QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
7.49K subscribers
51K photos
5.54K videos
31 files
15.8K links
Download Telegram
🗳 Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында даўыс бериўшилердиң қатнасы ҳаққында мағлыўмат

✔️ Саат 17:00 жағдайы бойынша даўыс бергенлер саны

Каналға ағза болың 👉 @saylaw2023
👍4
Forwarded from QON'IRAT HAQIYQATI
Қоңырат районы "Қоңырат"аýыл пуқаралар жыйынындағы 332-сайлаý yчасткасында жас келин-кийеý даýыс берди.
➡️https://t.iss.one/qonirathaqiyqati
👍273
Forwarded from QON'IRAT HAQIYQATI
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Президент_сайлаýы_2023
#no_comment
#видеоролик
Редактор:Гүлистан Қаражанова
Оператор:Юсип Қыдырбаев
➡️https://t.iss.one/qonirathaqiyqati
👍7🥰1
Forwarded from Joqarǵı Keńes.uz
⚡️Кешки яки сыртқы тәлимде билим алып атырған хызметкерлерге сессия тапсырыў ушын мийнет ҳақы сақланған ҳалда дем алыс бериледи

Жоқары оқыў орынлары, техникум яки колледжлерде кешки яки сыртқы тәлимде оқып атырған хызметкерлерге лаборатория-имтихан сессияларында қатнасыў ушын орташа ис ҳақы сақланған түрде төмендеги мүддетлерде оқыў дем алысы бериледи

◽️Жоқары оқыў орынларында кешки тәлимде оқып атырған 1-2-курс студентлерине – кеминде 20 күн, техникум яки колледжлерде – кеминде 10 күн, Жоқары оқыў орынлары ҳәм техникум яки колледжлерде сыртқы тәлимде оқып атырғанлар болса – кеминде 30 күн;

◽️ Жоқары оқыў орынларында кешки тәлимде 3-4-курсларда яки оннан жоқары курсларда оқып атырғанларға – кеминде 30 күн, техникум яки колледжлерде – кеминде 20 күн, Жоқары оқыў орынлары ҳәм техникум яки колледжлерде сыртқы тәлимде оқып атырғанларға болса кеминде 40 календарь күн.

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍10
Қоңырат районы Электр тармақлары кәрханасы ескертеди:

2023-жыл 10-июль күни саат 10:00ден 18:00ге дейин Қоңырат районы Киет АПЖ аймағында 37-санлы трансфарматор пункитинде киши оңлаў жумысларын алып барыўына байланыслы электр энергия менен тамийинлеў ўактынша тоқтатылады.

👉@qongiratrkuz
👍4👏2
⚡️"Әҳмийетли 30 күн"

⚡️Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2023-жыл                               5-июль күнги  тийисли бийлигине муўапық усы жылдыӊ 10-июль күнинен 10-август күнине шекем республикамыз аймағында “Өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша “Әҳмийетли 30 кун"" илажы өткериледи.

⚡️Ҳүрметли пуқаралар! Усы илажда белсене қатнасыўыӊызды сораймыз.

Қарақалпақстан Респбликасы Айрықша жағдайлар басқармасы

https://t.iss.one/QR_AJB
👍7
Forwarded from Joqarǵı Keńes.uz
Мүддетинен алдынғы Өзбекстан Президентлигине болып өткен сайлаўдың дәслепки нәтийжелери жәрияланды

ОСК баслығы рәсмий түрде Шавкат Миромонович Мирзиёевты Өзбекстан президенти етип сайланғаны менен қутлықлады.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👏7👍4
Төреш Алланазаров (1916-2000 жж.) - режиссёр, драматург, илимпаз ҳәм жәмийетлик искер. "Қарақалпақстанға мийнети сиңген артист", "Өзбекстанға хызмет көрсеткен артист", "Өзбекстан халық артисти" ҳүрметли атақларының ийеси, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты.

