Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Дыққат!
🖌Исбилерменлер ушын оғада әҳмийетли жаңалық
Бүгин Қарақалпақстан Республикасын раўажландырыў ҳәм ибсилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша Президентимиздиң және бир тарийхый ПП-129-санлы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлерге қолайлы шараятлар жаратыўға тийисли қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.
Пәрман менен Тиклениў ҳәм раўажланыў фонды тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында ислеп шығарыўды кеңейтиў бойынша инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў мақсетинде 100 млн. АҚШ доллары ажыратылады. Усы қаржылар шеңберинде:
Коммерциялық банклер тәрепинен инвестиция жойбаларын қаржыландырыў ушын сырт ел валютасында 5 процент, миллий валютада 12 процент болған жыллық ставкаларда 10 жыл мүддетке шекем 5 жыллық жеңилликли дәўир менен Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан жоқары болмаған муғдарда кредитлер ажыратылады. Бунда коммерциялық банктиң маржасы сырт ел валютадағы кредитлер бойынша 1 процент, миллий валютадағы кредитлер бойынша 2 процент муғдарында белгиленеди.
Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги тәрепинен 2024-жыл жуўмағына шекем жаңа жойбарларды қаржыландырыў жумысларын шөлкемлестириў мақсетинде халықаралық қаржы институтларынан қосымша 200 миллион АҚШ доллар муғдарында кредит қаржылары тартылады.
Қарақалпақстан Республикасында бизнес орталығын еле де жақсылаў мақсетинде исбилерменлик субъектлериниң жойбарларына Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик фонды тәрепинен, инвестиция жойбарларын қаржыландырыў ҳәмде айланба қаржыларын қәлиплестириў мақсетлерине миллий ҳәм сырт ел валютасында ажыратылатуғын кредит муғдарының 75 процентине шекем, бирақ, 5 млрд сумнан аспаған муғдарда кепиллик бериледи.
Киши ҳәмде жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналарында инвестиция миннетлемелерин орынлаған исбилерменлерге жер участкаларын, имарат ҳәм объектлерди меншиклестирип бериў тәртиби белгиленеди.
Аймақта ғалабалық саўдаларда турған мәмлекетлик мүлк объектлери 3 ай мүддетте сатылмағанда оларды электрон таңлаў тийкарында ең жақсы усыныс билдирген талабанға инвестиция киргизиў миннетлемеси менен бериў тәртиби енгизиледи.
2023-2024-жылларда Нөкис қаласында 1 млн АҚШ доллары, қалған районларда 300 мың АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизиў миннетлемеси менен жойбар басламашыларына Министрлер Кеңеси қарары тийкарында жер участкаларын туўрыдан-туўры узақ мүддетли ижара ҳуқықы менен бериў системасы енгизиледи.
Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы саўда, улыўмалық аўқатланыў бағдарындағы ҳәм автомобильлерге жанылғы қуйыў ҳәм электр қуўатландырыў шақапшалары жумысын шөлкемлестирген киши исбилерменлик субъектлерине қуяш панеллерин сатып алыў ҳәм орнатыў ушын ажыратылып атырған кредитлерге белгиленген муғдар ҳәм шәртлер шеңберинде компенсация усынылады.
Орайлық банк тәрепинен 2024-жылдан баслап ҳәр жылы коммерциялық банклерге Қарақалпақстан ушын шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде кеминде 2 трлн. сум қаржылары ажыратылады.
- Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде жаңадан шөлкемлестирилген, есап бетинде қаржы жетерли дәрежеде айланбаған исбилерменлик субъектлерине, қаржылық қоллап-қуўатлаў ушын гиреў тәмийнатынан келип шығып, базалық есаплаў муғдарының 100 есесине шекемги болған муғдарда;
- жасларды кәсип-өнерге үйретиў ҳәмде ислеп шығарыў процесиндеги кәнигелерди қайта таярлаў, билим ҳәм потенциалын арттырыў мақсетинде олардың сырт мәмлекетлерде билим алыўы ушын 4 жыллық жеңилликли дәўир менен 10 жыл мүддетке Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан аспаған муғдарда кредит қаржылары ажыратылыўы системасы енгизиледи.
Хожели районындағы 100 гектар жер майданында «Жаслар социаллық-экономикалық орайы» шөлкемлестириледи.
Жаслар орайында белгиленген объектлерди қурыў ушын Өзбекстан Республикасы республика бюджети қаржылары есабынан 2023-2027-жыллар даўамында 10 жыл мүддетте қайтарыў шәрти менен 1 трлн сум муғдарында ссуда қаржылары ажыратылады.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Live
#мүрәжат_ҳәм_шешим
#рәýан_жоллардан_абат_мәнзиллерге
#Өзбекстан_көшеси
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
➡️https://t.iss.one/qongiratrkuz

⚡️Колледж ҳәм техникумларға қабыллаў параметрлери тастыйықланды
🔰Жоқары тәлим, пән ҳәм инновациялар министриниң буйрығы менен 2023/2024-оқыў жылында колледж ҳәм техникумларға күндизги, кешки, сыртқы ҳәм дуал тәлим формалары бойынша жәми 109 546 қабыллаў квотасы тастыйықланды.
🔠Соннан :
➡️123 колледж ушын — 41 мың 330 ;
➡️216 техникум ушын — 68 мың 216.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
➡️https://t.iss.one/qongiratrkuz
🔰Жоқары тәлим, пән ҳәм инновациялар министриниң буйрығы менен 2023/2024-оқыў жылында колледж ҳәм техникумларға күндизги, кешки, сыртқы ҳәм дуал тәлим формалары бойынша жәми 109 546 қабыллаў квотасы тастыйықланды.
🔠Соннан :
➡️123 колледж ушын — 41 мың 330 ;
➡️216 техникум ушын — 68 мың 216.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
➡️https://t.iss.one/qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
⚡️ Қоңырат районы "Қашы"мәкан пуқаралар жыйыны турғыны"Ҳаяллар дәптери"нде дизимде турған Мийрихан Өтегенованың бәнтлиги тәмийнленип ,бүгинлиги ол үйинде отырып-ақ шаңарағына дәрамат таýмақта.Мийрихан ҳаққында Қарақалпақстан телеканалында
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
➡️https://t.iss.one/qongiratrkuz
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
➡️https://t.iss.one/qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қоңырат районындағы Мәденият сарайында Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен болып өтетуғын "Ашық сәýбети" шеңберинде Мойнақ,Қоңырат,Шоманай ҳәм Қанлыкөл районлары исбилерменлери ҳәм фермер хожалықлары баслықларының қатнасыýында көшпели қабыллаý болып өтти.Илаж Қарақалпақстан телеканалының"Хабар"бағдарламасында
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 32 жыллығына пухта таярлық көриý,аймақларды абаданластырыý ҳәм көклемзарластырыý жумысларының көлемин және де кеңейтиý cоциаллық ҳәм ислеп шығарыý инфраструктураларының жағдайын жақсылаý,"мәҳәлледен- шаңараққа шекем"принципи тийкарында аймақларды абаданластырыý мәселелерине бағышланған жыйналыстан таярланған репортаж Қарақалпақстан телеканалында
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қоңырат районы ҳуқық қорғаý уйымларының муýапықластырыýшы кеңес мәжилисинен таярланған репортаж Қарақалпақстан телеканалында
Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#таңлаý
"БИР НУРАНЫЙ ОН ЖАСҚА ЖУЎАПКЕР"
⚡️Қоңырат районындағы "Бәркамал әýлад"балалар орайында "Бир нураный он жасқа жуýапкер" таңлаýының районлық басқышы болып өтти.
Илаждан таярланған репортаж Қарақалпақстан телеканалында

⚡️Өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў,жүз бериýи мүмкин болған кеýилсиз жағдайлардың алдын алыý бойынша Қоңырат буйым базары аймағында өткерилген оқыý-тактикалық шынығыýлардан таярланған репортаж Қарақалпақстан телеканалында
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қазақстан Республикасының айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Бейбут Атамкулов пенен ушырасты.
Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы ҳәм Қазақстан Республикасы, соның ишинде Қарақалпақстан менен өз-ара байланыслар, саўда-экономикалық, социаллық, мәденият, туризм бойынша бирге ислесиўди кеңейтиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, бул бағдарда алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар ҳәм әсирлер даўамында даўам етип киятырған қатнасықларды еле де беккемлеў мәселелери сөз етилди.
Онда сондай-ақ, бүгинги күнде саўда-экономикалық байланысларды беккемлеў бойынша өз ара бирге ислесиўди күшейтиў, ислеп шығарылып атырған өнимлердың экспорт көлемин арттырыў, бар болған инфраструктура имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша пикирлесилди.
Айтып өтиў керек, бүгинги күнде Қазақстан Республикасы менен экономикалық байланысларды еле де кеңейтиў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Аймақлық жақтан республикамыз бенен шегаралас жайласқанлығы, өнимлерди экспорт етиўде темир жол, автомобиль жолы ҳәм ҳаўа жолы арқалы туўрыдан-туўры бирге ислесиў имканиятының бар екенлиги, өз-ара мәдений байланыслардың жақсы раўажланғанлығы бул бағдардағы жумысларды әмелге асырыўға кең имканият береди. Усы тийкарда бирге ислесиўлер де раўажланып бармақта.
Бүгинги өткерилген ушырасыўда усы сыяқлы әҳмийетли мәселелер әтирапында сөйлесилди ҳәм Қазақстан Республикасының айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Бейбут Атамкулов жыллы жүзлилик пенен күтип алғанлығы ушын өз миннетдаршылығын билдирди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы өз-ара бирге ислесиўди қоллап-қуўатлаў бойынша республика басшылары барқулла таяр екенлиги, экспортты кеңейтиў ҳәм саўда байланысларын беккемлеў бойынша барлық зәрүрли илажлар көрилетуғынлығын атап өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

#дыққат
ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!!!
❗️ Абу Али ибн Сино атындағы жәмийет саламатлығы техникумында өткерилиýи режелестирилген Қоңырат районы ҳәкими Б.Мадаминовтың юридикалық ҳәм физикалық шахслар ушын нәўбеттеги көшпели қабыллаўы бүгин, яғный 9-август сәршемби күни саат 15:00 ге қалдырылғанын мәлим етемиз.
Қабыллаýға район ҳәкими орынбасарлары қатнасып, мүрәжатларды қабыл етеди.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz
ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!!!
❗️ Абу Али ибн Сино атындағы жәмийет саламатлығы техникумында өткерилиýи режелестирилген Қоңырат районы ҳәкими Б.Мадаминовтың юридикалық ҳәм физикалық шахслар ушын нәўбеттеги көшпели қабыллаўы бүгин, яғный 9-август сәршемби күни саат 15:00 ге қалдырылғанын мәлим етемиз.
Қабыллаýға район ҳәкими орынбасарлары қатнасып, мүрәжатларды қабыл етеди.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Оқыўды көшириў бойынша өтиў баллары
Белгиленген тәртипке бола, 2023/2024-оқыў жылында шет мәмлекетлердеги ЖООлары, республикамызда жумыс алып барып атырған мәмлекетлик емес ҳәм сырт ел (филиаллар) ЖООларынан мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына оқыўды көшириў қәлеўшилигин билдирген талабанлар таңлаған жөнелиси бойынша өтиў балларын жыйнағанда, көшириўге рухсат етилиўи мүмкин.
Мағлыўмат ушын, бул өтиў баллары усы жылда да системасында жоқары оқыў орынлары болған министрлик ҳәм мәкемелердиң усыныслары тийкарында қәлиплестирилген.
Тәлим бағдарлары кесиминде өтиў баллары қосымшада (сүўрет)
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Белгиленген тәртипке бола, 2023/2024-оқыў жылында шет мәмлекетлердеги ЖООлары, республикамызда жумыс алып барып атырған мәмлекетлик емес ҳәм сырт ел (филиаллар) ЖООларынан мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына оқыўды көшириў қәлеўшилигин билдирген талабанлар таңлаған жөнелиси бойынша өтиў балларын жыйнағанда, көшириўге рухсат етилиўи мүмкин.
Мағлыўмат ушын, бул өтиў баллары усы жылда да системасында жоқары оқыў орынлары болған министрлик ҳәм мәкемелердиң усыныслары тийкарында қәлиплестирилген.
Тәлим бағдарлары кесиминде өтиў баллары қосымшада (сүўрет)
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
❗️Магистратураға қабыл етилмеген арзаларды редакторлаў, яғный қайта көрип шығыў ушын имканият берилди
Бүгин ҳәм ертең: 9-10-август күнлери магистратураға ҳүжжет тапсырған ҳәм арзалары қабыл етилмеген талабанлар арзаларын редакторлаўы мүмкин. Редакторлаў имканияты 10-август саат 18:00 ге шекем даўам етеди.
Тапсырылған ҳүжжетлер тексерилгенде түрли себеплерге бола:
➖ таңланған қәнигелик питкериўшиниң тәлим бағдары бойынша сәйкес яки түрлес емеслиги;
➖ соралған ҳүжжет орнына басқасы жүкленгени ямаса толық жүкленбегени;
➖ ҳүжжетлер сапасызлығы сыяқлы себеплер менен бийкарланған.
❗️Еслетип өтемиз, шет тили сертификаты себепли бийкарланған арзаларды редакторлаў керек емес. Себеби, министрлик сертификат дәрежеси себепли бийкарланған арзалар редакторланса да, қайта көрилмейтуғынлығын мәлим етти.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Бүгин ҳәм ертең: 9-10-август күнлери магистратураға ҳүжжет тапсырған ҳәм арзалары қабыл етилмеген талабанлар арзаларын редакторлаўы мүмкин. Редакторлаў имканияты 10-август саат 18:00 ге шекем даўам етеди.
Тапсырылған ҳүжжетлер тексерилгенде түрли себеплерге бола:
➖ таңланған қәнигелик питкериўшиниң тәлим бағдары бойынша сәйкес яки түрлес емеслиги;
➖ соралған ҳүжжет орнына басқасы жүкленгени ямаса толық жүкленбегени;
➖ ҳүжжетлер сапасызлығы сыяқлы себеплер менен бийкарланған.
❗️Еслетип өтемиз, шет тили сертификаты себепли бийкарланған арзаларды редакторлаў керек емес. Себеби, министрлик сертификат дәрежеси себепли бийкарланған арзалар редакторланса да, қайта көрилмейтуғынлығын мәлим етти.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Online
#оқыý_шынығыý
Беккем шаңарақ-жәмийет тиреги
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2020-жыл 31-декабрь күнги «Шаңарақ институтын және де раўажландырыў ҳәм жасларды шаңарақлық турмысқа таярлаў ис-илажлары ҳаққында»ғы 820-санлы қарары тийкарында Қоңырат районы «Жасларды шаңарақлық турмысқа таярлаў оқыў орайы»ныӊ гезектеги оқыў курслары шөлкемлестирилмекте. Оған 30 жасқа шекемги болған,енди турмыс қурып атырған жас шаңарақ ийелери қатнаспақта.
Оқыў курсларында тийисли тараў ўәкиллери тәрепинен шаңарақтағы мүнәсибет мәденияты, жасы үлкенге ҳүрмет, жасы кишиге иззет көрсетиў, шаңарақтағы келиспеўшиликлердиң алдын алыў ҳәм сапластырыў жоллары бойынша түсиник жумыслары алып барылмақта.

🌳 Журтымыз абатлығы - кеýлимиз абатлығы!
🍀Aймақларды абаданластырыý ҳәм көклемзарластырыý жумысларының көлемин және де кеңейтиý мақсетинде 30-июль - 30-август күнлери Республикамыз бойлап "Абаданластырыý aйлығы" өткерилмекте.
🌿Қәдирли журтласым,аýылласым,жаннан әзийз қоңсым!
Мәҳәллемиз тазалығына бийпарық болмайық!