QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
7.5K subscribers
50.2K photos
5.43K videos
31 files
15.6K links
Download Telegram
Пуқаралығы болмаған бир қатар шахсларға пуқаралық паспортлары тапсырылды

Бәршемизге белгили, кейинги жылларда ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында барлық тараўларды ҳәр тәреплеме раўажландырыў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Булардың әмелий нәтийжелерин бүгин ҳәр бир инсан өз турмысында сезип келмекте. Соны айрықша атап өтиўимиз тийис, барлық тараўларда әмелге асырылып атырған түпкиликли ѳзгерислер ең биринши нәўбетте “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарында алып барылмақта. Усылар менен бир қатарда, мәмлекетимизде пуқарасызлықты кемейтиў ҳәм бундай жағдайдың келип шығыўының алдын алыў бойынша бир қатар илажлар алып барылмақта.

Президентимиз 2020-жыл 24-январда Олий Мәжлиске жоллаған мүрәжатнамасында “Пуқаралық мәселелеринде тийисли нызамшылықты жетилистириў арқалы инсан ҳуқықларын тәмийинлеўди турмыстың өзи талап етпекте”- деп атап өткен еди.

Мине, бүгин Ҳүрметли Президентимиздиң Өзбекстан Республикасы пуқарлығына қабыл етиў бойынша 2023-жыл 18-апрел күнги 52-санлы Пәрманына тийкарында Қаракалпакстанда турақлы жасаған бирақ жыллар даўамында пуқаралыққа ийе болмаған 4 шахс, яғный, Шоманай районы турғынлары Д.Әдбимуратов ҳәм П.Жолымбетов, Хожели районы турғыны Н.Маденова, Қоңырат районы турғыны И.Джуманиязовлар Өзбекстан Республикасы пуқаралығына кабыл етилди.

Шын мәнисинде бүгин бул пуқаралардың жаңа өмири басланды.

Буннан көринип турғанындай, елимизде алып барылып атырған барлық реформалар пуқараларымыздың әсиресе, мәмлекетимизде турақлы жасаўшы пуқаралығы болмаған шахслардың ҳуқық ҳәм мәплерин толық ҳәмде буннан былайда нәтийжели қорғаўға қаратылғаны менен әҳмийетли.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Президентимиздиң  басламасы тийкарында мәҳәллелерде Рамазан айында халқымызға ифтарлық илажларын шөлкемлестириў  даўам етпекте.

Бүгин, 20-апрель күни "Қарақалпақстан" посёлка пуқаралар жыйыны турғынлары ушын ифтарлық дәстурханы жайылды.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
📱
@qongiratrkuz
Президентимиздиң  басламасы тийкарында мәҳәллелерде Рамазан айында халқымызға ифтарлық илажларын шөлкемлестириў  даўам етпекте.

Қоңырат районы орайындағы пайызлы орынлардың биринде "Қоңырат" мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары ушын ифтарлық дәстурханы жайылды.

Илажға қатнасыўшылар ел-халқымыздың аманлығы, тынышлығы ҳәм аўызбиршилиги ушын  жақсы тилеклерин билдирип, ақ патияларын берди.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
📱
@qongiratrkuz
Президент Пәрманы менен 541 адам әпиў етилди

Өзбекстан Республикасы Президенти "Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысынан шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына қатаң өткен бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында"ғы Пәрманға қол қойды.

Пәрманға муўапық, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 93-статьясы 23-бәнтине тийкар, жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысынан шын кеўилден пушайман болған 541 шахс әпиў етилди.

Әпиў етилген адамлардан 374 адам тийкарғы жазадан толық азат етилди, 110 адам жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли азат етилди, 18 адамның еркинен айырыў жазасы жеңил жаза менен алмастырылды. Сондай-ақ, 39 адамға белгиленген еркинен айырыў жазасының мүддетлери қысқартылды.

Әпиў етилгенлердиң 36 сы сырт ел пуқаралары, 136 сын ҳаяллар, 75 адам 60 жастан асқанлар ҳәмде 6 адам қадаған етилген шөлкемлердиң жумысларында қатнасқан адамлар болып табылады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Ўзбекистон халқига Рамазон ҳайити табриги

Поздравление народу Узбекистана с праздником Рамазан хайит

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#ифтарлық

Қоңырат районы "Қоңырат" мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары ушын ифтарлық дәстурханы жайылды.‌‌

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
📱
@qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Қарақалпақстан_телеканалы

Қоңырат  районы мәденият бөлиминде  «Халық конституциясы менен халықшыл мәмлекетке қарай» сүрени астында руўхый-ағартыўшылық ҳәм үгит-нәсиятлаў илажы болып өтти.
👉@qongiratrkuz