#Даýыт_ата
Бир әсир даýамында тыныш отырған елди жаýлап алыýға умтылған жуңғарларға қарсы гүресип,бес қалаға киргизбеген батыр бабамыз-Даýыт атаның мавзолейин зыярaтлаýға дүньяның барлық орынларынан зыяратшылар келеди.
Бүгин Қазақстан Республикасыныӊ Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Бейбут Атамкулов басшылығындағы делегация Қарақалпақстан Республикасына болған рәсмий сапары шеӊберинде Қоңырат районындағы тарийхый орын- Даýыт ата мавзолейинде болды.
Мийманлар Даýыт атаның қәбирин зыярaтлап,халықлар арасындағы дослықтың еле де беккемлениýи,аспанымыз ашық ,елимиз тыныш болыýын тилеп,дуýаға қол жайды.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/qongiratrkuz