МЕКТЕПТИҢ ЖАҢА ИМАРАТЫ ПАЙДАЛАНЫЎҒА ТАПСЫРЫЛДЫ
Ҳәр қандай байрам алдынан жаңа социаллық объектлердиң пайдаланыўға тапсырылыўы Қоңыратлылар ушын да жақсы дәстүрге айналған.
"Той саўғасы менен" дегениндей Наўрыз байрамы қарсаңында "Жиңишке" мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 43-санлы мектептиң жаңа имаратының ашылыў салтанаты болып өтти. Мектептиң ашылыў салтанатында сөзге шыққанлар бүгинги күнде елимизде билимлендириў тараўында алып барылып атырған реформаларға тоқтап өтти. Мийманлар билим дәргайындағы оқыўшылар ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.
Сметалық баҳасы 9 млрд 342,8 млн .сўм болған жаңа заманагөй имараттың қурылыс жумыслары "НУКУС КОНСТРУКЦИЯ ҚУРЫЛЫС" ЖШЖ тәрепинен алып барылды.Мектептиң жаңа имаратының тапсырылыўы аймақ халқы ушын ҳақыйқый байрам саўғасы болды.
•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•
➥ @qongiratrkuz

Әзиз ўатанласлар!
Ең дәслеп, бәршеңизди, көп миллетли пүткил халқымызды жанажан Өзбекстанымызға, әзиз Қарақалпақстанымызға кирип келген Наўрыз байрамы менен қызғын қутлықлап, ең жақсы тилеклеримизди билдиремиз.
Ҳүрметли дослар!
Ҳәммемиз жақсы билемиз, Наўрыз тынышлықты, татыўлықты қәдирлеп, бир-биримизге мийирманлық етип, қәстерлеп жасаўға шақырады.
Гөззал үлкемизде жасап атырған, миллети, тили ҳәм динине қарамастан, барлық ўатанласларымыз беккем аўызбиршиликте, дослық, татыўлықта Ўатанымыздың гүллеп жаснаўы жолында хызмет етип, биргеликте жасап келмекте.
Бүгинги күнде "Әлем сениң менен нурға толады, Наўрыз!" сүрени астында байрам салтанаты республикамыз бойлап кең түрде даўам етпекте.
Айтып өтиў керек, қәдирданлықты, ҳүрмет-иззетти тастырып жиберетуғын дийдарласыўлар Наўрыздың кеңпейиллик ҳәм жақсылық тымсалы екениниң және бир айқын мысалы бола алады. Наўрыздың жанға жағымлы намасы шалынып, миллий кийимлери менен әтирапқа сән берген жаслар, ақ пәтиясы менен бәрҳама оларға туўры жолды көрсетип отыратуғын нураныйлар, қәдирли Ўатанласларымыз беккем аўызбиршилик пенен байрамды мүнәсип белгилемекте.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Илайым, кеўлимиздеги барлық жақсы нийетлеримиз әмелге ассын!
Елимиз тыныш, халқымыз аман, аўызбиршилигимиз даўамлы болсын!
Наўрыз байрамы бәршемизге мүбәрек болсын!
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter

Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Наўрыз_қуўанышлары
#Қашы_МПЖ
Қоңырат диярының барлық аймақларында Наўрыз нәпеси ҳүкимлик етпекте.
•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•
➥ @qongiratrkuz
#Қашы_МПЖ
Қоңырат диярының барлық аймақларында Наўрыз нәпеси ҳүкимлик етпекте.
•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•
➥ @qongiratrkuz
Бироздан сўнг "Humo Arena" мажмуасида Президент Шавкат Мирзиёев иштирокида Навруз байрами шодиёнаси бошланади.
Байрам тадбирини жонли тарзда Матбуот хизматининг Facebook ва YouTube даги расмий саҳифаларида томоша қилинг.
—
Скоро в комплексе "Humo Arena" c участием Президента Шавката Мирзиёева начнутся торжества по случаю праздника Навруз.
Смотрите прямую трансляцию праздничного мероприятия на официальной странице пресс-службы Президента в Facebook и YouTube.
Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Байрам тадбирини жонли тарзда Матбуот хизматининг Facebook ва YouTube даги расмий саҳифаларида томоша қилинг.
—
Скоро в комплексе "Humo Arena" c участием Президента Шавката Мирзиёева начнутся торжества по случаю праздника Навруз.
Смотрите прямую трансляцию праздничного мероприятия на официальной странице пресс-службы Президента в Facebook и YouTube.
Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Наўрыз_қуўанышлары
#Қаңлы_МПЖ
#халық_сейили
🌺Мүриўбеттиң нурын қуйып жанларға,
Жүрек шәўкилдесип, қуўантып елди,
Жарық сәўле берип атар таңларға,
Жарықлық, Наўрыздың байрамы келди.🌿
•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•
➥ @qongiratrkuz
#Қаңлы_МПЖ
#халық_сейили
🌺Мүриўбеттиң нурын қуйып жанларға,
Жүрек шәўкилдесип, қуўантып елди,
Жарық сәўле берип атар таңларға,
Жарықлық, Наўрыздың байрамы келди.🌿
•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•
➥ @qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Қарақалпақстан_телеканалы
#Журтым_жамалы
Жаңаланыý, жасарыý байрамы, Улыстың уллы күни -Наýрыз байрамы көп миллетли Қоңырат районының барлық аймақларында жоқары кейпиятта белгиленбекте.
•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•
➥ @qongiratrkuz
#Журтым_жамалы
Жаңаланыý, жасарыý байрамы, Улыстың уллы күни -Наýрыз байрамы көп миллетли Қоңырат районының барлық аймақларында жоқары кейпиятта белгиленбекте.
•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•
➥ @qongiratrkuz
Ассалаўма алейкум, әзиз Қоңыратлылар!
Усы күнлерде жаңаланыў, жасарыў ҳәм гөззаллық байрамы деп аталған, ҳәр биримиздиң кеўлимизге бәҳәр жыллылығын ҳәм гөззаллықты алып кирип атырған сүйикли байрамымыз Наўрыз себепли ана тәбиятымыз және де шырай ашпақта.
Халқымыз әзелден Наўрызды "Жаңа күн","Жыл басы"деп бийкарға атамаған. Наўрыз келиўи менен бәҳәрдиң нәпеси пүткил әлемди оятып, кеўиллерге күш-ғайрат инам етеди.
Халқымыз әсирлер даўамында инсанларды руўҳый бирлестириўши, олардың қәлбинде ийги нийетлерди және де беккемлеўши, инсаныйлық, меҳир-мириўбетти өзинде жәмлеген Наўрызды молшылық ҳәм қут- берекет байрамы сыпатында белгилеп келеди.
Быйылғы Наўрыз салтанатлары да районымызда өзгеше бир руўта, жаңалықларға бай тәризде нышанланбақта. Байрам қарсаңында
районымыздың барлық аймақларында кең көлемли абаданластырыў жумыслары алып барылды. Мийўели ҳәм декоратив нәллер егилип, көмекке мүтәж инсанлардың ҳал-жағдайынан хабар алынды.
Кеше ғана районымызда болып өткен Наўрыз сейили халқымызға үлкен қуўаныш ҳәм шадлық инам етти деп ойлайман. Байрам салтанатларында миллий ойынлар, өнерментшилик көргизбелери тамашаланып, барлық аймақларда миллий тағамларымыз сүмелек, наўрыз гөжелер таярланды.
Тәбияттың өзгерислерине уйғын тәризде халқымыздың турмысы да өзгерип,жаңаланып бармақта. Жаңа қурылған үй-жайлар, кең ҳәм рәўан жоллар, билимлендириў ҳәм ден саўлықты сақлаў мекемелери, абат аўыллар ҳәм жаңадан иске түсип атырған ислеп шығарыў кәрханалары районымыздың көркине-көрк қосып, халқымыздың турмысына пәраўанлық алып кирмекте.
Усы күнлерде ҳәзирети дийханларымыз үлкен нийетлер менен жаңа мийнет мәўсимин баслаў қарсаңында тур. Биз оларға жылымыз қутлы келиўин, жетистиретуғын зүрәәтлери мол болыўын тилеп қаламыз!
Қәдирли районымыз турғынлары!
Шығыс халықларының жаңа жылы Наўрыз ҳәр бириңиздиң шаңарағыңызға шадлық, мол ырысқы-несийбе алып келиўин тилеймен!
Кирип келген жаңа жыл басы- Наўрыз журтымызға қут-берекет, халқымызға тынышлық-қәтержамлық ҳәм абаданшылық алып келгей!
Ҳүрмет пенен
Қоңырат районы ҳәкими
Бекзод Мадаминов