САҲРАДАҒЫ ПИДӘКЕР АҚСАҚАЛ
762 хожалықта 3092 адам жасайтуғын "Қарақалпақстан" посёлка пуқаралар жыйыны республикамыздың Қазақстан менен шегаралас арқа дәрўазасы. Ең алыстағы аймақ халқының турмыс пәраўанлығының асыўында әлбетте, посёлка пуқаралар жыйыны баслығы Кутлы Кошымбетованың пидайылық көрсетип, ҳәр бир басламада ең дәслеп өзи басқаларға үлги болып атырғанлығын да айрықша атап өтиўимиз орынлы.
Кутлы Кошымбетова шаңарағында бес перзентти тәрбиялап камалға келтирип, ақлық, шаўлық сүйип отырған әдиўли ана.
-Исбилерменлик, үй алды қыйтақ жеринде мийнет етиў адамларды әсиресе , жасларды ҳәм физикалық ҳәм руўхый жақтан тәрбиялайды,-
дейди қаҳарманымыз.
"Эл-юрт ҳурмати", "Дослық"орденлери, "Шуҳрат"медалы ийеси Қутлы Қошымбетованың көп жыллық мийнетлери баҳаланып ,мәмлекетимиздиң ең жоқары сыйлықларына миясар деп табылыўы ең шетки аймақта жасап ҳәм мийнет етип атырған хаял-қызларға деген ҳүрмет иззеттиң бир белгиси.
•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
➥ @qongiratrkuz

Bugun BMT taraqqiyot dasturining Oʻzbekistondagi vakolatxonasi rahbari vazifasini bajaruvchi Anas Fayyad Karman bilan uchrashuv oʻtkazdik.
Suhbat chogʻida tibbiyot sohasidagi hamkorlik masalalari muhokama qilindi.
-
Сегодня мы провели встречу с и.о. главы представительства ПРООН в Узбекистане Анасом Файядом Карманом.
Мы обсудили актуальные вопросы в системе здравоохранения и договорились о реализации совместных проектов.

ТАЙЫНЛАЎ
Джуманиязов Фаррух Камилжанович
Қоңырат районы ҳәкиминиң тийисли қарары менен
Қоңырат районы экономика ҳәм финанс бөлими баслығы лаўазымына тайынланды.
Ф. Джуманиязов усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Қоңырат районы бойынша ғазнашылық бөлими баслығы лаўазымында ислеп киятырған еди.
•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
➥ @qongiratrkuz
Джуманиязов Фаррух Камилжанович
Қоңырат районы ҳәкиминиң тийисли қарары менен
Қоңырат районы экономика ҳәм финанс бөлими баслығы лаўазымына тайынланды.
Ф. Джуманиязов усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Қоңырат районы бойынша ғазнашылық бөлими баслығы лаўазымында ислеп киятырған еди.
•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
➥ @qongiratrkuz
ТЕМИРДИ АДАМЛАРҒА ХЫЗМЕТ ЕТТИРГЕН УСТА
Қоңыратта ата-бабалар кәсибин даўам еттирип киятырған уста өнерментлер көп.
"Туран"мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Бахтияр Қудияров
темиршилик пенен көп жыллардан бери шуғылланады. Кәсибиниң арқасында өзин-өзи бәнт етип, шаңарағын тербетип отыр. Перзентлерин оқытып-тәрбиялады, жай тикледи, машина алды. Әлбетте, өнер инсанды ҳүрмет-иззетке бөлейди.
Устаның мәлим етиўинше, темиршиликтиң мийнети аўыр болғаны себепли сырттан онша көп шәкиртлер келе бермейди, қыйыншылығына шыдағанлары ғана өз жумысын даўам еттирмекте екен. "Устаз-шәкирт" дәстүри тийкарында өз өнерин жасларға бийпул үйретиўди жолға қойған. Уста өнермент аймақ ҳәким жәрдемшиси Турсынбай Сипатдиновтың көмеги менен жеңилликли кредит алып, өним түрлерин көбейтпекте. Буйыртпа тийкарында үй хожалық буйымлары, дәскелеринен тартып, есик, дәрўазалар қурып, халықтың алғысына бөленбекте.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң рәсмий жуўабы
⬇️⬇️⬇️
Бүгин , 28 -март күни социаллық тармақлардың биринде жәрияланған Қоңырат районы А.Бегимов көшесиндеги жарылған ишимлик суў тармағын оңлаў бойынша пуқаралар тәрепинен жолланған мүрәжат тийисли тәртипте үйренилип, машқаланы тез арада сапластырыў илажлары көрилетуғынлығын мәлим етемиз.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz

#Билесизбе
✳️ Нызамшылыққа көре, фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў қоры қаржылары есабынан халықтың қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыў бағдарында қыйтақ жер ийелерине 3 миллион сўмға шекем микрокредитлер берилиўи ҳәм бул микрокредитлер бирден-бир электрон платформа арқалы ажыратылыўы белгиленген.
_
#Биласизми
✳️ Қонунчиликка кўра, фермер, деҳқон хўжаликлари ва томорқа ер эгаларини қўллаб-қувватлаш жамғармаси маблағлари ҳисобидан аҳоли томорқаларидан самарали фойдаланиш йўналишида томорқа ер эгаларига 3 миллион сўмгача микрокредитлар берилиши ҳамда ушбу микрокредитлар ягона электрон платформа орқали ажратилиши белгиланган.

