QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.17K subscribers
45.9K photos
4.81K videos
27 files
13.9K links
Download Telegram
Мүбәрек рамазан айында саўаплы ислер даўам етпекте 

Бүгин  Қоңырат районының пайызлы орынлардың биринде Қоңырат районы ҳәкимлиги, Саўда-санаат Палатасы ҳәм Исбилерменлик субектлер тәрепинен район нураныйлары, белсендилер ҳәм ораза парызына әмел етип ораза тутып атырған  пуқаралар ушын ифтарлық дәстурханы жайылды.

Иләжда район ҳәкиминиң орынбасары А.Мамутов, "Ҳәким Сулайман" жоме мешити имамы Р.Умаровлар сөзге шығып бәршени мүбәрек рамазан айы менен қутлықлады. 
Жыйналғанлар бундай саўаплы ислер ушын Президентимизге миннетдаршылықларын ҳәм шүкираналықларын билдирди.


Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Барлық жумыслар ҳәм реформалар халқымыздың абаданлығы ушын деген ийгиликли идея әтирапында жәмленген

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қоңырат районындағы мәҳәллелерде ушырасып атырған машқалаларға шешим табыў ҳәм алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларды белгилеп алыў мақсетинде көше бийлери, нураный-аксақаллар ҳәм белсендилер менен ушырасты.

Онда дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы сөзге шығып Президентимиз басшылығында республикамыз ушын қаратылып атырған үлкен итибар, әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында кең түрде атап өтти.

Ҳүрметли Президентимиздиң "Халқымыз разы болса, жумысымызда өним ҳәм берекет болады." деп атап өткениндей, бүгинги күнде халқымызға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў, олардың абадан өмир сүриўин тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған салмақлы жумыслар турмыста өз сәўлелениўин таўып атыр.

Усы жумыслардың даўамы сыпатында Жоқарғы Кеңес Баслығы барлық районлардағы кѳше бийлери менен ушрасып, халқымызды разы етиў жолында және қосымша қандай жумысларды алып барыў кереклиги бойынша пикир алыспақта.

Бүгинги ушырасыў да ашық-айдын пикирлесиў түринде болып, көше бийлери менен Қоңырат районындағы мәҳәллелерди ҳәр тәреплеме раўажландырыў, пуқараларға мүнәсип шараят жаратыў бағдарында ўазыйпалар белгиленди.

Өз нәўбетинде көше бийлери тәрепинен бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилип, машқалалар атап өтилди.

Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен көтерилген барлық мәселелер белгилеп алынып, алдағы ўақытта бул жумысларды орынлаў бойынша қадағалаўға алынды.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM