#қәýипсиз_аймақ
⚡️Қоңырат районы аймағында "Қәýипсиз аймақ" комплекс илажлары болып өтти.
Илаж шеңберинде жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлық жағдайы бойынша "қызыл тайпа"да турған "Қаңлы"АПЖ ҳәм"Қоңырат"МПЖ ларындағы профилактика инспекторлары ҳәм мәҳәлле жуўапкерлери тәрепинен ҳуқықбузарлықтың алдын алыў ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде 2 - сектор баслығы,район прокуроры Ж.Муфтиллаеа, 3 - сектор баслығы, ИИБ баслығы У.Сейтмуратовлар усы мәҳәллелерде болды. Жынаятшылықтың алдын алыў бағдарында профилактика инспекторы тәрепинен белгилеп алынған ис-режелердиң өз мүддетинде орынланыўы бойынша жумыслар менен танысып, тийисли көрсетпелерди берип өтти.
Жәмийетлик қәўипсизлик концепциясына муýапық,Қоңырат районы аймағында бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта, ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен биргеликте өткерилип атырған илажлар нәтийжесинде усы жылдың өткен дәўири ишинде алдын алыў мүмкин болған жынаятлардың кемейиўине ерисилди.

Сондай-ақ, жәмийетлик қәўипсизлик жумысларын дурыс хәм нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде көшелерге, базарларға ҳәм адамлар көп жыйналатуғын орынларға видео бақлаў камералары орнатылды.Ҳәзирги күнде районның барлық аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары бойлап өткерилип атырған"Қәўипсиз аймақ" илажлары жүз бериўи мүмкин болған ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға хызмет етеди.
Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
16-сентябрь-Халық аралық озон қатламын қорғаў күни
1994-жылы БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен 16-сентябрь«Халық аралық озон қатламын қорғаў күни» деп жәрияланған еди. Өзбекстан экологиялық партиясы Қонырат районы партия шөлкеми тәрепинен «УзКорГаз» қоспа кәрханасында усы сәнеге бағышланып бугинги кунде озон қатламына өзиниң унамсыз тәсирин көрсетип атырған антропоген факторлар ҳаққында семинар өткерилди. Ҳақыйқатында да,атмосфера озонлары планетадағы барлық өмир ушын зәрүрли болған роль ойнайды. Стратосфера да озон қатламын пайда етип, өсимликлер ҳәм ҳайўанларды қатты ультрафиолетли нурланыўдан қорғайды.Озон тесиклериниң пайда болыўы жердиң озон қатламында озон контцентрациясының төменлеўи есапланады. Озон тесиклериниң қәлиплесиўи себепли Қуяш нурланыўының жер жүзине түсиўи күшейеди ҳәм адамларда тери саратаны кеселлигиниң көбейиўине алып келеди. Буннан тысқары, өсимликлер ҳәм ҳайўанларда радиация дәрежесиниң асыўына алып келеди. 2030-жылы тери саратаны 19 миллионға , 3 миллион өлимге алып келиўи жағдайы, көз кеселликлери (катаракта) саны 130 миллионға көбейиўи мүмкин. Бул кеселликлер саны жыл сайын артып бармақта. 7 жыл даўамында АҚШта тери саратаны (меланома) 3-7% ке асты. Бул инсан ҳәм ҳайўанлардың ден саўлығына (мысалы, иммунитеттиң төменлеўи), егинлер зүрәәтлилигине, суў экосистемасына да кери тәсир көрсетеди. Озон қурамына тәбийий процесслер нәтийжесинде ҳәм антропоген патасланыў нәтийжесинде пайда болған азотты өз ишине алған ҳаўа орталығын патаслайтуғын элементлер тәсир көрсетиўи анықланды. Сондай етип, NO (оксид азот) ишки жаныў өдвигательлеринде пайда болады. Соған көре, ракеталардың иске түсирилиўи де озон қатламының жоқ етилиўине алып келеди. Стратосферада NO дереги де трофосферада турақлы болған N2 О газы болып табылады ҳәм стратосферада қатты ультрафиолетли нурлар тәсири астында бөлекленеди. Озон қатламы планетамыздың пүткил майданы бойлап азайып барыўы мүмкин. Апат дереги тек ғана фреонлар емес, бәлким санаат кәрханалары ҳәм транспорт тәрепинен шығарылған зыянлы элементлер болып табылады.
Илаж соңында қатнасыӯшыларының озон қатламының жемирилиӯиниң алдын алыӯ, ықлым өзгерислериниң ақыбетлери, сондай-ақ тәбийий ресурсларымызды асырап- абайлаӯға байланыслы пикирлери тыңланып, белсене қатнасқанларға партия тәрепинен ҳурмет жарлықлары тапсырылды.
Каналға ағза болыў:↙️
➡️@qongiratrkuz