"Ашық есиклер күни" нде коррупция мәселеси
"Халық аралық коррупцияға қарсы гүресиў күни" мүнәсибети менен республикамызда өткерилип атырған Аксилкоррупция айлығы шеңберинде "Ашық есиклер күни" өткерилди. Онда ҳуқық қорғаў уйымлары, районлық медициналық бирлеспе хызметкерлери, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Илажда Қоңырат районы ИИБ баслығының биринши орынбасары ўазыйпасын атқарыўшы, полковник Б.Булатов, ҳаял-қызлар мәселелери бойынша аға инспекторы, майор Ж.Утениязова, пробация топары инспекторы К.Сулеймановлар сөзге шығып, мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында қабыл етилип атырған нызамлардың ҳәм ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмун-әҳмийетине тоқтап өтти. Коррупция жынаяты ушын нызамшылықта нәзерде тутылған жаза шаралары, коррупциялық жағдайларды кемейтиў бойынша әмелге асырылып атырған қадағалаў профилактикалық жумыслар ҳаққында түсиниклер берилди.
Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook

Углерод оксиди - реңсиз , дәмсиз, ийиссиз зәҳәрли газ есапланады. Ол тәбиятта ең көп тарқалған зәҳәрлеўши газлердиң бири болып, ҳәр қандай жанылғы: тәбийий газ, бензин, дизель, мазут, көмир, отын шоқларының шала жаныўы ақыбетинде келип шығады.
Гүз -қыс мәўсими халық арасында газден зәҳәрлениў менен байланыслы айрықша жағдайлар көбейетуғын мәўсим.
Мағлыўматларға қарағанда, бул мәўсимде жүз берип атырған айрықша жағдайлардың тийкарғы бөлеги энергия ресурсларынан пайдаланыў қағыйдаларының бузылыўы менен байланыслы.
Қоңырат районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы Ишки Ислер Министри Б.Төребеков, Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы баслығы А.Давлетов, район ҳәкими Б.Мадаминовтың басшылығында
болып өткен мәжилисте мине усы мәселелер ҳаққында сөз болды. Оған райондағы мекеме ҳәм шөлкем басшылары, мәҳәлле жетилиги қатнасты.
Пуқаралардың газ ҳәм көмир, отын ҳәм басқа жанылғы түрлеринен пайдаланғанда қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етпеўи, стандартқа жуўап бермейтуғын яки сертификатқа ийе болмаған ысытыў үскенелеринен пайдаланыўы, морыларды надурыс орнатыў ҳәм өз ўақтында техникалық көриктен өткермеўи бундай кеўилсиз жағдайларға себеп болып атырғанлығы мысаллар менен түсиндирилди.
Жыйналыста гүз- қыс мәўсиминде жүз бериўи мүмкин болған өрт, газ ҳәм ҳаўа араласпасының шақнаўы ҳәм газден зәҳәрлениўдиң алдын алыў мақсетинде халық арасында үгит-нәсият жумысларын еле де күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети