QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
10.7K subscribers
47.7K photos
5.07K videos
28 files
14.7K links
Download Telegram
#Билесизбе

3 жасқа шекемги баланың ямаса 16 жасқа шекемги майыплылығы бар баланың күтими менен бәнт болған ана наўқасланып, баланың күтимине шамасы жетпей қалған жағдайда, күтим менен бәнт болған басқа шаңарақ ағзалары ямаса ағайинлерине (мийнетке уқыпсызлық бетине тийкарланып) напақа бериледи.

Каналға жалғаныў↙️
@qongiratrkuz
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Президент Шавкат Мирзиёевга спорт соҳасида эришилган натижалар ва халқаро мусобақаларга кўрилаётган тайёргарлик бўйича ахборот берилди.

Президент Шавкат Мирзиёевқа спорт тараўында ерисилген нәтийжелер ҳәм халықаралық жарысларға көрилип атырған таярлықлар бойынша мәлимлеме берилди.

#Mirziyoyev #hisobot #sport #musobaqalar

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Forwarded from Karakalpakstan.uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Автомобиль басқарыўшылары дыққатына

Республикамыз аймағында жаңадан қурылып атырған фото ҳәм видео радарлар ҳаққында толық мағлыўмат

———————————————————

Автомобиль ҳайдовчилари диққатига

Республикамиз ҳудудида янгидан қурилаётган фото ва видео радарлар ҳақида тўлиқ маълумот

Telegram | Instagram | Facebook | Twitter
Қарақалпақстанда ири жойбарлар әмелге асырылыўы күтилмекте

Қытай Халық Республикасының Синьцзян-Уйғур автоном районының Урумчи қаласында биринши Өзбекстан-Қытай аймақлар аралық форумында қатнасып атырған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы басшылығындағы Қарақалпақстан делегациясы форум шеңберинде Қытай компаниялары ўәкиллери менен өз-ара сөйлесиўлер алып барып, олардың жумыслары менен жақыннан танысты.

Өз гезегинде Қарақалпақстанда исбилерменлерге жаратылған шараятлар, инвестиялық тартымлылықты арттырыў, инвесторларға жеңилликлер жаратыў бағдарында ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанда әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында кең түрде мағлыўмат берилди.

Онда Синьцзян-Уйғур автоном районы Аксу округи ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районы арасында саўда-экономика, аўыл хожалығы, энергетика, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, туризм тараўлары бойынша еки тәреплеме бирге ислесиў, бул бағдардағы әмелге асырылыўы тийис илажларды кеңейтиў, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўда бар болған мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланыў бойынша кең қамтыўлы келисимге ерисилди.

Ўзб


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
#көшпели_қабыллаў

#online

ҲӘР БИР МҮРӘЖАТ ИТИБАРДА

Қоңырат районы ҳәкими Бекзод Мадаминовтың бүгинги гезектеги көшпели қабыллаўына үлкен үмитлер менен келген Жадыра Имашованың қуўанышында шек жоқ. Көп жыллардан бери үйинде жумыссыз отырған үш перзенттиң анасының мүрәжаты сол орынның өзинде шешилип, турақлы жумыс пенен бәнтлиги тәмийнленди.
Бүгинги қабыллаўда пуқаралардың медициналық, материаллық жәрдем, бәнтлик, оқыў контракт пулларын төлеў, электр тәмийнатын жақсылаў мәселелери бойынша
мүрәжатлары тыңланбақта. Олардың көпшилиги унамлы шешимин таўып, үйренип шығылыў зәрүрлиги болған мәселелер қадағалаўға алынды. Халық разылығы жолындағы жумыслар даўам етпекте.

Каналға жалғаныў↙️
@qongiratrkuz
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев Хитой Халқ Республикаси Си Цзиньпиннинг таклифига биноан давлат ташрифи билан ушбу мамлакатга жўнаб кетди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпинниң мирәти бойынша мәмлекетлик сапар менен усы мәмлекетке жөнеп кетти.

#Mirziyoyev #tashrif #Xitoy #hamkorlik

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X