QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
14.9K subscribers
46.2K photos
4.87K videos
27 files
14K links
Download Telegram
ЖОҚАРЫ НӘТИЙЖЕ КӨРСЕТКЕН БӨЛИМ ХЫЗМЕТКЕРЛЕРИ ХОШАМЕТЛЕНДИ.

🇺🇿 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен басқарманың жумысларын муўапықластырыў ҳәм усы жылдың май айында әмелге асырылған жумыслардың жуўмағы бойынша мәжилис өткерилди.

Мәжилисте Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы Х.Кайпназаров, басқарма баслығының орынбасарлары,бөлим баслықлары ҳәм олардың қәнийгелери, сондай-ақ,район (қала) бөлим баслықлары ҳәм қәнийгелери қатнасты.

Илажда дәслеп, Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы Х.Кайпназаров басқарманың қала ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен май айында белгиленген ўазыйпалардың қанаатландырарлы түрде әмелге асырғанлығын ҳәм июль айында әмелге асырылыўы тийис болған бир қатар ис-илажлар ҳаққында айтып өтти.

Буннан соң, басқарма баслығыныӊ биринши орынбасары А.Сейтахов сөзге шығып, өз сөзинде барлық район (қала) бөлим баслықларына өз аймағында искерлигин алып барып атырған исбилерменлер ҳәм хызмет көрсетиўши коммерциялық банклер менен тығыз байланыс орнатыў арқалы оларға юридикалық хызметлер жолға қойыў ҳәм де турақлы түрде медиация өткерип барыў кереклигин айтып өтти.

Сондай-ақ, жыйналыста басқарма баслығыныӊ орынбасары М.Косназаров  2023-жыл июнь айында исбилерменлик субъектлерине хызмет көрсетиў сапасын ҳәм санын асырыў бойынша пикир ҳәм усынысларын билдирди.

Мәжилис даўамында басшылық етиўши көрсеткишлери жоқары болған Шоманай, Қанлыкөль ҳәм Қоңырат районлары басқармасының бөлимлери ушын қымбат баҳалы компютер ҳәм компютер техникалары салтанатлы түрде тапсырылды. Буннан тысқары, басқарманың барлық қала ҳәм район бөлими қәнийгелери Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен таярланған сертификатлар менен сыйлықланды.

Илаж соңында усындай иләжларды шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалар белгиленип алынды.

🏢Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/sspchamberuz
Мийирбийкелер академиясы шөлкемлестириледи

"Ҳәкимшилик реформалар шеңберинде денсаўлықты сақлаў тараўында мәмлекетлик басқарыўды нәтийжели шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында"ғы ПҚ-197-санлы Президент қарары қабыл етилди
.

Қарар менен, медицинаның бирлемши буўынында медициналық-санитария жәрдемин көрсетиўдиң төмендегилерди нәзерде тутатуғын жетилистирилген системасы енгизиледи:

🔹район (қала) дәрежесинде амбулатор ҳәм стационар шараятда халықтың ең көп мүрәжатларына себеп болып атырған кеселликлер ҳәм жағдайларды есапқа алған ҳалда, Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қапланатуғын медициналық жәрдемниң кепилленген көлеминиң дизими қәлиплестириледи;

🔹бирлемши медицина-санитариялық жәрдем мекемелериниң шыпакерлери тийисли аймақта ең көп тарқалған кеселликлер ҳәм жағдайлар бойынша қысқа мүддетли курсларда оқытылады.

2024-жылдан баслап жыллық медициналық көриклер шеңберинде нураныйларды мақсетли скриниңнен өткериў бағдарламасы енгизиледи.

2023/2024-оқыў жылынан баслап, төмендегилер шөлкемлестириледи:

Чилонзор Абу Али ибн Сино атындағы Жәмийетлик саламатлық техникумы тийкарында Мийирбийкелер академиясы;

медицина колледжлери тийкарында Абу Али ибн Сино атындағы Жәмийетлик саламатлық техникумлары;

Соның менен бирге төмендегилер енгизиледи:

медицина Жоқары оқыў орынларында оқыў мүддети 4 жыллық "Жоқары қәнигеликке ийе мийирбийке" бакалавриат тәлим бағдары бойынша қәнигелерди таярлаў;

техникумлардың усыныслары тийкарында қабыллаў параметрлери ҳәмде қосымша түрде категорияластырылған төлемли-контракт тийкарында оқыўға қабыллаў;

🔸медицина жөнелисиндеги мәмлекетлик Жокары оқыў орынлары студентлериниң билимлерин 2 басқышлы (фундаментал ҳәм клиникалық-әмелий көнликпелер) баҳалаў ҳәм олардың қәнигелигин тастыйықлаў миллий системасы;

🔸медицина хызметкерлериниң қәнигелигин арттырыўға қаратылған үзликсиз кәсиплик тәлим порталы.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Алыс Мойнақ ҳәм Қоңырат районларындағы көше сәрдарлары менен ушырасыў болып өтти

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қоңырат ҳәм Мойнақ районларының белсенди жаслары ҳәм көше сәрдарлары менен ушырасты.

Ушырасыўда елимизде алып барылып атырған жаслар сиясаты, оларға қаратылып атырған үлкен итибар, сондай-ақ, жаратылып берилип атырған шараятлар ҳаққында кең түрде сөз етилди.

Ҳақыйқатында да, бүгин жасларға оғада үлкен мүмкиншиликлер жаратылып берилип атырғаны шын мәнисинде «Өзбекстан – имканиятлар мәмлекети» деген пикирдиң айқын мысалы есапланады. Себеби, өз қабилетин, талантын жүзеге шығарыўды, исбилерменлигин жолға қойып, оны кеңейтиўди, илим-пән, билимлендириў, кәсип үйрениў, өнер ийелеў, улыўма ҳәр қандай тараўларда өз жумысын жолға қойыўды нийет еткен ҳәр бир жасқа барлық шараятлар жаратылған.

Усындай жаратылған шараятлардан нәтийжели пайдаланып, елимиз жаслары арасынан бир қатар жөнелислерде жетискенликке ерискен жаслар, дүньяға белгили спортшылар ҳәм басқа да қатарының алдынғылары жетилисип шықпақта. Ең баслысы, усындай жаслар елимиздиң байрағын дүньяға танытып атыр.

Ушырасыў соңында өзиниң белсендилиги менен теңлеслери арасында үлги болып атырған бир қатар жаслар "Үмит ушқыны" көкирек белгиси ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Жоқарғы Кеңес Баслығы Қоңырат районындағы Өзбекстан көшесинде алып барылып атырған қурылыс жумыслары менен жақыннан танысты

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қоңырат районындағы Өзбекстан көшесинде алып барылып атырған қурылыс жумысларын ис басына барып көрди.

Бул жерде көше бийлери, мәҳәлле нураныйлары менен жақыннан пикирлесип, оларға ҳәр бир мүрәжат, көше бийлериниң ҳәр қандай усынысы итибарға алынатуғынлығын айтып өтти.

Өз нәўбетинде мәҳәлле нураныйлары ҳәм көше бийлери өзлериниң усыныслары бойынша машқалалар шешимин таўып, басшылыққа алынып атырғанлығынан миннетдар екенлигин билдирди.

Атап өтиў керек, Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳәм мәҳәлле белсендилери, көше бийлери менен ашық-айдын пикирлесиў түринде өткерилген ушырасыўда бийлер район орайынан өтиўши Өзбекстан көшесин оңлаў бойынша өзлериниң усынысын билдирген еди.

Арадан ҳеш қанша ўақыт өтпестен-ақ қурылыс жумыслары баслап жиберилди.

Халық ийгилиги ҳәм абадан турмысын тәмийинлеў жолындағы бундай әмелий жумыслар еле де даўам етери сөзсиз.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
e-auksion.uz платформасы арқалы 4564 дан артық көшпели саўда жерлерин ижараға алыӊ!

🟢
Нөкис қаласы 929 (қараңыз)
🟢 Әмиўдәрья районы 306 (қараңыз)
🟢 Беруний районы 199 (қараңыз)
🟢 Бозатаў районы 132 (қараңыз)
🟢 Қараөзек районы 212 (қараңыз)
🟢 Кегейли районы 192 (қараңыз)
🟢 Қоңырат районы 336 (қараңыз)
🟢 Қаңлыкөл районы 197 (қараңыз)
🟢 Мойнақ районы 194 (қараңыз)
🟢 Нөкис районы 193 (қараңыз)
🟢 Тақыятас районы 239 (қараңыз)
🟢 Тахтакөпир районы 193 (қараңыз)
🟢 Төрткүл районы 373 (қараңыз)
🟢 Хожели районы 252 (қараңыз)
🟢 Шымбай районы 339 (қараңыз)
🟢 Шоманай районы 193 (қараңыз)
🟢 Елликқала районы 62 (қараңыз)

e-auksion.uz
👇Хабардар болыў ушын👇
Telegram | Facebook | Instagram | Youtube
Депутат ушырасыўы...

Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңеси 11-санлы "Таллық"сайлау округинен депутат Д.Клычева өз сайлаушылары менен ушырасты.
Ушырасыў даўамында Өзбекстан Республикасы Президенти пәрманлары, қарарлары ҳәмде Ҳүкимет қарарларыныӊ мазмуны, әҳмийети ҳәмде олардың орынланыўы бойынша депутатлық қадағалаўдыӊ барысы  ҳаққында атап өтип,  мәмлекетимизде халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеўде әмелге асырылып атырған нызамшылық ҳүжжетлериниӊ мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетин кең жамийетке түсиндирилди.


Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz