QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
15K subscribers
46K photos
4.84K videos
27 files
14K links
Download Telegram
Ассалаўма алейкум, әзиз Қоңыратлылар!

Усы күнлерде жаңаланыў, жасарыў ҳәм гөззаллық байрамы деп аталған, ҳәр биримиздиң кеўлимизге бәҳәр жыллылығын  ҳәм гөззаллықты алып кирип атырған сүйикли байрамымыз Наўрыз себепли ана тәбиятымыз және де шырай ашпақта.
Халқымыз әзелден Наўрызды "Жаңа күн","Жыл басы"деп бийкарға атамаған. Наўрыз келиўи менен бәҳәрдиң нәпеси пүткил әлемди оятып, кеўиллерге күш-ғайрат инам етеди.

Халқымыз әсирлер даўамында инсанларды руўҳый бирлестириўши, олардың қәлбинде ийги нийетлерди және де беккемлеўши, инсаныйлық, меҳир-мириўбетти өзинде жәмлеген Наўрызды  молшылық ҳәм қут- берекет байрамы сыпатында белгилеп келеди.
Быйылғы Наўрыз салтанатлары да районымызда өзгеше бир руўта, жаңалықларға бай тәризде нышанланбақта. Байрам қарсаңында
районымыздың барлық аймақларында кең көлемли абаданластырыў жумыслары алып барылды. Мийўели ҳәм декоратив нәллер егилип, көмекке мүтәж инсанлардың ҳал-жағдайынан хабар алынды.
Кеше ғана районымызда болып өткен Наўрыз сейили халқымызға үлкен қуўаныш ҳәм  шадлық инам етти деп ойлайман. Байрам салтанатларында миллий ойынлар, өнерментшилик көргизбелери тамашаланып, барлық аймақларда миллий тағамларымыз сүмелек, наўрыз гөжелер таярланды.

Тәбияттың өзгерислерине уйғын тәризде халқымыздың турмысы да өзгерип,жаңаланып бармақта. Жаңа қурылған үй-жайлар, кең ҳәм рәўан жоллар, билимлендириў ҳәм ден саўлықты сақлаў мекемелери, абат аўыллар ҳәм жаңадан иске түсип атырған ислеп шығарыў кәрханалары районымыздың көркине-көрк қосып, халқымыздың турмысына пәраўанлық алып кирмекте.

Усы күнлерде ҳәзирети дийханларымыз үлкен нийетлер менен жаңа мийнет мәўсимин баслаў қарсаңында тур. Биз оларға жылымыз қутлы келиўин, жетистиретуғын зүрәәтлери мол болыўын тилеп қаламыз!

Қәдирли районымыз турғынлары!

Шығыс халықларының жаңа жылы Наўрыз ҳәр бириңиздиң шаңарағыңызға шадлық, мол ырысқы-несийбе алып келиўин тилеймен!

Кирип келген жаңа жыл басы- Наўрыз  журтымызға қут-берекет, халқымызға тынышлық-қәтержамлық ҳәм абаданшылық алып келгей!

Ҳүрмет пенен
Қоңырат районы ҳәкими
Бекзод Мадаминов


•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•

@qongiratrkuz
Президент Шавкат Мирзиёев иштирокида "Humo Arena" мажмуасида Наврўз шодиёнаси бўлиб ўтмоқда. Унда давлатимиз раҳбари нутқ сўзлаб, халқимизни байрам билан табриклади.

В комплексе "Humo Arena" с участием Президента Шавката Мирзиёева проходят торжества, посвященные Наврузу. На них глава нашего государства выступил с поздравительной речью.

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёевнинг Наврўз умумхалқ байрамига бағишланган тантанали маросимдаги табрик нутқи

Приветственное слово Президента Республики Узбекистан Шавката Мирзиёева на торжествах, посвященных всенародному празднику Навруз

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
23-март күни Мойнақ районында "NavrUz" этнофестивали болып өтеди

Этнофестиваль шеңберинде фольклор ҳәм эстрада атқарыўшыларының концерт бағдарламасы, өнерментлер көргизбеси, миллий халық ойынлары, спорт жарыслары ҳәмде басқа да бир қатар мәдений ҳәм кеўилашар илажлар өткериледи.

