QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
10.7K subscribers
47.9K photos
5.09K videos
28 files
14.7K links
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Президент Шавкат Мирзиёев Туркман халқининг миллий етакчиси Гурбангули Бердимуҳамедов ва Туркманистон Президенти Сердар Бердимуҳамедов билан учрашди

Президент Шавкат Мирзиёев Туркмен халқының миллий жетекшиси Гурбангули Бердимуҳамедов ҳәм Туркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов пенен ушырасты.
_
Президент Шавкат Мирзиёев провел встречи с Национальным лидером туркменского народа Гурбангулы Бердымухамедовым и Президентом Туркменистана Сердаром Бердымухамедовым

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter

https://t.iss.one/qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#жаслар_сиясаты_әмелде

Қоңырат районында Өзбекстан  Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Жаслар ислери агентлиги ҳәм Қоңырат районы  ҳәкимлиги менен биргеликте Мойнақ ҳәм Қоңырат районы жаслары менен ушырасыý  шөлкемлестирилди. Илаждан таярланған репортаж Қарақалпақстан телеканалында

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Қабыллаў

ПРОКУРОРДЫҢ НӘЎБЕТТЕГИ ҚАБЫЛЛАЎЫ

Мәмлекетимизде пуқаралар менен жақын байланысты орнатыў, пуқаралардың мүрәжат ҳәм машқалаларын үйрениў мақсетинде 2-сектор аймағына қараслы "Елабад" мәкан  пуқаралар жыйынында Қоңырат районы прокуроры, 2-сектор баслығы Ж.Муфтуллаев пуқаралар мүрәжатларын қабыл етиў бойынша гезектеги көшпели қабыллаўы өткерилди.

Қабыллаў даўамында пуқаралардың жеке мүрәжатлары, усы аймақтың социаллық экономикалық раўажланыўы бойынша алып барылып атырған жумыслар бойынша кең түрде пикирлер алмасты ҳәм мүрәжатлар тыңланып олардың өз уақтында шешилиў мәселелери көрип шығылды.

Сондай-ақ көшпели ушырасыўға тараў хызметкерлери қатнасып келип түскен мүрәжатларға орнында түсиник берди ҳәмде шешилиўи ўақыт талап ететуғын мүрәжатлар қадағалаўға алынды.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
# online

Қоңырат районы ҳуқық қорғаý уйымларының муýапықластырыýшы кеңес мәжилиси өткерилмекте.Оған район ҳәкими Б.Мадаминов,ҳуқық қорғаý уйымлары,мекеме, шөлкем басшылары қатнаспақта.
Мәжилисте усы жылдың 6 айында аймақта жынаятшылыққа қарсы гүресиý ҳәм алдын бағдарындағы жумыслар додаланбақта.
  Тастыйықланыýынша,аймақта улыýма жынаятшылық 28%ке асқан,таýламашылық,жол ҳәрекети қәýипсизлиги менен байланыслы жынаятлар ҳәм аýыр тән жарақатын жеткизиý жынаятлары көбейген.
Жынаятлардың салмақлы бөлеги
"Қоңырат","Азатлық"
"Қаратал","Жиңишке","Санаат""Тарақлы"МПЖ,"Елабад","Қарақалпақстан"ППЖ ҳәм "Қаңлы","Қоңырат","Хорезм"АПЖ ларына туýра келген.
  Алдын алыý мүмкин болған жынаятлар есабынан аймақтағы 39 мәҳәллениң 5 еýи "қызыл",9 ы "сары",25 и"жасыл"тайпаларға киргизилген. Мәжилисте жас өспиримлер,жаслар, ҳаял-қызлар арасындағы жынаятлар асқанлығы қатаң сынға алынды.Жол қойылған қәте-кeмшиликлер додаланып,
ýaзыйпалар белгиленип алынды.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Forwarded from Karakalpakstan.uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Qabıllaw_2023

📹Joqarı oqıw orınlarına kiriw test sınaqları dawam etpekte

2023-2024-oqıw jılı ushın joqarı oqıw orınlarına kiriw test sınaqları kúnine eki smenada – 08:00 den 11:00 ge shekem hám 15:00 den 18:00 ge shekem bolıp ótpekte.

Respublikalıq oyın túrleri hám jeńil atletika boyınsha qánigelestirilgen balalar hám jas óspirimler sport mektebinde Ájiniyaz atındaǵı Nókis mámleketlik pedagogikalıq institutı tárepinen abiturientlerdiń ata-anaları ushın kútiw orınları, test procesin onlayn baqlaw imkaniyatı, sonday-aq, basqa da zárúr sharayatlar jaratılǵan.

Sonıń menen birge, ata-analardıń test procesi haqqındaǵı pikirlerin úyreniw maqsetinde institut volontyorları tárepinen sociologiyalıq sorawnamalar ótkerilmekte.

Каналға ағза болыў
Президент Шавкат Мирзиёевнинг темир йўл транспорти ходимларига табриги

Поздравление Президента Шавката Мирзиёева работникам железнодорожного транспорта

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#ашық_суд_мәжилиси

Қарақалпақстан Республикасы судында Қоңырат районы "Қумбыз"мәкан пуқаралар жыйынында жасаýшы пуқараның жынаят иси көрип шығылды.Ол қумар ойынларын ойнаý ушын бир неше танысларының пластик карталарынан пул шешип алған.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Адвокатлық жумысы менен шуғылланыў қәлеўшилиги болған талабанлардан соралатуғын кеминде еки жыллық мийнет стажына ийе болыў талабы бийкар етилмекте

Усы Нызам мәнис-мазмунына бола инсан ҳуқықларын исенимли тәмийинлеўге хызмет етеди. Пуқаралардың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин тәжирийбели қорғаўда адвокатураның орны оғада үлкен.

Жақында сенаторларымыз «Мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем көрсетиў ҳаққында»ғы Нызамды мақуллады ҳәм ол сентябрь айынан күшке кириўи белгиленди.

Бул нызам көбирек халықтың жәрдемге мүтәж қатламына тәжирийбели юридикалық жәрдем көрсетилиўин кепиллейди. Усы Нызам толық ислеўи ушын болса биринши нәўбетте тәжирийбели адвокатлар керек. 

Буннан тысқары, елимизде исбилерменлер саны күн сайын артып бармақта. Тәбийий түрде, экономикалық-шәртнамалық мүнәсибетлер де жеделлеспекте. Бундай шараятта тәжирийбели ҳуқықый хызметлерге болған мүтәжлик тек артып барады.

Бирақ, соның менен бирге адвокатура институты жәмийетимизде өзиниң мүнәсип орнына ийе болыўы жолында еле талай машқалаларымыз бар.

«Адвокатура ҳаққында»ғы Нызамға киргизилип атырған өзгерислердиң әҳмийетлилиги де сонда. Әпиўайы етип айтқанда, үлкен тосықлардан бири алып тасланбақта.

Жуўапкер министрлик, мәкемелер, биринши нәўбетте Әдиллик министрлиги усы норма күтилген нәтийжени бериўи ушын зәрүр дәрежеде ҳәрекет етеди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ахборот 24 | Қўнғирот туманидаги 10 та объектда қурилиш-реконструкция ишлари амалга оширилмоқда
#5aug #uzbekiston24

➡️https://t.iss.one/qongiratrkuz

mtrk.uz | Youtube | Facebook | Telegram | uztv.tv | TV-dastur
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#ғаýаша_тәрбиясы

⚡️ "Хорезм"аýыл пуқаралар жыйыны аймағындағы"Партаý тартыýлы"фермер хожалығы атызында агротехникалық илажлардың өз ýақтында, сапалы алып барылыýы нәтийжесинде бир түп ғаýаша нәлинде 100 ден аслам ғөрек өнип шықты.
Қоңыратлы аýылхожалығы мийнеткешлериниң ғаýаша тәрбиясы бойынша алып барып атырған жумыслары Қарақалпақстан телеканалы нәзеринде

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#билесиз_бе

📗«Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларға қандай жәрдемлер бериледи?

🔺социаллық қорғаўға мүтәж жумыссыз ҳаял-қызлар ушын:
бәнтлигин тәмийинлеў;
зәрүр жағдайларда, сектор баслығы усынысы менен бир мәртелик материаллық жәрдем бериў;

🔺исбилерменлик пенен шуғылланыўды қәлеўши ҳаял-қызлар ушын:
исбилерменликти жолға қойыўға жәрдемлесиў;

🔺 бағыўшысы жоқ ҳаял-қызлар ушын:
бир мәртелик материаллық жәрдем бериў;
зәрүр жағдайларда, сектор баслығы усынысы менен аўыр турмыс шараятындағы (турақ жайы оңлаўға мүтәж, бирақ оны оңлаўға жағдайы жетпейтуғын) ҳаял-қызлардың турақ жайын оңлап бериў;

🔺социаллық қорғаўға мүтәж I ҳәм II топар майыплығы бар болған,қыстаýлы медициналық емлениўге мүтәж ҳаял-қызлар ушын:
бир мәртелик материаллық жәрдем бериў;
зәрүр жағдайларда, сектор баслығы усынысы менен аўыр турмыс шараятындағы (турақ жайы оңлаўға мүтәж, бирақ оны оңлаўға жағдайы жетпейтуғын) ҳаял-қызлардың турақ жайын оңлап бериў;
зәрүрли медициналық жәрдем көрсетиў;

🔺 турақ жайға мүтәж ҳаял-қызлар ушын:
ижарасын төлеп бериў, социаллық үйлерге жайластырыў, турақ жай менен тәмийинлеў;
зәрүр жағдайларда, сектор баслығы усынысы менен бир мәртелик материаллық жәрдем бериў;

🔺қарамағында майыплығы болған перзенти бар ҳаял-қызлар ушын:
бир мәртелик материаллық жәрдем бериў;
зәрүр жағдайларда, сектор баслығы усынысы менен қыйтақ жерден ҳәм дийқаншылықтан дәрамат дереги ретинде пайдаланыўы ушын жәрдемлесиў.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz