QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.05K subscribers
46K photos
4.82K videos
27 files
13.9K links
Download Telegram
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Жоқарғы Кеңес Баслығы фармацевтика тараўы ўәкиллери менен ушырасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыздағы медицина тараўында исбилерменлик жумысы менен шуғылланып атырған тараў ўәкиллери, мәмлекетлик емес клиникалар басшылары, фармацевтика тараўында жумыс алып барып атырған исбилерменлер менен ушырасты.

Онда дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳүрметли Президентимиз тәрепинен усы жылдың 8-август күни исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў бойынша 129-санлы тарийхый пәрман қабыл етилгенлигин, пәрман орынланыўын тәмийинлеў бойынша Қарақалпақстанда мәмлекетлик мүлк объектлерин инвестиция киргизиў миннетлемелери менен сатыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланғанлығын, буннан тысқары, мәмлекетимиз басшысының 2022-жыл 31-августтағы 213-санлы және бир тарийхый пәрманы менен бир қатар жеңилликлер ҳәм мүмкиншиликлер жаратылғанлығын айрықша атап өтти.

Өз нәўбетинде усы жаратып берилген имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, елимизде медицина тараўы бойынша хызмет көрсетиўдиң сапасын жақсылаў, халқымыз ушын сапалы ҳәм арзан дәри-дәрмақ өнимлерин жеткерип берилиўин қадағалаў, ишки имканиятларымыздан келип шығып дәри өнимлерин ислеп шығарыўды жолға қойыў мәселелери сөз етилди.

Ушырасыўда сондай-ақ, тараў ўәкиллери болған исбилерменлер тәрепинен бир қатар пикир ҳәм усыныслар билдирилип, машқалалар атап өтилди.

Өз нәўбетинде барлық көтерилген мәселелер Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта шешимин табыў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
"ҲЕШ КИМ МЕҲИР ҲӘМ ИТИБАРДАН ШЕТТЕ ҚАЛМАЙДЫ"

Қоңырат районында 6000 ға жақын майыплығы бар инсанлар бар болып, солардан 1177 си балалықтан майыплығы бар адамлар. Олардың мәплерин қорғаў, жәмийетимиздиң тең ҳуқықлы ағзасы екенлигин көрсетиў мақсетинде кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
3 -декабрь - Халық аралық майыплар күни мүнәсибети район ҳәкимлиги,Нураный қоры,Қызыл ярым ай жәмийети, Өзбекстан Республикасы майыплар жәмийети районлық бөлими, "Инсан" социаллық хызметлер орайы тәрепинен ҳәр түрли қәўендерлик илажлар өткерилмекте.
Сәнеге бағышланып  райондағы пайызлы орынлардың биринде байрам дәстурханы жайылып, майыплылығы болған пуқараларға майыплар арбашалары, ҳаса ҳәм қолтық таяқлар, түрли естелик саўғалары тапсырылды. Район көркем өнер хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасынан орын алған йошлы қосық, намалар  илаж қатнасыўшыларының кеўлин хошлады.

  •┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

@qongiratrkuz                    
Халқымызды сапалы, арзан аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў илажлары талқыланды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы азық-аўқат өнимлериниң баҳаларының турақлылығын, сондай-ақ, базарларды керекли өнимлер менен системалы ҳәм кепилликли тәмийинлеў мәселелери бойынша жуўапкерлер менен ушырасты.

Онда республикамыз халқының қыс ҳәм бәҳәр айларында тийкарғы аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлерине болған талабын қанаатландырыў бойынша музлатқышлы сыйымларда зәрүр болған өнимлер резервин ғамлаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар көрип шығылды. Айырым орынларда белгиленген режелер толық орынланбай атырғанлығы сынға алынды.

Айтып өтиў керек, дийқан базарлары бүгинги күнде халықты биринши дәрежели азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеўши тараўлардың бири болып есапланады. Республикамыз аймағындағы базарларда күнделикли азық-аўқат ѳнимлери баҳасының тийкарсыз асып кетиўиниң алдын алыў мақсетинде турақлы түрде саўда ярмаркалары шѳлкемлестирилип келинбекте.

Мәжилисте саўда ярмаркаларында сатыўға шығарылып атырған өнимлер көлемин арттырыў, ең баслысы, бул өнимлердиң сапалы ҳәм арзан болыўын тәмийинлеў зәрүрлиги, баҳалар турақлылығын тәмийинлеў илажларын күшейтиў керек екенлиги атап өтилди. 

Өткерилген ушырасыўда республика дийқан базарлары жанында шѳлкемлестирилген өнимлерди таярлаў, сақлаў кәрханаларына базарлардағы баҳаның турақлылығын тәмийинлеў бойынша ажыратылған қаржылар есабынан өнимлер резерви көлемин еле де арттырыў бойынша тапсырмалар берилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Вакансия_ҳәпте_даўамында

Өткен ҳәпте даўамында Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги Мәлимлеме хызмети тәрепинен Нөкис қаласы ҳәм районлық бөлимлер шеӊберинде жәрияланған бос жумыс орынлары менен танысыӊ!


1.Нөкис қаласы

2.Тахтакөпир районы

3.Шымбай районы

4.Хожели районы

5.Шоманай районы

6.Мойнақ районы

7.Қоӊырат районы

8.Тақыятас районы

9.Нөкис районы

10.Кегейли районы

11.Қараөзек районы

12.Қанлыкөл районы

13.Бозатаў районы

14.Төрткүл раойны

15.Әмиўдәрья районы

16.Беруний районы

17.Елликқала районы

Министрликтиң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @QR_bantlik

Telegram 📍Instagram 📍Facebook 📍 Twitter
#дыққат

       ХАБАРЛАНДЫРЫЎ❗️❗️❗️

  ❗️ Абу Али ибн Сино атындағы жәмийет саламатлығы техникумында ҳәр ҳәптениң  сийшемби өткерилиýи режелестирилген Қоңырат районы ҳәкими Б.Мадаминовтың юридикалық ҳәм физикалық шахслар ушын нәўбеттеги көшпели  қабыллаўы ертең, яғный 5-декабрь, сийшемби күни саат 15:30 дан басланатуғынлығын мәлим етемиз.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz