QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.62K subscribers
45.4K photos
4.73K videos
27 files
13.7K links
Download Telegram
#Онлайн

Балаларға бериң дуньяны!
1-июнь-Халықаралық балаларды қорғаў күни байрамы Қоңырат районы Мәденият сарайында көтериңки кейпиятта даўам етпекте.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz
Жоқарғы Кеңес Баслығы «Имкон» шөлкеминдеги балаларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады

«1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни» байрамы республикамыз бойынша орынларда кең түрде белгиленбекте.

Бүгин Нөкис қаласындағы «Имкон» реабилитация орайына ийе мәмлекетлик көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде сәне мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, бул жерде тәрбияланып атырған балаларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.

Айтып өтиў орынлы, бүгинги күнде елимизде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында жаслардың, балалардың билим алыўы, саламатлығының беккем болыўы, баркамал инсан болып камалға келиўи ушын көплеген ийгиликли ислер әмелге асырылмақта. Ең шетки аймақларда да заманагөй балалар бақшалары, мектеплер, мәденият ҳәм спорт объектлери пайдаланыўға тапсырылып атыр.

Елимизде ҳеш бир бала итибардан шетте қалмайды. Аралбойы балалары ушын арнаўлы қурылған бул реабилитация орайына ийе балалар бақшасында да бир қатар тәрбияланыўшылар оқып, билим алмақта. Сондай-ақ, саламатлығын тиклеп атыр. Балалар ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған. Олардыӊ саламатлығы турақлы қадағалаўға алынған ҳәм тәжирийбели медицина хызметкерлери менен педагог устазлар күн-түни аянбай мийнет етпекте.

“Имкон” шөлкеминде өткерилген илажда Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен балаларға байрам мүнәсибети менен саўғалар тапсырылды.

Байрам илажы балалардың атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
5 млн айлық ис ҳақы ушын тек ғана 50 мың сум салық - Қарақалпақстандағы исбилермен орталығы ушын жеңилликлер

Қарақалпақстан Республикасында инвестиция ҳәм исбилерменлик орталығын жақсылаўға қаратылған нызам Сенатта мақулланды.

Танзила Норбоева пикир билдирди:

“Енгизилип атырған жеңилликлер жүз миллиардлап пуллар Қарақалпақстан Республикасындағы исбилерменлерде қалыўына хызмет қылады.

Қалаберсе, социаллық салық ставкаларының кескин төменлетилиўи исбилерменден тысқары жеке секторда бәнт болған жумысшылардың ис ҳақы дәраматларына да унамлы тәсир ететуғыны анық”.

Сенат баслығы мысал ретинде айлық ис ҳақына салыстырғанда жеңилликти келтирип өтти. Оған бола, 5 млн сум айлық мыйнет ҳақы ушын 600 мың сум социаллық салық төлеўши исбилермен енди тек ғана 50 мың сум социаллық салық төлейди.

Соныда айрықша атап өтиў орынлы Қарақалпақстан Республикасының социаллық-экономикалық раўажланыўы барқулла мәмлекетлик сиясат дәрежесинде ҳәм итибарда болып келген.


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Қарақалпақстанлы исбилерменлер ушын пайда салығы, айланыстан алынатуғын салық, мал-мүлк салығы ҳәм жер салығы 50 процентке кемейтиледи

Сенат тәрепинен мақулланған Нызамға бола Салық кодексине Қарақалпақстан Республикасының исбилерменлик субъектлери ушын пайда салығы, айланыстан алынатуғын салық, мал-мүлк салығы ҳәм жер салығы 2028-жылдың 1-январь сәнесине шекем 50 процентке кемейтилиўин нәзерде тутыўшы өзгерислер киргизилмекте.


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
1-июнь сәнесинен нелер өзгермекте?...

🔶Туўылғанлық ҳаққында гүўалық ПҲАЖ бөлимлеринде электрон усылда дизимге алынып, медицина бирлеспесиниң өзинде бериледи. Бала туўылыўы менен медицина шөлкеми бала ҳәм ата-анасы ҳаққындағы мағлыўматларды арнаўлы электрон бланкаға киритеди ҳәм автоматик тәризде ПҲАЖ бөлимине мәлимлеме системасы арқалы жибереди.

🔶"Тумарис даўамшылары" топарлары шөлкемлестириледи.

🔶Набыт болған әскерий хызметшилердиң шаңарақ ағзаларына қосымша имтиязлар бериледи.

🔶Аўыл хожалығы тараўындағы бәрше субсидиялар "Аўыл хожалығы өнимлерин жетилистириўшилерге субсидия бериў" мәлимлеме системасы арқалы әмелге асырылады.

Өзбекстанда өнимлерди ислеп шығарыўда экологияға тәсирин шеклеў бойынша талаплар тийкарында "Жасыл сертификатлар" системасы енгизиледи.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz