Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 1-декабрь – Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилгенине 35 жыл толыўы мүнәсибети менен байрам салтанаты өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қутлықлады.
Толық оқыў
—
Қорақалпоқ тилига давлат тили мақоми берилган кун муносабати билан байрам тантанаси бўлиб ўтди
Бугун Бердақ номидаги Қорақалпоқ давлат академик мусиқали театрида 1 декабрь - Қорақалпоғистон Республикасининг "Давлат тили ҳақида"ги Қонуни қабул қилинганининг 35 йиллиги муносабати билан байрам тантанаси ўтказилди.
Унда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев сўзга чиқиб, йиғилганларни байрам билан табриклади.
Тўлиқ ўқиш
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube

1-декабрь – Қарақалпақ тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн
Қәдирли дослар!
Ең дәслеп, бәршеңизди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан бүгинги қутлы сәне 1-декабрь – Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилгениниң 35 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлаймыз.
Бәршеңизге мәлим, Тил – бул қарым-қатнас қуралы болыўы менен бирге, нешше әсирлер даўамында өзиниң қәдир-қымбатын жойтпай, бизге жетип келген бийбаҳа ғәзийне болып табылады.
Соны айрықша атап өтиўимиз тийис, ҳәр бир халықтың өзине тән өзгешелигин, ҳəр бир елдиң раўажланыў басқышларын ҳәм келешегин белгилеўде ана тилиниң тутқан орны айрықша саналады.
Мине, усы бийбаҳа байлығымызды көздиң қарашығындай сақлап, келешек әўладқа сап ҳалында жеткериў бәршемиздиң әдиўли ўазыйпамыз болып табылады. Сонлықтан, бул ўазыйпаның әҳмийетин түсинип, жасларымызды ана тилимизге, миллий қәдириятларымызға садықлық руўхында тәрбиялаў жолында бәршеңиз пидайылық көрсетесизлер деп беккем исенемиз.
Сизлерди және бир мәрте Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилгениниң
35 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, елимиздиң буннан былай да раўажланыўы жолындағы ийгиликли ислериңизде тасқын табыслар тилеймен.
Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы

1-DEKABR — QARAQALPAQ TILINE MÁMLEKETLIK TIL BIYLIGI BERILGEN KÚN
Búgin Qaraqalpaq tili mámleketlik til biyligin alǵanına 35 jıl toldı. Qaraqalpaqstan Respublikası Ministrler Keńesiniń miynet jámááti usı qutlı sáne múnásibeti menen barlıq watanlaslarımızdı qızǵın qutlıqlaydı. Neshshe mıń jıllıq tariyxqa gúwa tilimiz máńgi jasasın!
——————-
1-DEKABR — QORAQALPOQ TILIGA DAVLAT TILI MAQOMI BERILGAN KUN
Bugun Qoraqalpoq tili davlat tili maqomini olganiga 35 yil to‘ldi. Qoraqalpog‘iston Respublikasi Vazirlar Kengashi nomidan ushbu qutlug‘ sana munosabati bilan barcha yurtdoshlarimizni samimiy muborakbod etadi. Necha ming yillik tarixga guvoh tilimiz mangu yashasin!
Biziń betlerimiz: || Bizning sahifalarimiz:
Telegram | Instagram | Facebook | X

Бәршеңизди Қарақалпақстан тарийхында алтын ҳәриплер менен жазылған бүгинги қутлы сәне- Қарақалпақ тили мәмлекетлик тил бийлигин алғанлығының 35 жыллығы менен шын кеўлимнен қутлықлайман!
Тил- ҳәр бир мәмлекеттиң тымсалы, мүлки, халықтың миллий қәдриятларын, үрп-әдет, дәстүрлерин өзинде жәмлеген бийбаҳа ғәзийнеси, руўхый байлығы. Инсан ушын Ўатаны, ата-анасы, шаңарағы қаншелли муқаддес болса, ана тили де соншелли әзиз. Соңғы жыллары қарақалпақ тилин раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, түсиндирме сөзликлериниң, сабақлықлар, оқыў қолланбаларының баспадан шығарылыўы мәмлекетлик тилге деген ҳүрметтиң, итибар ҳәм ғамхорлықтың айқын белгиси.
Сизлерди және бир мәртебе бүгинги қутлы сәне менен қутлықлап, шаңарақларыңызға қут-берекет, елимиздиң гүллеп- жаснаўы жолындағы ийгиликли жумысларыңызда табыс тилеймен!
Бекзад Мадаминов
Қоңырат районы ҳәкими
•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•
Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook

Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қырғаўылларды көбейтиў жолға қойылмақта
Қоңырат мәмлекетлик тоғай- аңшылық хожалығы фонды жерлеринде ҳайўанатлар дүньясын қорғаў, тоғайларды қайта тиклеў, мәдений тоғайзарлар жаратыў, аңшылық хожалығы фондын кеңейтиў, оларды қорғаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Жақында тоғай- аңшылық хожалығында қырғаўылхана шөлкемлестирилди ҳәм 40 бас Кавказ қырғаўылы алып келинди. "Қызыл китап"қа киргизилген бул қырғаўылларды көбейтиў жолға қойылып, олардың өсиў шараяты, көбейиўи, сақланыўы үйренилмекте. Бул жумыслар Қарақалпақстан телеканалы "Хабар" бағдарламасында.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

УЛЛЫ ШАЙЫРЫМЫЗДЫӉ ЮБИЛЕЙИ ТҮРКИЯДА БЕЛГИЛЕНЕДИ
Усы жылдыӊ 2―5-декабрь күнлери Түркия Республикасыныӊ Cтанбул қаласында «Түрксой» халықаралық түркий халықлар мәденият шөлкеми менен биргеликте халқымыздыӊ уллы шайыры Әжинияз Қосыбай улыныӊ 200 жыллығы кеӊ түрде белгиленеди.
Юбилейге бағышланған илажлар шеӊберинде 3-декабрь күни Cтанбул университетинде Әжинияз Қосыбай улы дөретиўшилигине бағышланған «Әжинияз руўхый дүнья жыршысы» атамасындағы әмелий конференция ҳәм 4- декабрь күни Станбулдағы «Бакчилар беледиеси» концерт залында өзбек ҳәм қарақалпақ көркем өнер шеберлериниӊ, ϴзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими дөретиўшилериниӊ атқарыўында «Айт сен, Әжинияздыӊ қосықларынан» атамасындағы концерт бағдарламасы өткерилиўи режелестирилген.

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Зәҳәрли газден зыянланып атырғанымызды қалайынша билиў мүмкин?
⚡️Зәҳәрли газден жаныўшы материалдың (көмир, тәбийғый газ, ағаш ҳ.т.б) шала жаныўынан пайда болады. Ол ийиске, дәмге яки көриниске ийе емес.
⚡️Төмендеги жағдайлар зәҳәрли газ пайда болып атырғанынан дерек береди:
-Қазанхана (котёл) морыларының тығылып қалыўы;
-Тәбийғый газдиң сарғыш реңде жанып турыўы (нормада көк реңде жаныўы керек);
-Ханалардың жоқарғы бөлегиниң қараўытып ыс басыўы;
-Ханаға киргенде бастың аўырыўы, кеўилдиң айныўы, ҳәрекетлердиң аўырласып, ериншекликтиң күшейиўи, көз жасланыў, қурғақ жөтел ҳәм денениң көкирек бөлиминде аўырыўдың пайда болыўы зәҳәрли газден зыянланып атырғаннан дерек береди.
⚡️Зәҳәрли газден зыянланыў инсан ден саўлығының бузылыўына (кома жағдайына түсип қалыўы мүмкин), ҳәттеки өлимшилик жағдайы келип шығыўына алып келеди.
⚡️Ҳүрметли пуқаралар, қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиң. Өмириңиз ҳәм ден саўлығыңызға итибарсыз болмаң!