QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.05K subscribers
46K photos
4.82K videos
27 files
13.9K links
Download Telegram
#Руўхый_ағартыўшылық_илажлары

❇️Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Руўхый-ағартыўшылық жумыслар нәтийжелилигин асырыўға бағдарланған 9-санлы баянламасында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде район аймағындағы үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.

🔰Усы тийкарда бүгин райондағы Абу Али Ибн Сино атындағы жәмийет саламатлық техникумынде илаж ѳткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасынан бириктирилген үгит-нәсиятшылар, Депутатлар ҳәм районлық исши топар ўәкиллери қатнасты.

📌Илажда сѳзге шыққанлар  жәмийетте социаллық руўхый орталық турақлылығын тәмийинлеў, миллетлер аралық татыӯлықты беккемлеў ҳәм елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли  реформалардың барысы, социаллық-экономикалық жақтан раӯажландырыӯ бойынша  қабыл етилип атырған Пәрман ҳәм қарарлардың мазмун –әҳмийетлери бойынша кең түсиниклер берип ѳтти.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
➡️https://t.iss.one/qongiratrkuz
❇️Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Руўхый-ағартыўшылық жумыслар нәтийжелилигин асырыўға бағдарланған 9-санлы баянламасында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде район аймағында үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.

🔰Усы тийкарда райондағы "Өрнек" ҳәм "Киет" АПЖ да жайласқан 7-санлы мектепте илаж болып өтпекте.
Онда Қарақалпақстан Республикасынан бириктирилген үгит-нәсиятшылар, депутатлар ҳәм районлық исши топар ўәкиллери қатнаспақта.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ комитет баслығы Ш.Отемисов Ѳзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2024-жыл 2-февральдағы “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумыс нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында”ғы ПФ-28-санлы Пәрманыныӊ мазмуны-әҳмийети менен таныстырып ѳтти.
Бунда жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысы үстинен халық депутатлары Кеңеслериниң қадағалаў функцияларын кеңейтиў мақсетинде оларға оннан аслам қосымша ўәкилликлер берилди. Атап айтқанда, прокуратура, әдиллик, ишки ислер, қаржы, салық, экология ҳәм ден саўлықты сақлаў уйымлары басшыларының есап беретуғыны белгилеп қойылды. Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапық жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли ҳәм атқарыў ҳәкимияты уйымларының ўәкилликлери, жергиликли Кеңес баслығы ҳәм ҳәким лаўазымлары бир-биринен ажыратылғаны ҳәкимиятлардың бөлиниўине байланыслы конституциялық принциптиң жергиликли дәрежеде орынланыўын тәмийинлеўде әҳмийетли қәдем болды деп атап ѳтти.


Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
➡️https://t.iss.one/qongiratrkuz
❗️Хабарландырыў

Қоӊырат районында Қаңлы,Қаратал, Бердах,Моншақлы, Мыңжарған, Түркистан МПЖ аймағында 2024-жыл 8-февраль күни саат 09:30 ден 13:00  аралығында  Қусферма, Коңырат фидерлеринде  киши оӊлаӯ жумыслары өткерилиӯине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.

Қоңырат РЭТК
➡️https://t.iss.one/qongiratrkuz
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ қырқ сегизинши сессиясы басланды

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, Республика сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасып атыр.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып бармақта.

Сессия Жоқарғы Кеңестиң facebook каналы ҳәм «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирде жарытып барылады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Сессияныӊ күн тәртибиндеги дәслепки мәселе Қарақалпақстан Республикасында мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында Денсаўлықты сақлаў министриниң есабаты ҳаққында болып, бул мәселе бойынша Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов баянат жасады.

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыўы - бул мәмлекет бюджети есабынан кепилленген медициналық жәрдем менен халықтың барлық қатламларын өз ишине алатуғын, профилактика, скрининг ҳәм патронаж хызметлери үстемлигин тәмийинлейтуғын система болып табылады.
 
Бизде Мәмлекетлик медицина қамсызландырыўы механизмлери тѳмендегише енгизиледи.

Бунда мәмлекет тәрепинен кепилленген медициналық хызметлер ҳәм дәри-дармақлар пакети тийкарында халыққа бийпул хызмет көрсетиледи, стационарларда жатып емлениўи ушын шаңарақ шыпакери жолламасы арқалы әмелге асырылады ҳәм жеңилликлерге ийе шахсларға медицина хызметиниң барлық түри бийпул көрсетиледи.

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыўы механизмлери енгизилиўи нәтийжесинде денсаўлықты сақлаў тараўында қаржыландырыўдың жаңа механизмлери енгизиледи.

Бунда емлеўханаларда ҳәр бир емленген жағдайы бойынша кепилленген медициналық пакетке киргизилген хызметлерге Қамсызландырыў фонды тәрепинен қаржы ажыратылады ҳәм басқа да бир қатар илажлар әмелге асырылады.

Буның нәтийжесинде халқымызға көрсетилетуғын медициналық хызмет сапасы арттырылады, ажыратылған бюджет қаржыларынан үнемли пайдаланыўға ерисиледи.

Күн тәртибиндеги дәслепки мәселе толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
❗️Хабарландырыў

Қоӊырат районында Туран, Темир жол, Жинишке, Азатлық, Санаат МПЖ аймағында 2024-жыл 8-февраль күни саат 13:00 ден 14:00  аралығында  "Бабур" фидеринде  киши оӊлаӯ жумыслары өткерилиӯине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў тоқтатылады.

Қоңырат РЭТК
➡️https://t.iss.one/qongiratrkuz
Qońırat rayonında shet el investiciyaları hám qarjıları qatnasıwındaǵı kárxanalar sanı qansha?

Kárxanalar hám shólkemler birden-bir mámleketlik registri maǵlıwmatlarına bola, Qońırat rayonında 2024-jıldıń 1-yanvar jaǵdayına dizimge alınǵan shet el investiciyaları hám qarjıları qatnasıwındaǵı kárxanalar sanı 16 nı quradı, 14 kárxana  háreket kórsetip kelmekte.

➡️https://t.iss.one/qongiratrkuz