QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
14.8K subscribers
46.6K photos
4.91K videos
27 files
14.2K links
Download Telegram
Saklapov Baxtiyar «Eń bilimli jaslar jetekshisi» tańlawiniń Qaraqalpaqstan Respublikaliq basqishi jeńimpazi

Jaslar awqamı sistemasında baslanǵısh shólkemlerdiń ornı ayrıqsha. Oqıw orınlarında, ministrlik, kárxana, shólkem hám mákemelerde jaslar awqamı baslanǵısh shólkem jetekshileri óz jumısın alıp barmaqta.
Oqıw orınlarındaǵı baslanǵısh shólkem jetekshileri oqıwshılardıń, studentlerdiń bilim alıwı, óz qábiletlerin júzege shıǵarıw ushın xizmet etse, kárxana, shólkemlerdiń jetekshileri jumıs ornındaǵı jaslardıń salamat ortalıqta jumıs alıp barıwı hám basshı organlar menen jaslardı baylanıstırıwshı kópir wazıypasın atqaradı. Sonlıqtan, baslanǵısh shólkem jetekshileriniń turaqlı bilim hám tájiriybe arttırıp barıwları ayrıqsha áhmiyetke iye.
Usı jıldıń 2-iyul kúni Ózbekstan jaslar awqamı Qaraqalpaqstan Respublikalıq Keńesi tárepinen ulıwma bilim beriw mektepleri baslanǵısh shólkem jetekshileriniń intellektual bilim dárejesin jánede joqarılatıw maqsetinde «Eń bilimli jaslar jetekshisi» tańlawı Qaraqalpaqstan Respublikalıq basqıshı onlayn ta’rizde bolıp ótti.
Tańlawda Qaraqalpaqstan Respublikasındaǵı 726 ulıwma bilim beriw mektebinen, tańlawdıń qala, rayonlıq basqıshı jeńimpazları bolǵan 17 baslanǵısh shólkem jetekshileri qatnastı. Qatnasıwshılar tańlawdıń 3 shárti boyınsha yaǵnıy, 1-shárt onlayn test, 2-shárt oratorlıq qábileti, 3-shárt oqıw jılı dawamındaǵı baslanǵısh shólkem iskerligi boyınsha sınnan ótkerildi.
Tańlaw juwmaǵında, sıylı 1-orındı Qońırat rayonı 7-sanli mektep Jaslar jetekshisi Saklapov Baxtiyar Rashidovich, 2-orındı Taqıyatas rayonı Ayapbergenov Azizbek Bahadır ulı, 3-orındı Kegeyli rayonı Qalimbetova Roza Boranbaevnalar iyeledi.
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Қарақалпақстан Республикасы Коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў илажларын муўапықластырыў бойынша оператив Штабының жанында “CALL CENTER” – медициналық орайы өз жумысын баслады.

“CALL CENTER” – медициналық орайы
ҳәр күни 24 саат даўамында Қарақалпақстан Республикасы халқыныӊ медициналық жақтан қорғалыўын күшейтиў, оларға медициналық-профилактикалық жәрдем көрсетиў, “COVID-19” коронавирус кеселлигиниӊ белгилери пайда болған жағдайда зәрүр мәсләҳәт ҳәм мәлимлеме бериў бойынша күни-түни жумыс алып барады.

Әҳмийетлиси, орайға Нөкис қаласындағы Республикалық емлеў-профилактикалық мәкемелериниӊ жоқары маманлықтағы шыпакерлери бириктирилген.

Ҳүрметли пуқаралар!

Егер Сизде денсаўлығыӊыз бенен байланыслы, яғный коронавирус кеселлигиниӊ белгилери пайда болғанда “CALL CENTER” мәсләҳәт орайыныӊ (61) 224 11 35 телефон номерине қоӊыраў етиӊ!

Өзиӊизди ҳәм өзгелерди сақлаӊ!

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
Коронавирусты өлтиретуғын өним табылды

Франциядағы Монпелье университетиниң изертлеўшилери коронавирусты өлтиретуғын өнимди тапты. Олардың пикирине бола, капуста – коронавирустың жаңа штаммын өлтиреди. Бул ҳаққында The Sun басылымына тийкарланып Спутник хабар берди, деп жазады xs.uz  сайты.
Қәнигелердиң пикирине бола, капустаны көп пайдаланатуғын мәмлекетлерде коронавирустан өлим жағдайлары аз болғаны бақланған. Атап айтқанда, Германия ҳәм Қубла Кореяда инфекциядан өлим көрсеткишлери төмен.
Изертлеўшилердиң атап өтиўинше, капустаның қурамында коронавирустың аўыр өтиўине кесент беретуғын элементлер бар. Дузланған капустаның қурамында болса, антиоксидантлар болып, олар организмди патогенлерден қорғайды.
 
Қарақалпақстан хабар агентлиги

Каналымызға ағза болың
👇👇👇
@qongiratrkuz
Айни пайтда Президент Шавкат Мирзиёев раислигида видеоселектор йиғилиши ўтмоқда. Кун тартибидаги асосий масала - Тошкент шаҳри ва пойтахт вилоятидаги кескин санитар-эпидемиологик вазият.
Йиғилишни ўтказиш зарурати кейинги вақтда ушбу ҳудудларда коронавирус инфекцияси ва ўлим ҳолатларининг кўпайгани, шунингдек, аҳолидан тиббий хизматлар тезкорлиги ва сифатига, дорихоналарда тиббиёт маҳсулотлари нархининг асоссиз ошаётганига доир кўплаб мурожаатлар тушаётгани билан изоҳланади.

В данный момент Президент Шавкат Мирзиёев проводит видеоселекторное совещание. На повестке дня – критическая санитарно-эпидемиологическая ситуация в столице и Ташкентской области.
Поводом для совещания послужила наблюдаемая в последнее время новая вспышка коронавирусной инфекции и рост летальных исходов в указанных регионах, а также резкое увеличение обращений и жалоб со стороны населения касательно оперативности и качества медицинских услуг и необоснованного роста цен на лекарства.

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
НМПИ магистратурасында жаңадан 3 қәнигелик ашылды

2020-2021-оқыў жылы ушын Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты магистратура қәнигеликлерине улыўма 110 студент қабыллаў жобаластырылған болып, соннан 33 орын мәмлекетлик грант, 77 орын төлемли контракт тийкарында ажыратылған.

Алдын хабар берилгениндей, быйылғы жылы мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратура қәнигеликлерине ҳүжжетлерди тапсырыў процеси Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң рәсмий веб-сайты – magistr.edu.uz арқалы әмелге асырылады.

Магистратураға ҳүжжетлер 2020-жылдың 1-июль сәнесинен 30-июль күнине шекем қабыл етиледи.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2020-2021-оқыў жылы ушын улыўма 22 магистратура қәнигелиги бойынша студентлер қабыл етилиўи белгиленген. Солардан 3 қәнигелик быйылғы жылы жаңадан ашылған қәнигеликлер болып табылады.

Жаңадан ашылған қәнигеликлер:

5А110801 – Сүўретлеў өнери ҳәм әмелий безеў өнери (улыўма 4 орын қарақалпақ топары ушын ажыратылған, соннан 1 орын мәмлекетлик грант, 3 орын төлемли контракт тийкарында);

5А111101 – Музыкалық тәлим ҳәм көркем өнер (улыўма 4 орын қарақалпақ топары ушын ажыратылған, соннан 1 орын мәмлекетлик грант, 3 орын төлемли контракт тийкарында);

5А112001 – Денетәрбиясы ҳәм спорт шынығыўлары теориясы ҳәм методикасы (улыўма 4 орын қарақалпақ топары ушын ажыратылған, соннан 1 орын мәмлекетлик грант, 3 орын төлемли контракт тийкарында).

НМПИ баспасөз хызмети.

Каналымызға ағза болың
👇👇👇
@qongiratrkuz
🔹2022-жылы ϴзбекстан Республикасы бойынша халықтың дизимин алыў өткериледи
👇👇👇
https://kungrad.uz/2168.html

Каналымызға ағза болың
👇👇👇
@qongiratrkuz
Республикамыздың басқа аймақлары қатары Қоңырат районыда күннен-күнге көркемленип бармақта. Район аймағында қурылыс жумыслары жедел пәт пенен алып барылмақта.
Соның менен бир қатарда, районымыздың орайлық көшелерине түнги жақтыландырыў шырақлары орнатыў жумыслары даўам етпекте.
А-380 Гузар Бухара Нөкис-Бейнеў жолы ҳәм 4 Р173 Қоңырат-Мойнақ автомобил жолы айланба кесилиспесине түнги жақтыландырыў шырақлары орнатылды.
Бул өз гезегинде район орайының шырайыланыўы менен бирге, түнги ўақытлары жүз бериўи мүмкин болған жол тронспорт ҳәдийселериниң алдын алары сөзсиз.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың
👇👇👇
@qongiratrkuz
Хүрметли пуқаралардың дыққатына!

Қоңырат районы суў тармақлары филиалы

Сизлерге мәлим етип билдиреди Қоңырат районы аймағында суў трассамызда авариялық жағдайлар болғанлығы себепли, суў трассамызда ири оңлау жумыслары алып барылатуғынлығын мәлимлеймиз.
2020-жылы 16-июль сәнеси кешки саат 17:00 ден баслап 17-июль күни саат 13:00 ге шекем ишимлик суў кран ақпайтуғынлығын ескертемиз.
Қосымша ыдысларыңызды толтырып қойыўыңызды соранамыз.

Қоңырат районы суў тармақлары филиалы.
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Мектеп оқыўшылары жазғы дем алыс ўақытларын қалай өткермекте?

Қоңырат районы 36-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 4-класс оқыўшысы Муратбаева Сабина.

Каналымызға ағза болың
👇👇👇
@qongiratrkuz
ДЫҚҚАТ ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!

Ҳүрметли район турғынлары!

🔹Арнаўлы комиссия қарарына тийкар усы айдың 18-19 ҳәм 25-26-июль (шемби ҳәм екшемби) күнлери республика бойлап қатаң карантин енгизилиўине байланыслы барлық хызмет көрсетиў орынларының жумыслары тоқтатылады,

❗️Сондай-ақ район көлеминде физикалық ҳәм юридикалық шахсларға тийисли болған жеңил автомобиллер, микроавтобус, скутер, мототранспорт қураллары ҳәмде велосипедлердиң яғный барлық түрдеги автотранспорт қуралларының ҳәрекети тоқтатылады.
Солай екен карантин кағыйдаларына әмел еткен ҳалда көшеге шықпастан өзимизди ҳәм жақынларымызды асырап үйде отырайық.


🔷Инфекция тарқалыўының алдын алыў, өзимиз ҳәм жақынларымыздың ден саўлығын сақлаў сиз бенен бизиң қолымызда. Сол ушын карантин қағыйдаларына қатаң әмел етейик!


Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың
👇👇👇
@qongiratrkuz