QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
7.5K subscribers
51.3K photos
5.59K videos
32 files
15.9K links
Download Telegram
Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 1-декабрь – Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилгенине 35 жыл толыўы мүнәсибети менен байрам салтанаты өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қутлықлады.

Толық оқыў

Қорақалпоқ тилига давлат тили мақоми берилган кун муносабати билан байрам тантанаси бўлиб ўтди

Бугун Бердақ номидаги Қорақалпоқ давлат академик мусиқали театрида 1 декабрь - Қорақалпоғистон Республикасининг "Давлат тили ҳақида"ги Қонуни қабул қилинганининг 35 йиллиги муносабати билан байрам тантанаси ўтказилди.

Унда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев сўзга чиқиб, йиғилганларни байрам билан табриклади.

Тўлиқ ўқиш


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
6👍3
#Live

"MÁRTEBEŃ BÁLEHT BOLSÍN, ANA TILIM!"...


   Qaraqalpaq tiline mámleketlik til biyligi berilgenliginiń 35 jıllıǵı Qońırat  rayonında da keń túrde belgilenip ótilmekte.
Mádeniyat sarayında  keń jámiyetshilik wákilleriniń qatnasıwında bolıp ótken bayram saltanatında sózge shıqqan rayon hákiminiń orınbasarı A.Mamutov hám basqalar jıynalǵanlardı qutlı sáne menen qutlıqlap,ana tilimizdiń xalqımız turmısındaǵı áhmiyeti haqqında aytıp ótti.
«Tilge itibar -elge itibar»- deydi xalqımız.  Hár bir millettiń ózine tán bolǵan milliy qadriyatların ózinde jámlegen biybaha ǵáziynesi- bul  onıń ana tili. Sonlıqtan jas áwladtı ana tiline húrmet ruwhında tárbiyalaw, olardı ana tilinde taza sóylewge úyretiw hám parız, hám qarız.
Qaraqalpaq tilin rawajlandırıwǵa,onı ele de bayıtıwga itibar qaratılıp, sózlikler, sabaqlıqlar hám oqıw qollanbalarınıń kóplep baspadan shıǵarılıwı, sózimizge mısal bola aladı. 

Bayram saltanatı mádeniyat xızmetkerleri tárepinen tayarlanǵan koncert baǵdarlaması menen dawam etpekte.

Telegram |
👍133
1-декабрь – Қарақалпақ тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн

Қәдирли дослар!

Ең дәслеп, бәршеңизди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан бүгинги қутлы сәне 1-декабрь – Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилгениниң 35 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлаймыз.

Бәршеңизге мәлим, Тил – бул қарым-қатнас қуралы болыўы менен бирге, нешше әсирлер даўамында өзиниң қәдир-қымбатын жойтпай, бизге жетип келген бийбаҳа ғәзийне болып табылады.

Соны айрықша атап өтиўимиз тийис, ҳәр бир халықтың өзине тән өзгешелигин, ҳəр бир елдиң раўажланыў басқышларын ҳәм келешегин белгилеўде ана тилиниң тутқан орны айрықша саналады.

Мине, усы бийбаҳа байлығымызды көздиң қарашығындай сақлап, келешек әўладқа сап ҳалында жеткериў бәршемиздиң әдиўли ўазыйпамыз болып табылады. Сонлықтан, бул ўазыйпаның әҳмийетин түсинип, жасларымызды ана тилимизге, миллий қәдириятларымызға садықлық руўхында тәрбиялаў жолында бәршеңиз пидайылық көрсетесизлер деп беккем исенемиз.

Сизлерди және бир мәрте Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилгениниң
35 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, елимиздиң буннан былай да раўажланыўы жолындағы ийгиликли ислериңизде тасқын табыслар тилеймен.

Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
👍105👏1
1-DEKABR — QARAQALPAQ TILINE MÁMLEKETLIK TIL BIYLIGI BERILGEN KÚN

Búgin Qaraqalpaq tili mámleketlik til biyligin alǵanına 35 jıl toldı. Qaraqalpaqstan Respublikası Ministrler Keńesiniń miynet jámááti usı qutlı sáne múnásibeti menen barlıq watanlaslarımızdı qızǵın qutlıqlaydı. Neshshe mıń jıllıq tariyxqa gúwa tilimiz máńgi jasasın!
——————-
1-DEKABR — QORAQALPOQ TILIGA DAVLAT TILI MAQOMI BERILGAN KUN

Bugun Qoraqalpoq tili davlat tili maqomini olganiga 35 yil to‘ldi. Qoraqalpog‘iston Respublikasi Vazirlar Kengashi nomidan ushbu qutlug‘ sana munosabati bilan barcha yurtdoshlarimizni samimiy muborakbod etadi. Necha ming yillik tarixga guvoh tilimiz mangu yashasin!

Biziń betlerimiz: || Bizning sahifalarimiz:
Telegram | Instagram | Facebook | X
11👍2
1-декабрь – Қарақалпақ тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн

Қәдирли дослар!

Бәршеңизди Қарақалпақстан тарийхында алтын ҳәриплер менен жазылған бүгинги қутлы сәне- Қарақалпақ тили мәмлекетлик тил бийлигин  алғанлығының 35 жыллығы менен шын кеўлимнен қутлықлайман!

Тил- ҳәр бир мәмлекеттиң тымсалы, мүлки, халықтың миллий қәдриятларын, үрп-әдет, дәстүрлерин өзинде жәмлеген бийбаҳа ғәзийнеси, руўхый байлығы. Инсан ушын Ўатаны, ата-анасы, шаңарағы қаншелли муқаддес болса, ана тили де соншелли әзиз. Соңғы жыллары қарақалпақ тилин раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, түсиндирме сөзликлериниң, сабақлықлар, оқыў қолланбаларының баспадан шығарылыўы мәмлекетлик тилге деген ҳүрметтиң, итибар ҳәм ғамхорлықтың айқын белгиси.

Сизлерди және бир мәртебе бүгинги қутлы сәне менен қутлықлап, шаңарақларыңызға қут-берекет, елимиздиң гүллеп- жаснаўы жолындағы ийгиликли жумысларыңызда табыс тилеймен!

Бекзад Мадаминов
Қоңырат районы ҳәкими

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
9👍3
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қырғаўылларды көбейтиў жолға қойылмақта

   Қоңырат мәмлекетлик тоғай- аңшылық хожалығы фонды жерлеринде ҳайўанатлар дүньясын қорғаў, тоғайларды қайта тиклеў, мәдений тоғайзарлар жаратыў, аңшылық хожалығы фондын кеңейтиў, оларды қорғаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Жақында тоғай- аңшылық хожалығында қырғаўылхана шөлкемлестирилди ҳәм  40 бас Кавказ қырғаўылы алып келинди. "Қызыл китап"қа киргизилген бул қырғаўылларды көбейтиў жолға қойылып, олардың өсиў шараяты, көбейиўи, сақланыўы үйренилмекте. Бул жумыслар Қарақалпақстан телеканалы "Хабар" бағдарламасында.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
👍10🔥1
УЛЛЫ ШАЙЫРЫМЫЗДЫӉ ЮБИЛЕЙИ ТҮРКИЯДА БЕЛГИЛЕНЕДИ

Усы жылдыӊ 2―5-декабрь күнлери Түркия Республикасыныӊ Cтанбул қаласында «Түрксой» халықаралық түркий халықлар мәденият шөлкеми менен биргеликте халқымыздыӊ уллы шайыры Әжинияз Қосыбай улыныӊ 200 жыллығы кеӊ түрде белгиленеди.

Юбилейге бағышланған илажлар шеӊберинде 3-декабрь күни Cтанбул университетинде Әжинияз Қосыбай улы дөретиўшилигине бағышланған «Әжинияз руўхый дүнья жыршысы» атамасындағы әмелий конференция ҳәм 4- декабрь күни Станбулдағы «Бакчилар беледиеси» концерт залында өзбек ҳәм қарақалпақ көркем өнер шеберлериниӊ, ϴзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими дөретиўшилериниӊ атқарыўында «Айт сен, Әжинияздыӊ қосықларынан» атамасындағы концерт бағдарламасы өткерилиўи
режелестирилген.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
12👍3