Мәҳәлле жетилиги: онда ҳәким жәрдемшисиниң орны қандай?
⚡️Қоңырат районы"Киет"аўыл пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшиси Икрам Бекниязовтың аймақ халқының турмыс абаданлығы жолында алып барып атырған жумыслары ҳаққында районлық"Қоңырат ҳақыйқаты"газетасында
•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
➥ @qongiratrkuz
⚡️Қоңырат районы"Киет"аўыл пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшиси Икрам Бекниязовтың аймақ халқының турмыс абаданлығы жолында алып барып атырған жумыслары ҳаққында районлық"Қоңырат ҳақыйқаты"газетасында
•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
➥ @qongiratrkuz
Пүткил дүнья жүзи бойлап белгиленген арнаўлы стандарт бойынша жол ҳәрекети қағыйдалары инсан өмири ҳәм денсаўлығы, сондай-ақ жол ҳәрекетин тәртипке салып турыў ушын ислеп шығылған.
Транспорт басқарыўшыларының жолларда жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етпей басқарып жүриўи тек ғана өзлерине емес, ал басқа да жол ҳәрекети қатнасыўшыларының өмирине ҳәм денсаўлығына қәўип туўдырады. Бул ҳаққында ғалаба хабар қураллары арқалы тез-тезден көрсетиўлер, үгит-нәсият жумыслары ҳәм ўақыя орынларынан репортажлар таярланып көрсетилиўине қарамастан бизиң ўақыямыз қаҳарманы жол ҳәрекети қағыйдасына әмел етпеген.
Судланыўшы Д. 2023-жыл 14-май күни саат 02:30 да өз басқарыўындағы пуқара М.ға тийисли ақ реңли «Кобальт» маркалы автомашинасын А-380 «Гүзар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолы менен «Даўыт-ата» бажыхана шегара посты тәрептен Қоңырат районы орайына қарай басқарып баратырып, усы асфальт жолдың 892-893 километрине келгенинде, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 12-апрель күнги 172-санлы қарары менен тастыйықланған ҳәм 2022-жыл 1-май күнинен баслап әмелде болған «Жол ҳәрекети қағыйдалары»ның 12-бәнти 1-киши бәнтинде, «айдаўшыларға транспорт қуралын ҳәр қандай мәс ҳалында, сезгирликти ҳәм итибарды төменлетиўши дәри-дәрмақлар тәсиринде, жол-ҳәрекети қәўипсизлигине қәўип туўдыратуғын дәрежедеги шаршағанлық ҳәм бийтаплықта басқарыў қадаған етиледи”, 77-бәнтинде, «айдаўшы ҳәрекеттиң көп екенлигин, транспорт қуралы ҳәм жүктиң өзгешелиги менен жағдайын, жол ҳәм ҳаўа-райы шараятын, сондай-ақ, ҳәрекет етиў бағытындағы көринисти есапқа алған жағдайда транспорт қуралын белгиленген тезликтен асырмай басқарыўы керек; тезлик айдаўшыға қағыйда талапларын орынлаў ушын транспорт қуралының ҳәрекетин турақлы қадағалап барыў мүмкиншилигин бериўи керек; ҳәрекет етиў ўақтында айдаўшы анықлай алыў мүмкиншилиги болған қәўип пайда болса, ол транспорт қуралының тезлигин толық тоқтата алатуғын дәрежеде пәсейтиў яки тосқынлықты басқа ҳәрекет қатнасыўшылары ушын қәўип туўдырмаған ҳалда айланып өтиў илажларын көриўи керек» деп көрсетилген талапларды бузып, жолға сезгирлик ҳәм итибар менен қарамастан, автомашинасын басқарыўды жойтып, асфальт жолдан шығып кетип, жолдың қубла тәрепки шетиндеги қумлық жерге аўдарылған. Нәтийжеде, усы автомашинаның жолаўшылары 1977-жылы туўылған пуқара Ж., 1984-жылы туўылған пуқара А., оның 2018-жылы туўылған жас өспирим перзенти Н., 1982-жылы туўылған пуқара Ж., 1976-жылы туўылған пуқара Қ. аўыр дене жарақатын алып, қайтыс болған.
Судланыўшы жоқарыдағы жынайый ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниӊ 266-статьясы 3-бөлиминиӊ «а» бәнтинде нәзерде тутылған жынаятты қастан ислеген.
Суд мәжилисинде, судланыўшы Д. айыбын толық мойынлап қылған исинен шын кеўилден пушайман болып, жәбирлениўшилердиң нызамлы ўәкиллеринен кеширим сорады. Оған усы статья менен 3 (үш) жыл мүддетке барлық түрдеги автотранспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырыў, 8 (сегиз) жыл мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланды.
Судланыўшыны жазасын алды,әттең, итибарсызлық ақыбетинде өмирден көз жумғанларды енди қайтарып болмайды.
Берик АЙМУРАТОВ,
жынаят ислери бойынша Қоңырат районлық судының судьясы.

Қарақалпақстан Республикасы бойынша 1972 исбилерменлик ушын жер участкалары мүлк ҳәм ижара ҳуқықы менен саўдаға шығарылды
e-auksion.uz
🔷Нөкис қаласы 5 (көриў)
🔷Әмиўдәрья районы 22 (көриў)
🔷Беруний районы 140 (көриў)
🔷Бозатаў районы 69 (көриў)
🔷Қараөзек районы 145 (көриў)
🔷Кегейли районы 133 (көриў)
🔷Қоңырат районы 259 (көриў)
🔷Қанлыкөл районы 97 (көриў)
🔷Мойнақ районы 184 көриў)
🔷Нөкис районы 151 (көриў)
🔷Тақыятас районы 60 (көриў)
🔷Тахтакөпир районы 102 (көриў)
🔷Төрткүл районы 181 (көриў)
🔷Хожели районы 168 (көриў)
🔷Шымбай районы 132 (көриў)
🔷Шоманай районы 85 (көриў)
🔷Елликқала районы 39 (көриў)
социаллық тармақларда:
Telegram | Facebook | Instagram | Youtube