Төреш Алланазаров 1916-жылы Қоңырат районында (Сор-көл аўыл-советине қараслы Тахтақайыр - Қара-жар аўылында туўылған. Барлық дөретиўшилик өмирин қарақалпақ миллий сахна өнерин раўажландырыўға, миллий көркем-онер тарийхын үйренип келешек урпақларға жеткериўге бағышлаған инсан.

1934-1939 жыллары Москвадағы А.Луначарский атындағы мәмлекетлик театр институтында, 1946-1951 жыллары Ташкент театр ҳәм көркем-өнер институтында билим алған. 1965-1967 жыллары ҚҚАССР мәденият министри лаўазымында жумыс ислеген. Асан Бегимов пенен бирге «Ғәрип ашық» (1954 ж.), Жолмурза Аймурзаев пенен бирликте «Раўшан» (1956 ж.), Пирлепес Тилегеновтың «Биринши гудок» (I960) пьесаларын жазып, өзи сахналастырған.

Архив дереклеринен алынды.


➡️https://t.iss.one/qongiratrkuz
👍92
🎓Ózbekstanda ekinshi qánigelikke qabıllaw baslandı

Qabıllaw my.edu.uz platformasında 10-iyuldan 10-avgustqa deyin dawam etedi.

Ағза болың:
➡️https://t.iss.one/qongiratrkuz
👍7
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Мүддетинен алдынғы Өзбекстан Президентлигине болып өткен сайлаў процесслеринен таярланған видеорепортаж Қарақалпақстан телеканалының "Хабар" бағдарламасында

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/qongiratrkuz

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
👍2
🛎"Рекламасыз бизнес-суўдағы ескексиз қайық сыяқлы"

💹 Бизнести раўажландырыўдағы ең тийкарғы буўын,бул -РЕКЛАМА🔊

💁‍♀Районымыз орайында қурылған "REKLAMA  GROUP SHOX" ЖШЖне қараслы 6×3 метрли ЛЕД экранлы реклама мониторы сизиң өним ҳәм хызметиңиз рекламасы ушын тайын.


Сиз өз өнимиңизди реклама етиýди қәлесеңиз Саўда-санаат палатасы Қоңырат районы бөлимине мүрәжат етиң!
СИЗ ушын 5% шегирме менен жайластырып береди.

🏃‍♀🏃🏃‍♂Өним ҳәм хызметиңиз сапасын халқымызға жеткериўге асығың!

📞Байланыс телефонлары:
+998905937474
+99833 3625555
👍7
Ҳүрметли Қоңырат районы исбилерменлери!

Усы жылдың 15-октябрь 05-ноябрь күнлери аралығында Қытайда халық аралық "Кантон-2023" ярмаркасы болып өтеди. Бул ярмаркаға қатнасыў арқалы өнимиңизди халық аралық базарға шығарыў ҳәм бизнесиңизди раўажландырыў имкәниятына ийе боласыз.

Халық аралық ярмаркаға қатнасыўды қәлеўши исбилерменлер саýда-санаат палатасы Қоңырат районы бөлимине мүрәжат етиўи мүмкин.

Байланыс ушын телефонлар:
+998905937474
+998948519110
👍101
Forwarded from QOŃÍRAT JASLARÍ| RÁSMIY KANALÍ (Қоңырат районы Саламат Серимбаев)
📍 Qońırat rayonında "Atalıqqa biriktirilgen" jaslar menen individual islesiw boyınsha sistemalı jumıslar ámelge asırılmaqta

🔹 Qońırat awıl puqaralar jıyını turǵını Baburjan óz atalıǵına alǵan Qońırat rayonı Abadanlastırıw basqarması baslıǵı A.Artikov penen sáwbetlesiw dawamında bántligin támiyinlew maqsetinde motokultivator úskenesin sorap múrájat jollaǵan edi.

🔥 Búgin múrájat unamlı sheshilip Baburjanǵa "Jaslar dápteri" jamǵarması qarjıları esabınan subsidiya tiykarında 10 mln swmlıq "Motokultivator" úskenesi alıp berildi.

Baburjan jaslarǵa jaratılǵan bunday imkaniyatlar ushın minnetdarshılıq bildirip óz jumısın basladı

👉@qonjasnews_1
👍15🥰1