QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
14.8K subscribers
46.4K photos
4.89K videos
27 files
14.1K links
Download Telegram
#Абат_шаңарақ
#Абат_көше
#Абат_мәҳәлле

Жаңаланыў босағасындағы "Рәўшан"аўылында концерт бағдарламасы болып өтти

"Абат шаңарақ", "Абат көше", "Абат мәҳәлле" принципи тийкарында жақын арада аймақта алып барылатуғын қурылыс - абаданластырыў жойбарлары нәтийжесинде "Рәўшан"аўылының келбети жаңа түске енеди.

Бүгин аўыл халқына жоқары кейпият бағышлаў мақсетинде район ҳәкимлиги тәрепинен концерт бағдарламасы  өткерилди.
Онда  аўыл нураныйлары,жаслары,кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.Районлық мәденият бөлиминиң хошҳаўаз көркем өнер шеберлери тәрепинен атқарылған йошлы қосық,намалар  қатнасыўшыларға хош кейпият инам етти.


Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Абат_шаңарақ
#Абат_көше
#Абат_мәҳәлле

⚡️"Рәўшан"аўылында мийнет ярмаркасы болып өтти

"Абат шаңарақ", "Абат көше", "Абат мәҳәлле" принципи тийкарындағы илажлар шеңберинде район ҳәкимлиги, районлық кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик бөлими тәрепинен "Рәўшан"аўыл пуқаралар жыйынында бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди. Оған райондағы мекеме ҳәм кәрханалар өзлеринде бар болған 104 бос жумыс орынлары менен қатнасты.
Мийнет ярмаркасына жәми 54 пуқара қатнасқан болса,соннан 7 пуқараға турақлы жумысқа орналасыў ушын ,2 пуқараға кәсип-өнерге оқытыў ушын жолламалар берилди.
34 пуқара жәмийетлик жумысқа қамтыў ушын есапқа алынып,11 пуқараға ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.

Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz