QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.17K subscribers
45.9K photos
4.81K videos
27 files
13.9K links
Download Telegram
#Семинар
#тоқсанбасты_усылы


Тоқсанбасты-мол дәрамат дереги

Қоңырат районында гүзги тоқсанбасты егинлерди егиў , үй алды қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыў бойынша семинар болып өтти. Семинарда Қарақалпақстан  Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары  Д.Қайыпов, район ҳәкими Б. Мадаминов халқымыздың овощ-палыз өнимлерине болған талабын толық қанаатландырыў мақсетинде егиннен босаған майданларға суўыққа шыдамлы егинлерден  пияз, чеснок  егиў базарларымызға қосымша өним , халқымызға  жақсы дәрамат  келтиретуғынлығын тастыйықлап өтти.
Азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийнлеў ушын
тоқсанбасты егинлерди  өз ўақтында егип , агротехникалық илажларды  орынлаў бойынша көрсетпелер берилди.
Районда  2024 - жылдың зүрәәти ушын 777 гектар барлық тайпадағы хожалықлардың майданларында тоқсанбасты овощ-палыз егинлерин егиў нәзерде тутылған. Соннан 75 гектар фермер хожалықларында, 70 г халықтың  үй алды қыйтақ жерлеринде, 632 гектар дийхан хожалықларында пияз, чеснок егиледи.

➡️https://t.iss.one/qongiratrkuz
МАШҚАЛА БАР ЖЕРДЕ ШЕШИМ БАР

Қоңырат районы  ҳәкими Б.Мадаминовтың  пуқараларды нәўбеттеги қабыллаўы болып өтти.
Халықтың машқалаларын мәнзилли үйрениý, оларды қыйнап киятырған машқалаларына шешим табыý мақсетинде өткерилген қабыллаýда район ҳәкимине билдирилген ҳәр бир мүрәжатқа шешим табыўға ҳәрекет етилди.
  Қабыллаýда пуқаралардан үй-жайын оңлаў, ден саýлығын тиклеý, жумыссызлық,жолларды оңлаў, газ тәмийнатын жақсылаў мәселелери бойынша
мүрәжатлар келип түсти.
Мүрәжат еткен пуқаралардың шағымлары, усыныс хәм тилеклери үйренилип, көпшилигине  тийисли уйымлар менен биргеликте  шешим табылды.
Шешими ýақыт ҳәм қаржы талап ететуғын мүражатлардың орынланыýы қадағалаўға алынды.

Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Тил-миллет айнасы

"Әдебият"аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 14-санлы мектепте 21-октябрь - Өзбек тили байрамы күнине бағышланған байрам илажы
болып өтти.Илаждан таярланған репортаж Қарақалпақстан телеканалында

@qongiratrkuz
ХАБАРЛАНДЫРЫЎ❗️

❗️‼️Ҳүрметли районымыз турғынлары!

     ⚡️Дийханларымыздың жыл бойы төккен маңлай терлери есесине жетистирилген пахта зүрәәтин жаўын-шашынлы күнлерге қалдырмай  жыйнап-терип алыўға өзлериңиздиң үлеслериңизди қосып, шаңарағыңызға қосымша дәрамат киргизиўге асығың!

Терим пуллары

  2⃣5⃣ кг пахта терген пуқараларға
ҳәр бир  килограмм  пахта ушын
  1⃣5⃣0⃣0⃣ сўмнан  нақ пул ҳәм 1⃣ литр пахта майы

5⃣0⃣ кг пахта терген пуқараларға ҳәр бир килограмм пахта ушын
1⃣5⃣0⃣0⃣ сумнан нақ пул ҳәм 2⃣ литр ақ май
бериледи.

Әзиз Қоңыратлылар!

Атызларда топланған  пахта шийки затының бир де ханасын  зая етпей, жыйнап алыўға белсене қатнасып, районымыздың қырманына өз үлеслериңизди қосыўға шақырып қаламыз!

Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети
➡️https://t.iss.one/qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
⚡️"Адамларымыз елимизде жүз берип атырған реформаларды ертең ямаса узақ келешекте емес, бәлким бүгин өз өмиринде сезиниўи керек"
Президентимиздиң журтласларымызға үмит ҳәм исеним берген бул сөзлери Қоңыратлылардың да турмысында өзиниң сәўлелениўин таўмақта.
Күннен күнге шырай ашып атырған бес қаланың бири - Қоңыраттағы халық пәраўанлығы жолындағы жумыслар барысынан  таярланған репортаж Қарақалпақстан телеканалының "Ҳәптелик"бағдарламасында.

@qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
"ЖАСЫЛ МӘКАН"УЛЫЎМА МИЛЛИЙ ЖОЙБАРЫ ӘМЕЛДЕ

Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң депутатлары, Жаслар ислери агентлиги , жаслар жетекшилери жойбардың гүзги мәўсимин әмелге асырыўға өзлериниң үлеслерин қосып, мийўели ҳәм декоратив тереклер егип, көклемзарластырыў жумысларын әмелге асырды.
  🌿 "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде быйылғы гүзги мәўсимде районда 400 мың түп декоратив ҳәм мийўели тереклер егилиўи нәзерде тутылған. Аймақтың кескин ықлым шараятына шыдамлы катальпа, қарағай, гледичия, айлант, япон софорасы, жүзим,тут, жийде сыяқлы нәллер егиледи.
"Жасыл мәкан"улыўма миллий жойбары шеңбериндеги илаж Қарақалпақстан телеканалы
нда

@qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Мәденият сарайында өзбек тилине мәмлекетлик статус берилгенлигиниң 34 жыллығына бағышланған байрам илажынан таярланған репортаж Қарақалпақстан телеканалының"Хабар"бағдарламасында

@qongiratrkuz
Ички ишлар органлари ходимлари ва фахрийларига табрик

Поздравление сотрудникам и ветеранам органов внутренних дел

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter