QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.21K subscribers
45.6K photos
4.76K videos
27 files
13.8K links
Download Telegram
Қарақалпақстан Республикасы бойынша 1803 исбилерменлик ушын жер участкалары мүлк ҳәм ижара ҳуқықы менен саўдаға шығарылды
e-auksion.uz
🔷Нөкис қаласы 5 (көриў)
🔷Әмиўдәрья районы 32 (
көриў)
🔷Беруний районы 143 (
көриў)
🔷Бозатаў районы 77 (
көриў)
🔷Қараөзек районы 111 (
көриў)
🔷Кегейли районы 136 (
көриў)
🔷Қоңырат районы 321 (
көриў)
🔷Қанлыкөл районы 70 (
көриў)
🔷Мойнақ районы 129
көриў)
🔷Нөкис районы 100 (
көриў)
🔷Тақыятас районы 62 (
көриў)
🔷Тахтакөпир районы 106 (
көриў)
🔷Төрткүл районы 182 (
көриў)
🔷Хожели районы 152 (
көриў)
🔷Шымбай районы 85 (
көриў)
🔷Шоманай районы 53 (
көриў)
🔷Елликқала районы 39 (
көриў)

социаллық
тармақларда:
Telegram | Facebook | Instagram | Youtube
[@ustoz] Qizil maktablar.pdf
217.8 KB
❗️Қызыл тайпадағы мектепке барып жумыс ислеген оқытыўшыға 100 процентке шекем арнаўлы үстеме ақша төленеди

«Қызыл мектеплер» бул — тәлим дәрежеси жоқары болмаған мектеплер есапланып, олардың дизими ҳәр жылы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги тәрепинен дағаза етиледи.

Оқытыўшы басқа бир аймақтан барып усындай дизимге киргизилген мектепте ислесе олардың айлық жумыс ҳақына қосымша үстемелер төлеп бериледи.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Onlıne
#мүрәжат_ҳәм_шешим

  ⚡️Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен орынларда өткерилген көшпели қабыллаўларда билдирилген мүрәжатлар, көше бийлериниң көтерген мәселелери яғный, социаллық тараў ҳәм инфраструктура объектлериндеги машқалаларды сапластырыў бойынша  Қоңырат районында 10 объектте 18,9 млрд. сумлық қурылыс-оңлаý жумыслары жедел пәтлер менен алып барылмақта.
  "Түркистан"мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы электр тармақларының тозыýы жетиýи себепли ,электр тәмийнатында жийи-жийи жүзеге келип турған  үзилислерлерге де шек қойылатуғын болды.Улыýма аймаққа 9,8 км аралыққа жаңадан электр сымлары тартылыýы,147 электр бағанасы  орнатылыýы нәзерде  тутылған болса,соннан бүгинге шекем "Қыз Меңеш"көшесине 8,8 км узынлықтағы сип кабельлери  тартылып,117 бағаналар орнатылмақта.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Брифинг

Қарақалпақстан Республикасында жол қурылысы тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша

Қорақалпоғистон Республикасида йўл қурилишидаги амалий ишлар юзасидан маълумот

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети – Б.Хожанов

Каналға ағза болыў
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Дыққат!

🖌Исбилерменлер ушын оғада әҳмийетли жаңалық

Бүгин Қарақалпақстан Республикасын раўажландырыў ҳәм ибсилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша Президентимиздиң және бир тарийхый ПП-129-санлы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлерге қолайлы шараятлар жаратыўға тийисли қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди
.

Пәрман менен Тиклениў ҳәм раўажланыў фонды тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында ислеп шығарыўды кеңейтиў бойынша инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў мақсетинде 100 млн. АҚШ доллары ажыратылады. Усы қаржылар шеңберинде:

Коммерциялық банклер тәрепинен инвестиция жойбаларын қаржыландырыў ушын сырт ел валютасында 5 процент, миллий валютада 12 процент болған жыллық ставкаларда 10 жыл мүддетке шекем 5 жыллық жеңилликли дәўир менен Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан жоқары болмаған муғдарда кредитлер ажыратылады. Бунда коммерциялық банктиң маржасы сырт ел валютадағы кредитлер бойынша 1 процент, миллий валютадағы кредитлер бойынша 2 процент муғдарында белгиленеди.

Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги тәрепинен 2024-жыл жуўмағына шекем жаңа жойбарларды қаржыландырыў жумысларын шөлкемлестириў мақсетинде халықаралық қаржы институтларынан қосымша 200 миллион АҚШ доллар муғдарында кредит қаржылары тартылады.

Қарақалпақстан Республикасында бизнес орталығын еле де жақсылаў мақсетинде исбилерменлик субъектлериниң жойбарларына Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик фонды тәрепинен, инвестиция жойбарларын қаржыландырыў ҳәмде айланба қаржыларын қәлиплестириў мақсетлерине миллий ҳәм сырт ел валютасында ажыратылатуғын кредит муғдарының 75 процентине шекем, бирақ, 5 млрд сумнан аспаған муғдарда кепиллик бериледи.

Киши ҳәмде жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналарында инвестиция миннетлемелерин орынлаған исбилерменлерге жер участкаларын, имарат ҳәм объектлерди меншиклестирип бериў тәртиби белгиленеди.

Аймақта ғалабалық саўдаларда турған мәмлекетлик мүлк объектлери 3 ай мүддетте сатылмағанда оларды электрон таңлаў тийкарында ең жақсы усыныс билдирген талабанға инвестиция киргизиў миннетлемеси менен бериў тәртиби енгизиледи.

2023-2024-жылларда Нөкис қаласында 1 млн АҚШ доллары, қалған районларда 300 мың АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизиў миннетлемеси менен жойбар басламашыларына Министрлер Кеңеси қарары тийкарында жер участкаларын туўрыдан-туўры узақ мүддетли ижара ҳуқықы менен бериў системасы енгизиледи.

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы саўда, улыўмалық аўқатланыў бағдарындағы ҳәм автомобильлерге жанылғы қуйыў ҳәм электр қуўатландырыў шақапшалары жумысын шөлкемлестирген киши исбилерменлик субъектлерине қуяш панеллерин сатып алыў ҳәм орнатыў ушын ажыратылып атырған кредитлерге белгиленген муғдар ҳәм шәртлер шеңберинде компенсация усынылады.

Орайлық банк тәрепинен 2024-жылдан баслап ҳәр жылы коммерциялық банклерге Қарақалпақстан ушын шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде кеминде 2 трлн. сум қаржылары ажыратылады.

- Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде жаңадан шөлкемлестирилген, есап бетинде қаржы жетерли дәрежеде айланбаған исбилерменлик субъектлерине, қаржылық қоллап-қуўатлаў ушын гиреў тәмийнатынан келип шығып, базалық есаплаў муғдарының 100 есесине шекемги болған муғдарда;

- жасларды кәсип-өнерге үйретиў ҳәмде ислеп шығарыў процесиндеги кәнигелерди қайта таярлаў, билим ҳәм потенциалын арттырыў мақсетинде олардың сырт мәмлекетлерде билим алыўы ушын 4 жыллық жеңилликли дәўир менен 10 жыл мүддетке Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан аспаған муғдарда кредит қаржылары ажыратылыўы системасы енгизиледи.

Хожели районындағы 100 гектар жер майданында «Жаслар социаллық-экономикалық орайы» шөлкемлестириледи.
Жаслар орайында белгиленген объектлерди қурыў ушын Өзбекстан Республикасы республика бюджети қаржылары есабынан 2023-2027-жыллар даўамында 10 жыл мүддетте қайтарыў шәрти менен 1 трлн сум муғдарында ссуда қаржылары ажыратылады
.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Колледж ҳәм техникумларға қабыллаў параметрлери тастыйықланды

🔰Жоқары тәлим, пән ҳәм инновациялар министриниң буйрығы менен 2023/2024-оқыў жылында колледж ҳәм техникумларға күндизги, кешки, сыртқы ҳәм дуал тәлим формалары бойынша жәми 109 546 қабыллаў квотасы тастыйықланды.

🔠Соннан :

➡️123 колледж ушын — 41 мың 330 ;

➡️216 техникум ушын — 68 мың 216.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
➡️https://t.iss.one/qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
⚡️ Қоңырат районы "Қашы"мәкан пуқаралар жыйыны турғыны"Ҳаяллар дәптери"нде дизимде турған Мийрихан Өтегенованың бәнтлиги тәмийнленип ,бүгинлиги ол үйинде отырып-ақ шаңарағына дәрамат таýмақта.Мийрихан ҳаққында Қарақалпақстан телеканалында

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
➡️https://t.iss.one/qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қоңырат районындағы Мәденият сарайында Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен болып өтетуғын "Ашық сәýбети" шеңберинде Мойнақ,Қоңырат,Шоманай ҳәм Қанлыкөл районлары исбилерменлери ҳәм фермер хожалықлары баслықларының қатнасыýында көшпели қабыллаý болып өтти.Илаж Қарақалпақстан телеканалының"Хабар"бағдарламасында

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң  32 жыллығына пухта таярлық көриý,аймақларды абаданластырыý ҳәм көклемзарластырыý жумысларының көлемин және де кеңейтиý cоциаллық ҳәм ислеп шығарыý инфраструктураларының жағдайын жақсылаý,"мәҳәлледен- шаңараққа шекем"принципи тийкарында аймақларды абаданластырыý мәселелерине бағышланған жыйналыстан таярланған репортаж Қарақалпақстан телеканалында

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz‌‌
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қоңырат районы ҳуқық қорғаý уйымларының муýапықластырыýшы кеңес мәжилисинен таярланған репортаж Қарақалпақстан телеканалында


Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#таңлаý

"БИР НУРАНЫЙ ОН ЖАСҚА ЖУЎАПКЕР"

⚡️Қоңырат районындағы "Бәркамал әýлад"балалар орайында "Бир нураный он жасқа жуýапкер" таңлаýының районлық басқышы болып өтти.
Илаждан таярланған репортаж Қарақалпақстан телеканалында

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў,жүз бериýи мүмкин болған кеýилсиз жағдайлардың алдын алыý бойынша Қоңырат буйым базары аймағында өткерилген оқыý-тактикалық шынығыýлардан таярланған репортаж Қарақалпақстан телеканалында

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz‌‌