QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
14.6K subscribers
47K photos
4.95K videos
27 files
14.3K links
Download Telegram
#Live

Байрам алдынан районымыздағы мекеме ҳәм кәрханалар жәмәәтлери, мәҳәлле белсендилери қоршаған орталықтың азадалығын сақлаў жумысларына қызғын кирисип кетти. Лекин абаданластырыў жумысларына бармақ арасынан қарайтуғынлар баршылық.
  Күни кеше район ҳәкиминиң басшылығында байрамды халқымыздың  жоқары кейпиятта күтип алыўын тәмийнлеў ушын барлық орынларда абаданластырыў жумысларын алып барыўға жуўапкерлер бекитилиўине қарамастан бул жумыслар өзи боладылыққа таслап қойылған.
Мәҳәллелердиң ишкерисине кирмей-ақ район орайынан кесип өтиўши R-173 орайлық көшесиниң бойындағы жағдайдан фотокөринислерди нәзериңизге усынамыз.
"Алтынкөл"посёлка пуқаралар жыйыны аймағындағы зыяратханалар, "Ханжап, "Бердақ","Қумбыз" мәҳәллелериндеги орайлық көшениң бойлары жабайы шөпке толып кеткен. Абаданластырыў жумыслары бойынша үгит-нәсият алып барыў тиккелей мәҳәлле баслықларының ўазыйпасы емес пе?

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
"Халық мәмлекетлик уйымларға емес,мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиýи керек"
  

   Президентимиздиң басламасы менен турмысқа енгизилип атырған бул идея мәмлекетимизде алып барылып атырған реформалардың мазмунын қурайды.Әйне соның ушын халықтың турмыс абаданлығын асырыý, олардың бүгининен разы болып жасаýын тәмийнлеý, ертеңги күнин және де жарқын етиý мақсетинде  мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң бар күш ҳәм имканиятлары  жумсалмақта.
    Бүгин Қоңырат районы ҳәкими Б.Мадаминовтың физикалық ҳәм юридикалық шахслар ушын нәўбеттеги қабыллаўы болып өтти.
   Қабыллаўға келген пуқаралар үй-жайларын оңлаý, материаллық ҳәм медициналық жәрдем,кредит қаржыларын ажыратыў, үй-жай кадастр хызмети, бәнтлик, жолларды оңлаý сыяқлы машқалалары менен район ҳәкимине мүрәжат етти. Қабыллаý даýамында пуқараларды толғандырып жүрген машқалалары тыңланды. Машқалалардың көпшилиги сол жердиң өзинде тийисли уйымлардың қатнасыýында өз шешимин тапты.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
Микрокредитлер муғдары үш есеге арттырылады

Мәселен, 100 миллион сумға шекемги микрокредит тек ғана 9 процент исбилерменлердиң талабын қанаатландырыўы ушын жетерли екенлиги мәлим болды. Соның ушын, киши ҳәм орта бизнести қоллап-қуўатлаў мақсетинде микрокредитлер муғдары 3 есеге арттырылып, 300 миллион сумға жеткериледи. Бунда кредиттиң 100 миллион сумға шекемги бөлегине гиреў талап етилмейди.

Бул мақсетке бир жылда 10 триллион сум бериледи.

Микрокредитлар миқдори уч каррага оширилади

100 миллион сўмгача микрокредит бор-йўғи 9 фоиз тадбиркорларнинг эҳтиёжи учун етарли эканлиги маълум бўлди. Шу боис, кичик ва ўрта бизнесни қўллаб-қувватлаш мақсадида микрокредитлар миқдори 3 карра оширилиб, 300 миллион сўмга етказилади. Бунда кредитнинг 100 миллион сўмгача бўлган қисмига гаров талаб қилинмайди.

Бу мақсадга бир йилда 10 триллион сўм берилади.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
24-25-avgust kúnleri "Máhálle abat—jurt abat" uranı tiykarında ulıwma xalıqlıq qayırqomlıq shembiligine bársheni belsendi qatnasıwǵa shaqırıp qalamız!
————————
24-25 avgust kunlari "Mahalla obod - yurt obod" shiori ostida umumxalq xayriya hashariga barchani faol ishtirok etishga chaqirib qolamiz!


Biziń betlerimiz: || Bizning sahifalarimiz:
Telegram | Instagram | Facebook | X
#Bes_baslama_olimpiadası
#Sektor_basqıshı
#Milliy_gúres_Prokuror_kubogi

⚡️ Qońırat rayonında "Bes baslama olimpiadası" sheńberinde máhálle jasları arasında Prokuror kubogı jarısınıń sektor basqıshı ótkerildi.

Búgin Qońırat rayonı 43-sanlı mekteptiń sport maydanshasında  "Bes baslama olimpiadası" sheńberinde sporttıń "Milliy gúres" túri boyınsha "Prokuror kubogi" jarısınıń sektor basqıshı ótkerildi.
Sektor basqıshında máhállelerden kelgen 18-30  jas kategoriyasındaǵı er balаlar hám qızlar 9 salmaq kategoriyasında óz-ara kúsh sınastı.

🔥Qızǵın bellesiwlerden soń jeńimpaz bolǵan jas palwanlarǵa shólkemlestiriwshiler tárepinen diplom hám qımbat bahalı sawǵalar tapsırıldı.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook