QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
7.5K subscribers
50.1K photos
5.4K videos
31 files
15.5K links
Download Telegram
ÁDEP – SÁLEMLESIWDEN BASLANADÍ

🤝 Sálemlesiw – bul ázeliy ádet bolıp esaplanadı. Dúnyadaǵı barlıq milletler, xalıqlar óz-ara insaniy múnásibet hám qarım-qatnastı sálemlesiwden baslaydı.
📚 Usınday aǵla paziyletlerdi jaslarımız arasında úgit - násiyatlaw maqsetinde Qońırat rayonı 25-sanlı MShBSh de“Biz bir bolsaq – bir xalıqpız, birlessek-Watanbız!” ideyası tiykarında “Mánawiyat marafonı” joybarı sheńberinde “Ádep – sálemlesiwden baslanadı” atamasında ilaj shólkemlestirildi.
🔷 Ilaj dawamında xalqımız ádep-ikramlılıq qaǵıydalarına, sálemlesiw ádebine úlken itibar berip kelgenligi boyınsha túsinikler berildi.

Bizdi sociallıq tarmaqlarda baqlap barıń:

➡️https://t.iss.one/qongiratrkuz
Qońırat rayonı Mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw bólimine qaraslı  53-sanlı UOBB mektebinde "Biz bir bolsaq- bir xalıqpız,birlessek Watanbız!"ideyası tiykarında ótkerilip atırǵan "Mánawiyat marafonı"sheńberinde "Kitap—meniń eń  jaqın dostım" atamasında iláj hám 5-klass oqıwshıları arasında Kitapqumarlıq tańlawı ótkerildi.Ilàjda Nuraniylar qorınıń Qońırat rayonlıq bòlimi baslıģı Á.Nurullaev qatnastı.

https://t.iss.one/qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#online

Қоңырат районында "Таза кала "акциясына старт берилиўи алдында

https://t.iss.one/qongiratrkuz
Ўзбекистон соғлиқни сақлаш соҳаси ходимларига

Работникам сферы здравоохранения Узбекистана

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Қутлықлаў!

Ҳүрметли шыпакерлер, медицина тараўы хызметкерлери!

Ең дəслеп, Сизлерди ҳәр жылы елимизде кең түрде белгиленип киятырған кәсиплик байрамыңыз – «Медицина хызметкерлери күни» менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қызғын қутлықлайман.

Халқымыздың саламатлығын сақлаўдай жуўапкершиликли ҳәм мақтанышлы жолда өзин аямай, пидәкерлик пенен мийнет етип атырған сиз әзизлердиң мийнетиңизди халқымыз жақсы биледи.

Қәдирли дослар!

Биз Жаңа Өзбекстанда инсан қәдири ҳәм мәплерин тәмийинлеўди өз алдымызға ийгиликли мақсет етип қойған екенбиз, бул жолда халқымыз саламатлығын беккемлеў ең əҳмийетли ўазыйпаларымыздан бири болыўы тәбийғый. Сондай-ақ, саламатлық пасбанларының аўыр ҳәм жуўапкершиликли мийнетлерин мүнәсип қәдирлеў, олардың өз кәсибине болған сүйиспеншилигин арттырыў мәселеси барқулла мәмлекетимиздиң дыққат итибарында.

Ҳүрметли тараў пидайылары!


Сизлерди кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, халқымыздың саламатлығын қорғаў жолында алып барып атырған ийгиликли ислериңизде тасқын табыслар тилеймиз!

Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
ҚУТЛЫҚЛАЎ!

Әзиз шыпакерлер,медицина тараўының пидайылары!


Әзелден өзиниң билими,тәжирийбеси,көз нуры ҳәм пүтин барлығын инсанлар саламатлығын сақлаўдай ийгиликли иске бағышлаған Сиз әдиўли кәсип ийелерин бүгинги кәсиплик байрамыңыз-"Медицина тараўы хызметкерлери"күни менен қутлықлайман!

Бүгин елимизде ден саўлықты сақлаў тараўында мисли көрилмеген өзгерислер жүз бермекте. Бул өзгерислер Жаңа Өзбекстанның  дүнья жәмийетшилиги ортасындағы абыройын асырыўы сөзсиз.
Тараўда алып барылып атырған реформалар бүгин өзиниң унамлы нәтийжесин берип атыр.
Халыққа медициналық хызмет көрсетиў сапасын асырыў, бирлемши медициналық-санитариялық жәрдемди жетилистириў, шаңарақлық поликлиникалар ҳәм басқа ден саўлықты сақлаў
мекемелериниң материаллық- техникалық базасын раўажландырыў ҳәм беккемлеў, халықты зәрүрли дәри-дәрмақ ҳәм медициналық буйымлар менен тәмийнлеў системасын жетилистириў бағдарындағы жумыслар  избе-излик пенен алып барылмақта.

Дүньяда инсан саламатлығы ушын жуўапкер болған ,олардың өмириниң даўамлы болыўы ушын жан күйдириўге таяр Сиз әзиз медицина хызметкерлерин бүгинги байрамыңыз бенен және бир мәртебе қутлықлайман!

Ҳүрметли Президентимиздиң тастыйықлап өткениндей, "Халық медицина тараўына қаншелли исенсе, мәмлекетке де соншелли исенеди. Халық көрсетилип атырған медициналық хызметлерден разы болса, бүгинги сиясаттан да разы болады"...
Солай екен,халық разылығы жолындағы пидайы мийнетлериңизде талмас куш-ғайрат,шаңарақларыңызға тынышлық-татыўлық,дәстурханыңызға қут берекет тилеймен!

Ҳүрмет пенен

Бекзод Мадаминов
Қоңырат районы ҳәкими
ҚОҢЫРАТЛЫЛАР "ТАЗА ҚАЛА" ЭКОЛОГИЯЛЫҚ АКЦИЯСЫНА БЕЛСЕНЕ ҚАТНАСПАҚТА

Елимизде экологиялық жағдайды турақластырыўға қаратылған бир қатар жойбарлар әмелге асырылмақта.
Қоңырат районы ҳәкимлиги ҳәм Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги  районлық бөлими тәрепинен шөлкемлестирилген "Таза қала"акциясынан гөзленген максет те аймақты экологиялық таза мәканға айналдырыў, халықтың қоршаған орталыққа ҳүрмет пенен мүнәсибетте болыўын ҳәм тәбият байлықларын сақлап қалыўға жуўапкершилигин асырыўдан ибарат.
Илажда район ҳәкими Бекзод Мадаминов сөзге шығып,қоршаған орталықты қорғаў, әтирап-аймақтың тазалығын асыраў бүгинниң ең актуал мәселеси екенлигин айрықша атап өтти. Бундай ўазыйпаларға бийпарық болмаған жаслар ҳәм кең жәмәәтшилик ўәкиллери район орайына жыйналды ҳәм акцияға кирисип кетти. Ерте таңнан басланған абаданластырыў жумысларына  райондағы барлық мийнет жәмәәтлери үлес қосты  ҳәм
район орайының алпыстан артық көшелери таза аймаққа айналдырылды.

Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#таза_қала
#фоторепортаж

ҚОҢЫРАТЛЫЛАР "ТАЗА ҚАЛА" ЭКОЛОГИЯЛЫҚ АКЦИЯСЫНА БЕЛСЕНЕ ҚАТНАСПАҚТА


Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz