QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.21K subscribers
45.6K photos
4.75K videos
27 files
13.8K links
Download Telegram
#online
#Абат_шаңарақ_абат_көше_абат_мәҳәлле

Қоңырат районы"Рәўшан"аўыл пуқаралар жыйынында "Абат шаңарақ_абат көше_абат мәҳәлле" принциплерин енгизиў бойынша илажлар басланбақта.
Аймақтағы  5-санлы  улыўма билим бериў мектебиниң мәжилислер залында  республика ҳәм аймақлық исши топар ағзалары тәрепинен район ҳәкими орынбасарлары, райондағы  4  сектор басшылары менен биргеликте семинар болып өтпекте. Семинарда райондағы мекеме ҳәм шөлкем басшылары, "Рәўшан"АПЖ беслиги,көше бийлери, көше басы ҳаяллары қатнаспақта. Илажда "Рәўшан"аўылында әмелге асырылатуғын жумыслар додаланды ҳәм әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды. Атап айтқанда,аўылдағы жәми 12 көшелерге мекеме ҳәм шөлкемлер бириктирилди.Көше басылар менен  600 ге жақын шаңарақларды "үйме-үй"жүрип ,олардың машқала ҳәм усынысларын үйрениў нәтийжелери бойынша "жол карта"сын ислеп шығыў ҳәм орынланыўын тәмийнлеў бағдарындағы ўазыйпалар белгиленди.

Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Абат_шаңарақ
#Абат_көше
#Абат_мәҳәлле

Жаңаланыў босағасындағы "Рәўшан"аўылында концерт бағдарламасы болып өтти

"Абат шаңарақ", "Абат көше", "Абат мәҳәлле" принципи тийкарында жақын арада аймақта алып барылатуғын қурылыс - абаданластырыў жойбарлары нәтийжесинде "Рәўшан"аўылының келбети жаңа түске енеди.

Бүгин аўыл халқына жоқары кейпият бағышлаў мақсетинде район ҳәкимлиги тәрепинен концерт бағдарламасы  өткерилди.
Онда  аўыл нураныйлары,жаслары,кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.Районлық мәденият бөлиминиң хошҳаўаз көркем өнер шеберлери тәрепинен атқарылған йошлы қосық,намалар  қатнасыўшыларға хош кейпият инам етти.


Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Абат_шаңарақ
#Абат_көше
#Абат_мәҳәлле

⚡️"Рәўшан"аўылында мийнет ярмаркасы болып өтти

"Абат шаңарақ", "Абат көше", "Абат мәҳәлле" принципи тийкарындағы илажлар шеңберинде район ҳәкимлиги, районлық кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик бөлими тәрепинен "Рәўшан"аўыл пуқаралар жыйынында бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди. Оған райондағы мекеме ҳәм кәрханалар өзлеринде бар болған 104 бос жумыс орынлары менен қатнасты.
Мийнет ярмаркасына жәми 54 пуқара қатнасқан болса,соннан 7 пуқараға турақлы жумысқа орналасыў ушын ,2 пуқараға кәсип-өнерге оқытыў ушын жолламалар берилди.
34 пуқара жәмийетлик жумысқа қамтыў ушын есапқа алынып,11 пуқараға ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.

Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Абат_шаңарақ
#Абат_көше
#Абат_мәҳәлле

Халықтың турмыс абаданлығы жолындағы жумыслар даўам етпекте

Алдын хабар бергенимиздей,Қоңырат районы"Рәўшан"аўыл пуқаралар жыйынында "Абат шаңарақ-абат көше-абат мәҳәлле" принциплерин енгизиў бойынша илажлар даўам етпекте.
Исши топар тәрепинен аймақтағы  шаңарақларды "үйме-үй"жүрип ,олардың машқала ҳәм усынысларын үйрениў барысында үйинде напақада отырған Базаргүл апа Жәлекенованың наўқаслығы себепли майыплар арбашасына мүтәжлиги анықланды.Оған Қоңырат районы "Инсан"социаллық хызметлер орайы тәрепинен заманагөй электрон майыплар арбашасы берилди.Базаргүл апа мәмлекет тәрепинен көрсетилип атырған бундай итибар ҳәм ғамхорлыққа терең миннетдаршылығын билдирди.

Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Абат_шаңарақ
#Абат_көше
#Абат_мәҳәлле

⚡️Қай жерде тынышлық- қәтержамлық,пуқаралардың қәўипсизлиги тәмийнленген болса сол жерде ғана абатлық нәпеси ҳүкимлик етеди.
Қоңырат районы айрықша жағдайлар бөлими тәрепинен "Рәўшан"аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 5-санлы мектеп оқыўшылары арасында өрт қәўипсизлигиниң алдын алыў бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылды.
Қәўипсизлик қәделерине бойсыныў,
айрықша жағдайлар жүз бергенде қалай ҳәрекетлениў жүзесинен оқыў шынығыўлар өткерилип, көргизбели қураллар жәрдеминде түсиндирилди.

Каналға ағза болыў:↙️
➡️@qongiratrkuz
#onlinе
#Абат_шаңарақ
#Абат_көше
#Абат_мәҳәлле

"Рәўшан"аўылында халықтың турмыс абаданлығы жолындағы жумыслар даўам етпекте

"Рәўшан" шаңарақлық шыпакерлик пунктинде аймақ халқы ушын медициналық көрик өткерилмекте.
Қарақалпақстан Республикасындағы барлық қәнигелестирилген орайлардың кардиолог,травматолог,невропотолог,хирург,педиатр,офтальмолог,ЛОР,уролог,эндокринолог,акушер-гинеколог,нэйрохирург,дерматолог,фтизиатр,педиатр,балалар неврологи шыпакерлери қатнасыўында тереңлестирилген медициналық көрик ҳәм УТТ, ЭКГ, лаборатория, Республика қәнигелестирилген көз микрохирургиясы орайы Қарақалпақстан филиалының "Мобиль поликлиника"сы тәрепинен тексериўлер алып барылмақта.

Бүгин көриктен өткерилген 174 пуқарадан  72 синде түрли кеселликлер анықланып, соннан 65 пуқараға амбулатор  шараятта емлениўге усыныс берилди. 7 пуқараға районлық емлеўханаға даўаланыў ушын жоллама берилип, 65 наўқасқа 120 түрдеги дәри-дәрмақлар бийпул тарқатылмақта.

Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети
➡️https://t.iss.one/qongiratrkuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Абат_шаңарақ
#Абат_көше
#Абат_мәҳәлле

Халықтың турмыс абаданлығы жолындағы жумыслар даўам етпекте

Алдын хабар бергенимиздей,Қоңырат районы"Рәўшан"аўыл пуқаралар жыйынында "Абат шаңарақ-абат көше-абат мәҳәлле" принциплерин енгизиў бойынша илажлар даўам етпекте.
Бул жумыслар Карақалпақстан телеканалы нәзеринде.

Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Абат_шаңарақ
#Абат_көше
#Абат_мәҳәлле

Халықтың турмыс абаданлығы жолындағы жумыслар даўам етпекте

Алдын хабар бергенимиздей,Қоңырат районы"Рәўшан"аўыл пуқаралар жыйынында "Абат шаңарақ-абат көше-абат мәҳәлле" принциплерин енгизиў бойынша илажлар даўам етпекте.
Аймақта 3300 ден аслам халық жасайтуғын болса , соннан 1660 ын ҳаял-қызлар қурайды.
Жумыссыз ҳаял-қызларды исбилерменликке үйретиў, кәсип-өнерге оқытыў арқалы бәнтлигин тәмийнлеў, шаңарақларына қосымша дәрамат табыўын тәмийнлеў мақсетинде тигиўшилик бағдары бойынша Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-кызлар исбилерменлик оқыў Орайы тәрепинен 25 ҳаял-қызлар кәсипке оқытылып, сертификатлар тапсырылды.

@qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Абат_шаңарақ
#Абат_көше
#Абат_мәҳәлле

⚡️3300 ге шамалас халық жасайтуғын "Рәўшан"аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 5-санлы мектепте "Абат шаңарақ-абат көше- абат мәҳәлле" принциплерин енгизиў бойынша ислеп шығылған "Жол картасы" тийкарында алып барылып атырған жумыслардың барысына бағышланып өткерилген мәжилистен таярланған репортаж
Қарақалпакстан телеканалында

Каналға ағза болыў:
➡️@qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#MAXSUS_REPORTAJ_

#Абат_шаңарақ
#Абат_көше
#Абат_мәҳәлле

💎Жаңаланыў босағасындағы "Рәўшан"

"Абат шаңарақ", "Абат көше", "Абат мәҳәлле" принципи тийкарында жақын арада аймақта алып барылатуғын қурылыс - абаданластырыў жойбарлары нәтийжесинде "Рәўшан"аўылының келбети жаңа түске енеди.


Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz