QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
7.52K subscribers
50.1K photos
5.41K videos
31 files
15.5K links
Download Telegram
Ишки жоллар қурылыс барысынан көринислер

Тарийхтан белгили болғанындай, жол салыў, көпир қурыў-ең саўаплы әмеллерден саналады. Пуқаралардың узағын жақын, аўырын жеңил қылыўда ишки жоллардың әҳмийети оғада жоқары. Сонлықтан да елимизде ишки жолларды жаңадан қурыў ҳәм реконструкция қылыў жумысларына айрықша итибар қаратылмақта.

Президентимиз тәрепинен мәҳәллелер инфраструктурасын жақсылаў, жаңадан ишки жолларды салыў ҳәм реконструкция қылыў бойынша бир қатар пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Соған муўапық республика масштабында мәҳәллелердеги ишки жолларды оңлаў ҳәм реконструкция қылыў жумыслары даўам етпекте.

Районымыздағы «Алмазар» МПЖ аймағындағы көшелерде оңлаў жумыслары алып барылып, ҳәзирги күнде жолларға ЩПС (қум-щебень араласпасы) төсеў жумыслары қызғын пәтлер менен әмелге асырылып, мәҳәлле орайындағы көшелер асфальт төсеў ушын таяр ҳалатқа келтирилди.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
📱
@qongiratrkuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
"Алмазар" мәкан пуқаралар жыйынында ишки жолларды оңлаў жумыслары қызғын даўам етпекте.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
📱
@qongiratrkuz
Қыйтақ жер-Дәрамат дереги

"Мийнет түби рәҳәт",- дейди дана халқымыз. Ҳақыйқатында да, өзлериниң қыйтақ жерлеринде аянбай мийнет етип, мийнетиниң рәҳәтин көриў, инсанға өзгеше бир заўық бағышлайды.

Ҳәр жылы қыйтақ жеринде мийнет етип, мийнетиниң нәтийжесинде мол өним ҳәм дәрамат алып атырған заманласларымыз арамызда көпшиликти қурайды.

Қоңырат районы Қаңлы аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Базарбаев Муратбай ата да топырақ пенен тиллесип, қыйтақ жерден мол өним алып атырған дийқанларымыздан. Ол өзиниң жасаў үйи аймағындағы 1 сотых қыйтақ жерине ыссыхана қурып, помидор, қыяр ҳәм редиска сыяқлы витаминлерге бай палыз өнимлерин жетистирмекте.

Қаңлы мәҳәллеси әзелден дийханлар, бағманлар елаты болып келген. Аймақтағы бир қанша  шаңарақлар өзлериниң қыйтақ жерлеринде бағшылықты да жолға  қойып, шаңарақ ағзаларының бәнтлигин тәмийинлеп келмекте.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

📱@qongiratrkuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🗳 Өзбекстан Республикасының референдумында даўыс бериў бюллетенин толтырыў тәртиби

Каналға ағза болыў 👉 @referendum_QQR
#ОНЛАЙН
#қабыллаў

Район ҳәкиминиң жеке қабыллаўы болып өтпекте

  Әйне ўақытларда 1-сектор штабында Қоңырат районы ҳәкими Б.Мадаминовтың азанда басланған нәўбеттеги қабыллаўы даўам  етпекте.
Егер сизди қыйнап киятырған машқала болса әйне ўақытта барып мүрәжат етсеңиз болады.


Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
📱
@qongiratrkuz
2-сектордың басламасы менен Қоңырат районында "Инсан қәдри-Бирде-бир ҳаял-қыз өз дәрти менен жалғыз қалмайды" сүрени астында арнаўлы топарлар менен илаж өткерилди.

👉 Толық оқыў

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
📱
@qongiratrkuz