QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.17K subscribers
45.9K photos
4.81K videos
27 files
13.9K links
Download Telegram
#Сайхунабад_тәжирийбеси

  "Алмазар" мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Куандыковлар шаңарағы да үй алды қыйтақ жеринен ақылға муўапық пайдаланып, шаңарағына дәрамат киргизбекте. Алма, шийе, ерик, беҳи, жүзим, алмурт, анар сыяқлы мийўе тереклердиң астына  қыяр, помидор, болгар бурышы, баклажан сыяқлы палыз егинлерин егип мол өним жетистирип отыр.
- Пайызлы бағымыздың шетине егип қойған смородинаның өзинен миллионлап дәрамат кирип тур. Килограмын 10 мыңнан сатып атырман, адамлар буйыртпа берип қысқа қайнатып бастырыў ушын алып атыр.        Таўық, мал бағамыз, ақлықларым таза саўылған сүт, таза мәйек, жаңа үзилген мийўе, палыз өнимлерин жесе қуўанамыз,- дейди шаңарақ бийкеси  Зыяда Дәўлетбаева.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
#Сайхунабад_тәжирийбеси

Кәмбағаллықтан шығыўда ҳәммеге өрнек жүзимши апа

🍇Қоңырат районындағы "Қаңлы" аўылы әзелден өзиниң атайы дийханлары, бағманлары менен даýрығы шыққан.
Бул аўылдағы дерлик ҳәр бир шаңарақ үй алды қыйтақ жеринен өнимли пайдаланбақта. Жүзим жетистириýдиң әдисин алған Сапаргүл апаны аýыл халқы "Жүзимши апа, бағман апа" деп ҳүрмет- иззетке бөлейди.
Ҳақыйқатында да, быйыл 75 жасын қарсы алып атырған Сапаргүл апа Қошбаева жүдә кишипейил, мийнеткеш инсан.
- 300 түп жүзимим бар.Усы жүзимгершиликтиң арқасында балаларымды үйли-жайлы, машиналы еттим.Келиним, балаларым бағшылықта маған қол -қанат. Базарға күнине 30-40 кг нан жүзим шығараман, қырманы жүзимниң бир килограммын 25-30 мыңнан сатып атырмыз, - дейди ол.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
#Сайхунабад_тәжирийбеси

"ИЗЛЕГЕН ИМКАН ТАБАДЫ"

   Қоңырат районындағы "Қашы" мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Ильясовлар шаңарағы үй қапталы қыйтақ жеринен өнимли пайдаланып , дәрамат дерегине айналдырып отыр.

-Үй алдымыздағы қыйтақ жеримиз онша үлкен емес. Бирақ бул жеримизге жүзимниң бир неше сортларын,алма,әнжир, қәрели,ерик,шабдалы сыяқлы мийўе тереклериниң астына қыяр,капуста,помидор,болгар бурышы және басқа палыз егинлерин егип, мине жемисин терип атырмыз , - дейди Балхожа Ильясов-   -Дәрамат та соған жараса. Негизинде бир сотых жери бар адам - бай адам. Мине, жаз писер жүзимлеримизди де сатып басладық.Базардан азық-аўқат,ҳәттеки гөшти де сатып алмаймыз, барлық нәрсе өзимизден.

"Излеген имкан табады"деген усы болса керек, сәўбет даўамында Балхожа ағаның сыйыр, қой-ешкилери, түйетаўықлары да бар екенлигин көрип, билгенге қыйтақ жер ҳақыйқый ғәзийне екенлигине және бир мәрте исеним арттырдық.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Сайхунабад_тәжирийбеси


Қоңырат районындағы "Қаңлы" аўылы әзелден өзиниң атайы дийханлары, бағманлары менен даýрығы шыққан.

  Бул аўылдағы дерлик ҳәр бир шаңарақ үй алды қыйтақ жеринен өнимли пайдаланбақта.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
#Ибрат
#Сайхунабад__тәжирийбеси

Мәҳәлле жетилиги ҳәр бир басламада ең дәслеп өзлери басқаларға үлги болыўы тийис.
"Тарақлы" мәкан пуқаралар жыйыны жаслар жетекшиси Дамир Мояддинов "Сайхунабад тәжирийбесин" ендириўде аўыл турғынларына ибрат болып келмекте.

Үй алды қыйтақ жеринен ақылға муўапық пайдаланып, ықшам ғана парникте пияз, чеснок ҳәм көк өнислерди жетистирмекте.
Қорасында қой, сыйыр, таўық, үйрек бағып, биогумус жетистириўдиң де әдисин алған
ол шаңарағын таза тәбийий азық- аўқат өнимлери менен тәмийнлемекте.

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

@qongiratrkuz