QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
14.5K subscribers
47K photos
4.96K videos
27 files
14.3K links
Download Telegram
Қоңырат районында сүтти қайта ислеў цехы иске түсти.

  Бүгин Қоңырат районындағы "Қоңырат"мәкан пуқаралар жыйыны аймағында сүт ҳәм сүт өнимлерин қайта ислеў цехы иске түсти.

  "Natural Foods servis " ЖШЖ баслығы Надырбек Тасаўов  тәрепинен коммерциялық банктен алған кредит ҳәм өз қаржысы есабынан Қытайдан заманагөй сүтти қайта ислеў ускенелери алып келинип орнатылды.

Бул қайта ислеў кәрханасының ашылыў мересимине район ҳәкими Бекзод Мадаминов, район прокуроры Жавлонбек Муфтуллаев, исбилерменлер ҳәм нураныйлар қатнасып, жәмийеттиң алдағы жумысларына табыслар тиледи.

     Күнине 2 тонна сүтти қайта ислеў қуўатлылығына ийе бул цехта ҳәзирги ўақытта 5 түрли сүт өнимлерин ислеп шығарыў жолға қойылған болып, төрт адам турақлы жумыс орны менен тәмийнленди.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
Қоңырат районында сүтти қайта ислеў цехы иске түсти.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook