#Фоторепортаж
#Үлкемизде_Наўрыз
#Қоңыратта_байрам
"Ҳәр күниң Наўрыз болсын, жанажан Өзбекстаным!» сүрени астында миллий үрип-әдетлер ҳәм қәдириятларымызды өзинде жәмлеген Наўрыз байрамында "Қара үй безелиўи", "Миллий тағамлар", "Миллий кийимлер", "Миллий үрип-әдетлер" номинациялары бойынша қатнасыўшылардың мийнетлери жоқары баҳаланып, Қоңырат районы ҳәкимлиги тәрепинен баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz

Ҳәр күниң Наўрыз болсын, жанажан Өзбекстаным!
Шығыс халықларының жыл басы есапланған Наўрыз әйямын Қоңыратлылар да көтериңки кейпиятта қарсы алды. Байрамға районымызда үлкен таярлықлар көрилди. Миллийлигимизге сай етип безетилген қара үйлер, өнерментлер тәрепинен таярланған өнимлер, миллий кийим ҳәм тағамлар көргизбелери, миллийлигимизди сәўлелендириўши тамашалар, байрам қатнасыўшыларында өзгеше қызығыўшылық оятты.
Наўрыз байрамы мүнәсибети менен өткерилип атырған илажды Қоңырат районы ҳәкими Бекзод Баходирович Мадаминов ашып берди. Илаж қатнасыўшыларын байрам менен қызғын қутлықлап, районымыздың кейинги жыллары ерисип атырған жоқары нәтийжелерине тоқталып өтти ҳәм бунда районымызда жасаўшы ҳәр бир инсәнның сезилерли үлеси бар екенлигин атап өтти.
Буннан соң көркем-өнер шеберлери қатнасында миллий үрип-әдетлеримизди сәўлелендирген саҳналық көринислер ҳәм концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди.
Наўрыз сейили шеңберинде өткерилген миллий спорт беллесиўлерине район турғынлары менен биргеликте қоңсы районлардан да шабандоз ҳәм палўанлар қатнасты.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz