QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.21K subscribers
45.6K photos
4.75K videos
27 files
13.8K links
Download Telegram
🏆 Qaraqalpaqstan jasları ushın tálim granti

«Najot Tálim» Jaslar isleri agentliginiń " Keleshek kásipleri" joybarı sheńberinde Qaraqalpaqstan jasları ushın 200 grant járiyaladı.

Grant jeńimpazları «Najot Tálim»de 1 jılǵa shekem bolģan múddette bag'darlaw, grafik dizayn hám SMM tarawlarınıń birinde biypul tálim alıw múmkinshiligine iye boladı.

Bul grantta "Keleshek kásipleri" joybarınıń talaplarına juwap beretuģın barlıq qaraqalpaqstanlı jaslar qatnasıwı múmkin.

👉 Joybar menen tanısıw boyınsha qollanba

P. S. Bul grantqa qabıllaw tez arada juwmaqlanadı. Asıģıń, imkániyatıńızdı qoldan jiberip almań.

🔗 Grantqa dizimnen ótiw

📞 78-888-9-888

Kanalımızǵa aǵza bolıń:

➡️@qongiratrkuz‌‌
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Siz nelerge juwapkersiz?

Bul haqqında oylap kórdińiz be?

Telegram | Instagram | Facebook | Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#сиз_ушын_пайдалы

⁉️ Зыянкеслерден қутылыўдың нәтийжели усылын билесиз бе?

Билесиз, зыянлы жәнликлер  атыз өнимлериниң зүрәәтине өзиниң унамсыз тәсирин көрсетеди. Кейинги ўақытлары буған қарсы гүресиў ушын биологиялық усыллардан кең пайдаланылмақта.

Қәнигелердиң сөзлерине бола, буған қарсы гүресиўде алтынкөзден пайдаланыў жақсы нәтийже береди.

Толық мағлыўмат пенен жоқарыдағы видео арқалы танысыўыңыз мүмкин.

📹 Видеоны жақынларыңызға тарқатың.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң телеграм каналына ағза болың:
👉@qongiratrkuz‌‌
❗️Не ушын электроэнергия ҳәм тәбийий газдың классификацияланған тарифлери енгизилиўи керек болды?

Бизге мәлим болыўынша, усы ўақытқа шекем Өзбекстан Республикасында 1 кВт электр энергиясын ислеп шығарыў баҳасы 970 сумды, 1 куб метр тәбийий газди ислеп шыгарыў баҳасы болса 1890 сумды қураған.

Бирақ, мәмлекет тәрепинен жеңиллик болыўы ушын электр энергиясы ҳәм де табийий газ халқымызға өзиниң баҳасында сатылмаған. Яғный, усы ўақытқа шекем мәмлекет 1 кВт электр энергиясын халыққа 295 сумнан жеткерип берген болса, қалған 675 сумын бюджет есабынан субсидия тәризинде төлеп келген. Бул жағдай тәбийий газге де қолланылған (1 куб метр газдиң 380 сумын халық, 1510 сумын мәмлекет төлеген)

Мағлыўмат ушын, мәмлекет бюджети бул - халық төлеген салық дегени. Демек, субсидия ушын ажыратылатуғын пулларда халықтың бюджети болып есапланады.

Өткерилген тәжрийбелерге көре, орташа бир шаңарақ, кондиционер, кир жуўыў машинасы, утюг, телевизор пайдаланғанда айына 183 кВт-саат электр энергиясынан пайдаланған болып шыққан.

Ал бассейинин ысытатуғын, сауна қурған бай шахслар болса айына 5 мың кВт-саат электр энергиясы ислеткен.

Әлбетте, 5 мың кВт-саат электр энергиясы өзиниң есабынан емес, мәмлекет бюджети есабынан "төленген". Берилип атырған субсидияның кәмбағалдан да көре, байларға көбирек пайдасы тийген.

Нәтийжеде 85 процент халқымыздан да көре, 15 процент бай шахслар ислететуғын электр энергиясы көлеми кескин асып кеткен.

❗️Ҳүкимет қарарына көре, 2024-жыл 1-майдан баслап болса, бул әмелиятқа шек қойылады.

Ендигиден былай, көп электр энергиясынан ҳәм тәбийий газден пайдаланған шахслар мәмлекет бюджетине көбирек пул төлейди.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң телеграм каналына ағза болың:

@qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
"ҮШ ӘЎЛАД УШЫРАСЫЎЫ"

Қоңырат районындағы "Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық" сарайында район прокуратурасы тәрепинен ""Үш әўлад ушырасыўы" шөлкемлестирилди.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң телеграм каналына ағза болың:

@qongiratrkuz
Qońıratlı jaslar Úrgenish qalasında

   Jaslardı askeriy watansúyiwshilik ruwxında tárbiyalaw hám bos waqıtların mazmunlı shólkemlestiriw maqsetinde rayon hákimligi hám Mámleketlik qáwipsizlik xızmeti rayonlıq bólimi hám rayon hákimligi baslaması menen bir qatar mektep pitkeriwshi jasları ushın Úrgenish qalasındaǵı Jaloliddin Manguberdi   atındaǵı  qorǵanıw ministirliginiń áskeriy akademiyalıq liceyine sayaxat shólkemlestirildi.
Sayaxat dawamında oqıwshılar bul oqıw dárgayında jaratılgan sharayatlar menen jaqınnan tanıstı.

Kanalımızǵa aǵza bolıń:

➡️@qongiratrkuz‌‌
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ўзбекистон Республикаси Олий Мажлис Сенати аъзоси Б.Матмуратов томонидан “Маҳалла еттилиги” – Кенгаш – Сенат” уч бўғинли ҳамкорлик тизимини йўлга қўйиш мақсадида Қўнғирот туманидаги “Таллиқ” ва “Туркистон” маҳаллаларида учраётган муаммоларни бартараф қилиш, бу борада “Маҳалла еттилиги”га кўмаклашиш чоралари кўрилди.

Амалий учрашувлар давомида “Яшил макон” умуммиллий лойиҳаси доирасида маҳалла фуқаролар йиғини биноси атрофига кўчат экиш тадбирлари ҳам ташкил этилди.

Шунингдек, Сенатор Б.Матмуратов томонидан “Таллиқ” маҳалласи худудида истиқомат қилувчи боқувчиси бўлмаган, ижтимоий ҳимояга муҳтож оиланинг ҳолидан хабар олиниб, озиқ-овқат маҳсулотлари берилди.
"Мәҳәлле жетилиги” – Кеңес – Сенат”

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенати ағзасы Б.Матмуратов тәрепинен “Мәҳәлле жетилиги” – Кеңес – Сенат” үш буўынлы бирге ислесиў системасын жолға қойыў мақсетинде Қоңырат районындағы “Таллық” ҳәм “Түркистан” мәкан пуқаралар жыйынлары жетилиги менен ушырасып атырған машқалаларды сапластырыў, бул бағдарда “Мәҳәлле жетилиги”не көмеклесиў илажлары көрилди.

Әмелий ушырасыўлар даўамында “Жасыл мәкан” улыўмамиллий жойбары шеңберинде мәкан пуқаралар жыйыны имараты әтирапына нәллер егилди.

Сондай-ақ, Сенатор Б.Матмуратов тәрепинен “Таллық” мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы  бағыўшысы жоқ, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақтың ҳал-жағдайынан хабар алынып, шаңараққа азық-аўқат өнимлери берилди.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң телеграм каналына ағза болың:
👉@qongiratrkuz‌‌