QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.26K subscribers
45.5K photos
4.75K videos
27 files
13.8K links
Download Telegram
#Online
#сектор

Халықтың машқалаларын мәнзилли үйрениў ҳәм оларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў мақсетинде сектор баслықларының көшпели қабыллаўлары турақлы өткерилмекте.Қоңырат районы 1-сектор баслығының  "Ханжап" МПЖ дағы нәўбеттеги көшпели қабыллаўында  келип түскен ҳеш бир мәселе итибарсыз қалдырылмады. Ҳәким орынбасарлары, шөлкем ҳәм мекемелер басшыларының қатнасыўында өткерилип атырған бул қабыллаўда мүрәжат етиўшилердиң шағымлары ҳәм усыныслары үйренилип, машқалалардың шешими қадағалаўға алынбақта.
__
Аҳоли муаммоларини манзилли ўрганиш ва уларни қийнаб келаётган масалаларга ечим топиш мақсадида сектор раҳбарларининг сайёр қабуллари доимий ўтказилмоқда.
Қунғирот тумани 1-сектор раҳбариниң "Ханжап"МФЙ даги  навбаттаги сайёр қабулида келиб тушган ҳеч бир масала беэътибор қолдирилмади. Ҳоким уринбосорлари, идоралар ва муассасалар раҳбарлари иштирокида ўтказилаётган ушбу қабулда мурожаат этувчиларнинг шикоятлари ва таклифлари ўрганилиб, муаммолар ечими назоратга олинмоқда.

@qongiratrkuz
#кеўил_айтыў

Ардақлы нураный, Қарақалпақстанға мийнети сиңген мәденият хызметкери Мамбетмуратов Қуанышбай Сейдаметович 83 жасында дүньядан өтти.
Қуанышбай Мамбетмуратов
көп жыллар даўамында халық хожалығының түрли тараўларында хызмет етип, районымыздың раўажланыўына, халықтың турмыс абаданлығының асыўына үлкен үлес қосқан.

  Куанышбай Мамбетмуратовтың жақынларына ҳәм туўған- туўысқанларына  район ҳәкимлиги, "Нураный"қоры ҳәм кең жәмәәтшилик атынан терең қайғырыў менен кеўил билдиремиз.

Қоңырат районы ҳәкимлиги  Мәлимлеме хызмети

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
#Дыққат_вакансия

⚡️Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлер менен биргеликте төмендеги вакант лаўазымларға ашық таңлаў жәриялайды.

🔷 Мойнақ районы ҳәкимлиги:

▫️ “Тик өзек” АПЖ да ҳәким жәрдемшиси.

🔷 Қарақалпақстан Республикасы шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети:

▫️ Кегейли районлық бөлими: “Абат” МПЖда ҳаял-қызлар белсендиси.

🔷 Қараөзек районы ҳәкимлиги:

▫️ Бас есапшы.

🔷 Мәмлекетлик салық басқармасы:

▫️ Қоңырат районы салық инспекциясы: салық қадағалаў секторы баслығы.

▫️ Хожели районы салық инспекциясы: баслықтың биринши орынбасары.

❗️Aрзалар 04.06.2024-жыл саат 23:59 ға шекем қабыл етиледи.

🔷Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы:

▫️ Елликқала районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы:
4-аймақ 2-участкада (“Тозабоғ” АПЖ) комплекс социаллық хызмет көрсетиўши хызметкер.

▫️ Мойнақ районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы:
1-аймақ 1-участкада (“Мойнақ”, “Арал” АПЖ) комплекс социаллық хызмет көрсетиўши хызметкер.

3-аймақ 1-участкада (“Қазақдарья” МПЖ) комплекс социаллық хызмет көрсетиўши хызметкер.

▫️ Қанлыкөл районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы:
социаллық хызметлерди шөлкемлестириў бойынша қәниге.

🔷 Қарақалпақстан Республикасы шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети:

▫️ Тахтакөпир районлық бөлими: “Дәўир” МПЖда ҳаял-қызлар белсендиси.

🔷 Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы:

▫️ Мойнақ районлық бөлими: “Мәдели” МПЖда жаслар жетекшиси;

▫️ Тақыятас районлық бөлими: мәҳәлледеги жаслар жетекшилери жумысларын муўапықластырыў ҳәм жаслардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша бас қәниге.

🔷 Суў хожалығы министрлиги жанындағы мелиоратив экспедиция басқармасы:

▫️ Мелиорация ҳәм суў хожалығы шәртлерин комплекс анализлеў бөлими: инженер мелиоратор.

🔷 Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги:

▫️ Зыянлы организмлерди прогнозластырыў ҳәм мониторинг қылыў бойынша бас қәниге.

❗️Aрзалар 05.06.2024-жыл саат 23:59 ға шекем қабыл етиледи.

