QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
10.7K subscribers
47.7K photos
5.07K videos
28 files
14.6K links
Download Telegram
16-сентябрь-Халық аралық озон қатламын қорғаў күни
16-сентябрь-Халық аралық озон қатламын қорғаў күни

1994-жылы БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен 16-сентябрь«Халық аралық озон қатламын қорғаў күни» деп жәрияланған еди. Өзбекстан экологиялық партиясы Қонырат районы партия шөлкеми тәрепинен «УзКорГаз» қоспа кәрханасында усы сәнеге бағышланып бугинги кунде озон қатламына өзиниң унамсыз тәсирин көрсетип атырған антропоген факторлар ҳаққында семинар өткерилди. Ҳақыйқатында да,атмосфера озонлары планетадағы барлық өмир ушын зәрүрли болған роль ойнайды. Стратосфера да озон қатламын пайда етип, өсимликлер ҳәм ҳайўанларды қатты ультрафиолетли нурланыўдан қорғайды.Озон тесиклериниң пайда болыўы жердиң озон қатламында озон контцентрациясының төменлеўи есапланады. Озон тесиклериниң қәлиплесиўи себепли Қуяш нурланыўының жер жүзине түсиўи күшейеди ҳәм адамларда тери саратаны кеселлигиниң көбейиўине алып келеди. Буннан тысқары, өсимликлер ҳәм ҳайўанларда радиация дәрежесиниң асыўына алып келеди. 2030-жылы тери саратаны 19 миллионға , 3 миллион өлимге алып келиўи жағдайы, көз кеселликлери (катаракта) саны 130 миллионға көбейиўи мүмкин. Бул кеселликлер саны жыл сайын артып бармақта. 7 жыл даўамында АҚШта тери саратаны (меланома) 3-7% ке асты. Бул инсан ҳәм ҳайўанлардың ден саўлығына (мысалы, иммунитеттиң төменлеўи), егинлер зүрәәтлилигине, суў экосистемасына да кери тәсир көрсетеди. Озон қурамына тәбийий процесслер нәтийжесинде ҳәм антропоген патасланыў нәтийжесинде пайда болған азотты өз ишине алған ҳаўа орталығын патаслайтуғын элементлер тәсир көрсетиўи анықланды. Сондай етип, NO (оксид азот) ишки жаныў өдвигательлеринде пайда болады. Соған көре, ракеталардың иске түсирилиўи де озон қатламының жоқ етилиўине алып келеди. Стратосферада NO дереги де трофосферада турақлы болған N2 О газы болып табылады ҳәм стратосферада қатты ультрафиолетли нурлар тәсири астында бөлекленеди. Озон қатламы планетамыздың пүткил майданы бойлап азайып барыўы мүмкин. Апат дереги тек ғана фреонлар емес, бәлким санаат кәрханалары ҳәм транспорт тәрепинен шығарылған зыянлы элементлер болып табылады.

Илаж соңында қатнасыӯшыларының озон қатламының жемирилиӯиниң алдын алыӯ, ықлым өзгерислериниң ақыбетлери, сондай-ақ тәбийий ресурсларымызды асырап- абайлаӯға байланыслы пикирлери тыңланып, белсене қатнасқанларға партия тәрепинен ҳурмет жарлықлары тапсырылды.

Каналға ағза болыў:↙️
➡️@qongiratrkuz
16-сентябрь-Халық аралық озон қатламын қорғаў күни

Каналға ағза болыў:↙️
➡️@qongiratrkuz
❗️ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!

  Қоңырат районында 35/10 кВ «Киет» подстанцияда ири оңлаў жумыслары өткерилиўине байланыслы 2023-жыл 14-сентябрь күни "Санаат" МПЖ, "Ҳәким Ата" МПЖ, "Жиңишке" МПЖ, "Киет" МПЖ, "Қоңырат" МПЖ, "Азатлық" МПЖ аймақларында саат 09:00 ден 18:00 ге шекем электр энергиясы менен тәмийнлеў ўақтынша тоқтатылады.

Қоңырат районы Электр тармақлары кәрханасы

@qongiratrkuz
⚡️Qaraqalpaqstan Respublikasınıń jalpı aymaqlıq ónimi quramında xızmetler tarawınıń úlesi qanday?

2023-jıldıń yanvar -iyun ayları juwmaqlarına kóre, Qaraqalpaqstan Respublikası boyınsha xızmetler tarawında jaratılǵan jalpı qosılǵan qun kólemi 6 077,3 mlrd. somdı quradı hám 2022-jıldıń yanvar-iyun aylarına salıstırǵanda 4,7 % ke ósti. Gúzetilgen dáwirde JAÓ quramında usı tarmaqtıń úlesi 48,0 % ti quradı.

Kanalımızǵa qosılıń👇
➡️@qongiratrkuz