QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
14.9K subscribers
46.3K photos
4.87K videos
27 files
14.1K links
Download Telegram
"ҮШ ӘЎЛАД УШЫРАСЫЎЫ"
⬇️⬇️⬇️
"ҮШ ӘЎЛАД УШЫРАСЫЎЫ"

Қоңырат районындағы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық сарайында район прокуратурасы тәрепинен ""Үш әўлад ушырасыўы" шөлкемлестирилди.
Тарийх, бүгин ҳәм келешекти өзинде жәмлеген бундай руўхый-ағартыўшылық илажлар елимиз турмысындағы ең ибратлы дәстүрге айналып бармақта.
Илажға үш әўлад ўәкиллери- прокуратура органлары мийнет ветеранлары, тараў пидайылары ҳәм жаслар мирәт етилди.
Ушырасыўда өз-ара сәўбетлерде мәмлекетимизде инсан факторына жоқары итибар берилип , жәмийетимиздиң ҳәр бир ағзасына ғамхорлық көрсетилип атырғанлығы, инсан қәдир-қымбатын, оның арзыў-нийетлерин жүзеге шығарыўға имканият жаратып бериў тийкарғы ўазыйпаға айналғаны тастыйықланды.
Жасы үлкен ата ҳәм аналарымыз өмири ҳәм мийнет искерлиги даўамында топлаған бай тәжирийбеси, жаслық дәўириндеги өзине сай қыйыншылықлар, нураныйларға көрсетилип атырған ҳүрмет-иззет ҳаққында өзлериниң кеўилден шыққан пикирлерин билдирди.
Бүгинги еркин ҳәм абат жәмийетимиз,пәраўан турмысымыз, булардың бәри мәмлекетимиз басшысы тәрепинен әмелге асырылып атырған өзгерис ҳәм жаңаланыўлар нәтийжеси екенлиги атап өтилди.
Илаж даўамында районлық Мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен концерт бағдарламасы усынылды.
2-сектор баслығы, район прокуроры Ж.Муфтуллаев илаж қатнасыўшыларына өз миннетдаршылығын билдирди. Нураныйларға ҳәм белсенди жасларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен китаплар ҳәм саўғалар инам етилди.

@qongiratrkuz
"ҮШ ӘЎЛАД УШЫРАСЫЎЫ"

@qongiratrkuz
❗️Бүгин, 4-апрель күни саат 23:59 да «Ашық бюджет»тиң 1-мәўсимине даўыс бериў процесси жуўмақланады

@qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
🌐Dıqqat

⚡️Mayıplıǵı bolǵan shaxslarǵa mólsherlengen vakant lawazımlarǵa ashıq tańlawlar járiyalanbaqta!


Sociallıq qorǵaw milliy agentligi ministrlik hám shólkemler, kárxanalar menen birgelikte Mámleketlik puqaralıq xızmeti vakant lawazımlarınıń birden-bir ashıq portalı arqalı mayıplıǵı bolǵan shaxslarǵa mólsherlengen vakant lawazımlar ushın ashıq tańlawlardı járiyaladı.

❗️Talabanlar dıqqatına!

Vakant lawazımǵa arza jiberiw ushın vacancy.argos.uz ǵa kiriń, "Kabinetga kirish" túymesin basıń.

Keyingi qádemde OneID sistemasınan dizimnen ótiń. Eger de Siz aldın OneID sistemasınan dizimnen ótken bolsańız, onda login va parolińizdi terip jeke kabinetińizge kiriwińiz múmkin.

Bunnan keyin tiykarǵı betke ótip, "Vakansiya izlash" túymesin basıń, "Nogironligi bo'lgan shaxslar uchun" bólimine ótiń. Vakant jumıs ornın saylań hám de lawazım ushın belgilengen mamanlıq talapları menen tanısqannan keyin "Ariza yuborish" túymesin basıń!

Vakant lawazımlar dizimi

Endi Siz vakant lawazım ushın ashıq tańlawda talabansız!

Arzańızdıń jaǵdayın álbette "Mening arizalarim" bóliminde kórip barıń.

📌 Mayıplıǵı bolǵan shaxslarǵa mólsherlengen vakant lawazımlar ushın ashıq tańlawlar ápiwayılastırılǵan tártipte shólkemlestiriledi.

Bunda:

tańlawdıń bárshe basqıshları jumıs beriwshi mákeme tárepinen shólkemlestiriledi;

bul vakant lawazımlar ushın tańlawlarda test sınawı ótkerilmeydi.

Telegram | Instagram | Facebook | Twitter