QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.24K subscribers
45.5K photos
4.75K videos
27 files
13.8K links
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Ózbekstan_24

Qońırat rayonında jaylasqan áskeriy bólimshede ótkerilgen "Basshı hám jaslar" ushırasıwı Ózbekstan24 telekanalı názerinde

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
Пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлар аралық судының баслығы Э.Ешмуратов ҳәм усы судтың судьясы Н.Акимниязовлар Қоңырат районы "Қарақалпақстан" ППЖ аймағында жасаўшы пуқаралар менен"Инсан қәдири ҳәм мәплери ушын" идеясы тийкарында  ушырасыў өткерди.

Онда Президентимиздиң БМШ Бас Ассамблеясы 78-сессиясындағы баянатының мазмун- мәниси түсиндирилди ҳәм бүгин елимизде инсан факторына, оның мәплерин қорғаўға үлкен итибар қаратылып атырғанлығы атап өтилди. Ушырасыў қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған мәселелер бойынша ҳуқықый мәсләҳәтлер алыў имканиятына ийе болды.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
📌"Jetekshi spartakiadası" sheńberinde sport jarısları ótkerildi

❇️Qońırat rayonı Jaslar orayında rayondaǵı jaslar jetekshileri arasında "Jetekshi spartakiadası" sheńberinde "Stol tennisi" hám "shaxmat" jarıslarınıń rayonlıq basqıshı bolıp ótti.

⚡️ Jarıslar qızıqlı bellesiwlerge bay bolıp, jarıs juwmaǵına kóre jeńimpazlar Qaraqalpaqstan Respublikası basqıshına jollamanı qolǵa kirgizdi.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
📌"Jetekshi spartakiadası" sheńberinde tańlawlar ótkerildi

📆Qońırat rayonı Jaslar orayında rayondaǵı jaslar jetekshileri arasında "Jetekshi spartakiadası" sheńberinde "Zukko kitobxon", "Zakovat" hám "Ibrat farzandları" tańlawlarınıń rayonlıq basqıshı bolıp ótti.

⚡️ Joqarı keypiyatta ótken tańlaw keskin hám qızıqlı qarama-qarsılıqlarǵa bay bolıp, tańlaw juwmaǵına kóre jeńimpazlar Qaraqalpaqstan Respublikalıq basqıshqa jollamanı qolǵa kirgizdi.

Kanalǵa aǵza bolıń:
Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 90 жыллығы белгиленди

Усы жылдың 31-октябрь күни Нөкис қаласындағы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстан Республикасындағы туңғыш жоқары оқыў орны Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 90 жыллығына арналған «Қарақалпақстандағы биринши илим-билим дәргайына 90 жыл!» атамасындағы республикалық конференция ҳәм концерт бағдарламасы болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги ўәкиллери, сырт еллерден, сондай-ақ, республикамыздағы алдынғы жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў орайларының илимпазлары, профессорлар, белгили дөретиўшилер, көп жыллар даўамында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик жумысларда ислеген нураный устазлар, институттың профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын педагогикалық институттың шөлкемлестирилгенине 90 жыл толыўы менен қутлықлады ҳәм институтта көп жыллардан берли жемисли мийнет етип, илим, билимлендириў ҳәм жаслар тәрбиясында өз ўазыйпаларын пидайылық пенен атқарып киятырған бир топар педагог хызметкерлерге ҳүрметли атақ ҳәм көкирек белгилерин тапсырды.

Буннан соң институттың «Тумарис» халық ансамбли ҳәм талантлы студентлери, сондай-ақ, көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы қатнасыўшылардың дыққатына усынылды.

Ажиниёз номидаги Нукус давлат педагогика институтининг 90 йиллиги белгиланди

Шу йилнинг 31-октябрь куни Нукус шаҳридаги Бердақ номидаги Қорақалпоқ давлат академик мусиқали театрида Қорақалпоғистон Республикасидаги дастлабки олий таълим муассасаси Ажиниёз номидаги Нукус давлат педагогика институтининг 90 йиллигига бағишланган «Қорақалпоғистондаги биринчи илм-билим даргоҳига 90 йил!» мавзусидаги республика анжумани ва концерт дастури бўлиб ўтди.

Тадбирда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси ва Вазирлар Кенгаши, Республика Маънавият ва маърифат маркази, Олий таълим, фан ва инновациялар вазирлиги мутасаддилари, хорижий давлатлардан, шунингдек, республикамиздаги илғор олий таълим муассасалари, илмий-тадқиқот марказлари олимлари, профессорлар, машҳур ижодкорлар, кўп йиллар давомида давлат ва жамоат ишларида фаолият юритган нуроний устозлар, институт профессор-ўқитувчилари ва талабалари, кенг жамоатчилик ва оммавий ахборот воситалари вакиллари иштирок этди.

Унда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси Раиси Аманбай Оринбаев сўзга чиқиб, тадбир иштирокчиларини педагогика институтининг ташкил этилганига 90 йил тўлиши муносабати билан табриклади ҳамда институтда кўп йиллардан буён самарали меҳнат қилиб, илм-фан, таълим ва ёшлар тарбиясида ўз вазифаларини фидокорона бажариб келаётган бир гуруҳ педагог ходимларга фахрий унвон ва кўкрак нишонларини топширди.

Шундан сўнг институтнинг «Тумарис» халқ ансамбли ҳамда қобилиятли талабалари, шунингдек, санъат усталарининг ижросидаги концерт дастури иштирокчиларнинг эътиборига ҳавола қилинди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube