходимлари кунига бағишлаб тантанали байрам томошалари бўлиб ўтди.

Тадбирнинг очилиш маросимида Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев сўзга чиқиб, йиғилганларни Қишлоқ хўжалиги ходимлари куни байрами билан табриклади.

Жўқорғи Кенгес Раиси ўз сўзида бугунги кунда мамлакатимизда қишлоқ хўжалигини модернизация қилиш, соҳага янги техника ва инновацион технологияларни жорий этиш, ер-сув ресурсларидан самарали фойдаланишни кенгайтириш, аҳолини сифатли озиқ-овқат маҳсулотлари билан таъминлаш, фермер ва кластерларни қўллаб-қувватлаш бўйича олиб борилаётган кенг кўламли ишларга тўхталиб ўтди. Шунингдек, ҳурматли Президентимиз томонидан Қорақалпоғистон учун алоҳида қабул қилинган қарор ва фармонлар асосида халқимизнинг фаровон ҳаётини таъминлаш бўйича жуда катта ишлар амалга оширилаётганига тўхталди.

Тўлиқ ўқиш


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
«Аўыл хожалығы хызметкерлери күни» байрамы мүнәсибети менен байрам тамашалары өткерилди

"Қишлоқ хўжалиги ходимлари куни" муносабати билан байрам томошалари ўтказилди


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Ҳафтанинг энг муҳим воқеалари шарҳи: Аҳолининг уй-жой қурилиши учун маблағлари кафолатланади. Ижтимоий ҳимоя тизимини кучайтириш бўйича янги ташаббуслар илгари сурилди. Президент энергетика соҳасидаги янги объектлар фаолияти ва қурилишини бошлаб берди.

Ҳәптениң ең әҳмийетли ўақыяларына шолыў: Халықтың үй-жай қурылысы ушын қәрежетлери кепилленеди. Социаллық қорғаў системасын күшейтиў бойынша жаңа басламалар белгиленди. Президент энергетика тараўындағы жаңа объектлер жумысы ҳәм қурылысын баслап берди.

Обзор важнейших событий за неделю: Средства населения на строительство жилья будут гарантированы. Выдвинуты новые инициативы по усилению системы социальной защиты. Президент дал старт работе и строительству новых объектов энергетической сферы.

Facebook|Instagram|X
⚡️Sportshı qızımız Jáhán chempionatına jol almaqta

🔹Usı jıldıń 18-22 dekabr kúnleri aralıģında jaslar hám qızlar arasında Birlesken Arab Ámirligi mámleketiniń Abu Dabi qalasında sporttıń Penchak Silat túri boyınsha Jáhán chempionatı ótkeriledi.

🔹Quwanıshlısı bul chempionatqa rayonımızdaǵı Sport mektebiniń shuǵıllanıwshısı Dilbar Alpısbayeva da treneri N.Biysengaliyev penen birgelikte jol almaqta.

🔥Óz náwbetinde sportshı qızımızǵa Jáhán chempionatında áwmet tileyimiz.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Президент раислигида маҳаллаларда камбағалликни қисқартириш бўйича қилинган ишлар сарҳисоби ва 2025 йил учун устувор вазифаларга бағишланган видеоселектор йиғилиши бошланди.

Банк хизматларининг маҳалла даражасигача туширилгани яхши натижа бераётгани қайд этилди. Айниқса, Сайхунобод, Уйчи, Зарбдор ва Ғиждувонда тадбиркорлик муҳити тубдан ўзгарди, одамлар даромади ошди, эртанги кунга ишонч пайдо бўлди.

Хусусан, Уйчи туманида банклар 3 минг 200 та фаол мижоз билан ишлаб, муаммоларни ҳал қилиб бергани учун 9 минг одам доимий ишли бўлди. Камбағаллар сони 6 мингга камайди.

Сайхунободдаги 3 минг 200 та хонадонда лойиҳалар ишга туширилди, 12 минг одам ўз томорқасида даромад топишни ўрганди. Зарбдорда 13,5 минг, Ғиждувонда 28 минг иш ўрни яратилди. Бунинг ҳисобига қўшимча 10,5 минг аҳоли камбағалликдан чиқарилди.

Умуман, йил бошидан ушбу 4 та тажриба доирасида 3 миллион 300 минг аҳоли доимий даромадга эга бўлди. Муҳими, хонадонларнинг ойлик даромади 7,5 миллион сўмдан 10,5 миллион сўмга ошди.

Бундан ташқари, Хўжайли, Асака, Вобкент, Булунғур, Янгиер, Қўштепа, Шовот каби 57 та туманда ҳокимлар, банклар, ҳоким ёрдамчилари биргаликда ишлагани учун ишсизлик 5 фоиздан пасайди.

Президенттиң басшылығында мәҳәллелерде кәмбағаллықты қысқартыў бойынша исленген жумыслардың жуўмағы ҳәм 2025-жыл ушын тийкарғы ўазыйпаларға арналған видеоселектор мәжилиси басланды.

Банк хызметлериниң мәҳәлле дәрежесине түсирилгени жақсы нәтийже берип атырғаны атап өтилди. Әсиресе, Сайхунабад, Уйчи, Зарбдор ҳәм Ғиждувонда исбилерменлик орталығы түп-тийкарынан өзгерди, адамлардың дәраматы артты, ертеңги күнге исеним пайда болды.

Атап айтқанда, Уйчи районында банклер 3 мың 200 жедел қарыйдар менен ислеп, машқалаларды шешип бергенлиги ушын 9 мың адам турақлы жумыс пенен тәмийинленди. Кәмбағаллар саны 6 мыңға азайды.

Сайхунабадтағы 3 мың 200 шаңарақта жойбарлар иске түсирилди, 12 мың адам өз қыйтақ жеринде дәрамат табыўды үйренди. Зарбдорда 13,5 мың, Ғиждувонда 28 мың жумыс орны жаратылды. Буның есабынан қосымша 10,5 мың пуқара кәмбағаллықтан шығарылды.

Улыўма, жыл басынан усы 4 тәжирийбе шеңберинде 3 миллион 300 мың пуқара турақлы дәраматқа ийе болды. Әҳмийетлиси, шаңарақлардың айлық дәраматы 7,5 миллион сумнан 10,5 миллион сумға артты.

Буннан тысқары, Хожели, Асака, Вобкент, Булунғур, Янгиер, Қўштепа, Шовот сыяқлы 57 районда ҳәкимлер, банклер, ҳәким жәрдемшилери биргеликте ислеўи себепли жумыссызлық 5 проценттен төменледи.

Facebook|Instagram|X