🔷 Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы:

▫️ Мойнақ районлық бөлими: “Тик өзек” МПЖда жаслар жетекшиси;

▫️ Мойнақ районлық бөлими: “Қызыл жар” МПЖда жаслар жетекшиси.

❗️Aрзалар 06.06.2024-жыл саат 23:59 ға шекем қабыл етиледи.

Ҳүжжетлерди электрон жибериў тәртиби бойынша видеоқолланба.

@ARGOS_QR
5-8 июнь күнлери Мойнақта “СТИХИЯ” халық аралық электрон музыка фестивалы өткериледи

Қарақалпақстанда жаслар туризмин раўажландырыў, Мойнақ районына көп санлы сырт елли туристлер ағымын тартыў ҳәм жергиликли турғынларға дәрамат келтириў мақсетинде тарийхта биринши мәрте фестиваль 4 күн болып өтеди.

Фестивальда Қубла Корея, Тайвань, Италия, Грузия, Япония, Латвия, Тунис ҳәм басқа да мәмлекетлерден улыўма 60 диджей қатнасады.

Бул жылы фестиваль шеңберинде бир ўақыттың өзинде 4 сахнада техно, трайбл-бейс, прогрессив, хаус-ритм ҳәм басқа да жанрларда электрон музыкалар өзгеше атмосфера жаратады.

Фестиваль “Факультет акустики” ЖШЖ тәрепинен шөлкемлестрилип келинбекте.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
#Háptelik_ilájlarına_belsene_qatnasıń

⚡️Mámleketimizde 1-iyunnan 8-iyun kúnine shekem "Xalıqtı jer silkiniwi boyınsha tayarlaw hápteligi" dep járiyalandı.

⚡️Háptelik dawamında respublikamızdıń barlıq aymaqlarında xalıqtı jer silkiniwi boyınsha tayarlaw hám ayrıqsha jaǵdaylarda durıs háreketleniwge úyretiw boyınsha oqıw shınıǵıwları hám basqa da ámeliy is-ilajlardı ótkeriw jobalastırılǵan.

❗️Húrmetli puqaralar

⚡️-Háptelik ilájlarına belsene qatnasıń;

⚡️-Jer silkiniwi júz bergende durıs háreketleniw boyınsha bilimlerińizdi asırıp barıń;

⚡️-Oqıw shınıǵıwları dawamında artıqsha hawlıqpaǵa berilmeń;
-Sociallıq tarmaqlar hám basqa da derekler arqalı tastıyıqlanbaǵan maǵlıwmatlardı tarqatpań!

Qońırat rayonı Ayrıqsha jaǵdaylar bólimi

Қоңырат районы ҳәкимлиги  Мәлимлеме хызмети

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
Qońırat rayonınıń sırtqı sawda aylanısı

2024-jıl yanvar-aprel ayları jaǵdayına Qońırat rayonınıń sırtqı sawda aylanısı kólemi 7122,9 mln. AQSh dollarına jetti.
Sonnan :
Eksport – 1281,4 mln. AQSh dolları
Import – 5841,5 mln. AQSh dolları muǵdarında gúzetildi.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
#Инсан_қәдири
#52_санлы_қарар

  “Ханжап”МПЖ аймағында жасаўшы 24 шаңарақтың турақ жайын шиферлаў режелестирилген. Соннан ең аўыр шараяттағы 4 жайдың төбесин шиферлаў жумыслары  толық жуўмақланып, үйиниң төбесин бастырыўға қолы келтелик етип турғанында мүшкили жеңиллести.

Қоңырат районында 934 аўыр шараятта жасаўшы шаңарақлардың үйлерин оңлап бериў нәзерде тутылған.
____

“Ханжап"МФЙ ҳудудида яшовчи 24 та оиланинг уйини  шиферлаш  режалаштирилган. Шундан энг оғир шароитдаги 4 уйнинг томини шиферлаш ишлари тўлиқ якунига етказилиб, уйининг томини бостиришга қўли калталик қилиб турган оилаларнинг мушкили енгиллашти.

Қўнғирот туманида 934 та оғир шароитда яшовчи оилаларнинг уйларини таъмирлаб бериш назарда тутилган.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Қарақалпақстан_телеканалы

Сайхунабад тәжирийбеси Қоңырат районында кең ен жаймақта

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•

🌐Қоңырат районы ҳәкимлигиниң социаллық тармақлардағы рәсмий бетлерине ағза болың:

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
09:00  05.06.2024
#Qońırat

“OCHIQ BYUDJET” MAKTABLAR MUAMMOLARINI YECHISHDA QOʻL KELDI

"АSHÍQ BYUDJET" MEKTEPLER MASHQALALARÍN SHESHIWDE QOL KELDI

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
Qońırat rayonında tiykarǵı kapitalǵa kirgizilgen investiciyalar

2024-jıl yanvar-aprel aylarında Qońırat rayonında tiykarǵı kapitalǵa kirgizilgen investiciyalardıń ulıwma kólemi milliy valyutada 845,1 mlrd somdı yamasa 2023-jıldıń sáykes dáwirine salıstırǵanda ósiw páti 295,9% ti quradı.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Жаңа Стамбул рейси арқалы жаңа имканиятлар ҳәм арзан баҳада саяхат етиў имканиятын қолдан жибермең!

Усы жылдың 3-июнь күнинен баслап «Нөкис-Стамбул-Нөкис» авиажөнелиси бойынша рейслер әмелге асырыла баслады.

Буннан тысқары сиз эконом класста 35 кг багаж (+ 8 кг қол жүги менен) ҳәм бизнес класста – 40 кг багаж (+ 15 кг қол жүги менен) жүк алып өтиў имканиятына ийе боласыз.

Рейслер ҳәптениң ҳәр дүйшенби күни төмендеги график бойынша әмелге асырылады:
✈️Нөкистен ушып кетиў Нөкис ўақты менен саат 10:35;

✈️Стамбулға жетип келиў Стамбул ўақты менен саат 12:55;

✈️ Стамбулдан ушып кетиў Стамбул ўақты менен саат 14:30;

✈️Нөкиске жетип келиў Нөкис ўақты менен саат 20:15;

🌐 Билетлерди www.uzairways.uz сайты арқалы онлайн ҳәм авиакассалардан алыў имкәниятына ийесиз.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

✉️Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Qońırat rayonınıń sanaat islep shıǵarıwı qanshaǵa ósti?

2024- jıldıń yanvar-aprel aylarında Qońırat rayonınıń sanaat islep shıǵarıw kólemi 410,9 mlrd. somdı qurap, ósiw páti 2023- jıldıń sáykes dáwirine salıstırǵanda 104,1% ke  ósken.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
5-iyun Xalıqaralıq qorshaǵan ortalıqtı qorǵaw kúni

Zımırap baratırǵan waqıtqa itibar qaratatuǵın bolsaq, jer júzinde túrli qubılıslar júz berip atır. Ásirese ana tábiyatımız keyingi jılları oǵada awır sınawlardı basınan keshirip atır. Hár kúni, hár tárepten túrli xabarlar qulaǵımızǵa shalınıp, kewillerimizde hár qıylı emociyalardı payda etip atırǵanı sır emes.

Dúnyanıń qaysı bir mámleketlerinde suw tasqınları bolıp atırsa, taǵı bir aymaqlarda mıńlaǵan gektar jerlerde tilsiz jaw órtler kelip shıqqanlıǵı, al jáne bir mámleketlerde jer silkiniwleri bolıp atırǵanlıǵın gúwası bolıp atırmız.

Suwdıń da sorawı bar deydi dana xalqımız. Biz ana tábiyatımızǵa qanshelli jaqsı múnásibette bolsaq, olda bizlerge sonday qatnasta boladı. Bunı ótken ásirdegi bir ǵana Aral teńizi mısalında kóriwimizge boladı.

Adamlardıń unamsız háreketlerinen soń teńiz izge sheginip bara berdi.
Ana tábiyatımızǵa bolǵan itibardı asırıw kerekligin waqıt bizge sezdirip barar edi. Rasında da, Ózbekstan Respublikası ǵárezsizlikke erisken jıllardan baslap-aq, bul baǵdarda, ekologiya hám qorshaǵan ortalıqtı qorǵaw islerine úlken itibar qaratıldı. Joq bolıp ketiw qáwipi astında turǵan ósimlik hám haywanat dúnyasın saqlap qalıw boyınsha bir qansha ámeliy isler alıp barılıp atırǵanlıǵı sózimizdiń dálili.

Elimizdi jasıl aymaqqa aylandırıw boyınsha Húrmetli Prezidentimizdiń baslaması menen kóplegen jumıslar óziniń unamlı tásirin kórsetip atır.

Sáne múnásibeti menen Ekologiya, qorshaǵan ortalıqtı qorǵaw tarawında pidayi xızmet etip atırǵan bárshe watanlaslarımızdı shın kewilimizden qutlıqlaymız. Ana tábiyatımızdı asırawday úlken hám mashaqatlı jumıslarıńızda kúsh-ǵayrat tilep qalamız.

Biziń betlerimiz: || Bizning sahifalarimiz:
Telegram | Instagram | Facebook | X
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Brifing

Ҳаял-қызлардың өзин-өзи жумыс пенен бәнт етиў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында  Қоңырат районы Шаңарақ ҳәм  ҳаял-қызлар бөлими баслығы,район ҳәкиминиң орынбасары Ж.Аметова сөз етеди.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев Мусулмонлар идораси раиси, муфтий шайх Нуриддин Холиқназар билан телефон орқали мулоқот қилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Мекке қаласында болып турған Мусылманлар уйымы баслығы, муфтий шайх Нуриддин Холиқназар менен телефон арқалы пикирлести.

#Mirziyoyev #muloqot #muftiy #Haj

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X