Этнофестиваль Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасының басламасы менен 2019-жылдан берли өткерилип келинбекте.

Derek: t.iss.one/turizm_kr

Telegram | Instagram | Facebook | Twitter
🌿Мине, үш ай хүкимлик еткен,қыраўлы қыстың қәҳәри кетип, жыллы нәпеси менен бәҳәрди баслап Наўрыз елимизге кирип келди.

🌷Наўрыз!!!

🌸Шадлықтың, бахыттың, жаксылықтың дабылын қағып дәстүрханымызға молшылықтың туқымын шашып келгейсең! Меҳир-мириўбет, ҳүрмет-иззет, сыйласық, берекет, йош-илҳам, қуўаныш, әўмет, табыс алып келгейсең !

🌺Күниңиз қуýанышларға толы болсын,әзийзлер!


•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

@qongiratrkuz
    
#билесиз_бе

Новруз, сондай-ақ, Навруз (парсы тилинен алынғанда "жаңа күн"дегенди аңлатады)
Наýрыз- иран хәм түрк халықларының астрономиялық қуяш календары бойынша бәҳәрдиң келиýи белгиленетуғын байрамы. Наýрыз ислам дәстүрлерине ҳеш қандай қатнасы жоқ миллий байрам.
Бийдай-Наўрыз байрамының тымсалы.

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

@qongiratrkuz
    
Әзиз дослар!

Гөззал үлкемизде жасап атырған, миллети, тили ҳәм динине қарамастан, барлық ўатанласларымыз беккем аўызбиршиликте Ана диярымыздың гүллеп жаснаўы жолында хызмет етип,тыныш- татыў жасап келмекте.
Бүгинги қәдирданлықты, ҳүрмет-иззетти тастырып жиберетуғын дийдарласыўлар Наўрыздың кеңпейиллик ҳәм жақсылық тымсалы екениниң және бир айқын мысалы бола алады.Улыстың уллы күнинде Наўрыздың жанға жағымлы намасы шалынып, миллий кийимлери менен әтирапқа сән берген жаслар, ақ пәтиясы менен бәрҳулла оларға туўры жолды көрсетип отыратуғын нураныйлар, гүллән халқымыз аўызбиршилик пенен байрамламақта. Бул байрамда кеўлимиздеги барлық жақсы нийетлеримиз әмелге ассын!
Наўрыз байрамы бәршемизге қутлы болсын!

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

@qongiratrkuz
    
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️22 мартМаҳалла тизими ходимлари куни билан Президент Шавкат Мирзиёев жонкуяр ва фидойи маҳалла ходимларини табриклади.
____

⚡️22-март-Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни менен Президент Шавкат Мирзиёев жанкүйер ҳәм пидайы мәҳәлле хызметкерлерин қутлықлады.

@qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Президент Шавкат Мирзиёев: Юртимиз тинч, халқимиз омон бўлсин! Наврўзи олам барчамизга муборак бўлсин!

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Forwarded from ҚР МҒКБ
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#сиз_ушын_пайдалы

❗️Тамшылатып суўғарыў арқалы көп шығынсыз, 20% артық өним аласыз

Видеодағы усыл арқалы жер майданыңыздың қурғап кетпеўин тәмийинлеп, турақлы түрде бирдей нормада ығалландыра аласыз. Сондай-ақ, 15-20% артығы менен де өним алсаңыз болады.

📹 Видеоны егинлерин көп суўғаратуғын танысларыңызға жиберип қойың.
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#сиз_ушын_пайдалы

⁉️ Үй шараятында суў фильтрин қалай ислеймиз?

Үйдеги ишимлик суўы қурамындағы аўыр метал ҳәм дузлар қайнатқан менен де қалып қояды. Ал, фильтрлер болса басқалар ушын қымбат болыўы мүмкин.

Үй шараятында да суў фильтрлерин ислеўге болады. Буны жоқарыдағы видеодан билип аласыз.

📹 Видеоны үйине фильтр орнатыўы керек достыңызға жибериң.

@qongiratrkuz