QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
7.5K subscribers
49.9K photos
5.4K videos
31 files
15.5K links
Download Telegram
2023-жыл 13-февраль күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Жанылғы-энергия ресурсларынан пайдаланыў тараўында мәмлекет қадағалаўы нәтийжелилигин асырыў ис-илажлары ҳаққында"ғы ПҚ-54-санлы қарары қабыл етилген еди.
Бүгин, Қоңырат район ҳәкимлигиниң мәжлислер залында усы қарардың мазмун-мәнисин кең түрде түсиндириў ҳәм энергия ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыўды шөлкемлестириў ҳәм  тутыныўшылар тәрепинен энергия ресурсларынан пайдаланыў қағыйдаларына әмел етиўи үстинен қадағалаўды күшейтиў мәселелерине арналған жыйналыс болып өтти. Жыйналысқа район ҳәкими Б.Мадаминов, сектор басшылары, ҳуқық-қорғаў уйымлары ўәкиллери ҳәм басқа да жуўапкер шөлкемлер басшылары қатнасты.
Ушырасыўда сөзге шыққанлар, электр энергиясы, газ узатыў ҳәм бөлистириў тармақларына нызамсыз жалғаныў, жанылғы-энергия ресурсларын талан-тараж етиў жағдайларын ҳәм бундай жағдайларға имкан жаратыўшы себеплерди анықлаў, сондай-ақ, қатаң қадағалаўға алыў  мәселелери бойынша тоқталып өтти.

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Forwarded from Karakalpakstan.uz
2023-жыл 17-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов Глобал жасыл өсиў институтының (GGGI) директоры Франк Рейсберман менен ушырасты. Ушырасыў даўамында, «Арал теңизи апатшылығының тәсирин сапластырыў ушын Қарақалпақстан Республикасын жасыл реабилитациялаў инвестициялық жойбары»н әмелге асырыў бойынша бир қатар ис илажлар белгилеп алынды. Яғный, жоңышқа, гүнжи егинлерин егиў ҳәм жер асты суўларынан пайдаланыў ушын жаңа технологиялар алып келинип, жергиликли қәнигелер оқытылыўы бойынша жаңа жойбарлар ислеп шығылды.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме Хызмети


Каналға ағза болыў
Жоқарғы Кеңес Баслығы республикамыз аймағындағы социаллық тармақлар белсендилери болған бир қатар блогерлер менен ушырасты

Соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң тиккелей қоллап-қуўатлаўы менен сөз еркинлигин тәмийинлеўге ҳәм ғалаба хабар қураллары, сондай-ақ, социаллық тармақ белсендилерин қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта.

Өткерилген ушырасыў да шын мәнисинде елимизде ашық-айдынлықты тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслардың әмелий көринисиниң бири болды десек алжаспаған боламыз.

Жақын мүнәсибетлер ҳәм ашық-айдын пикир алмасыў формасында өткерилген ушырасыўда буннан былайда халық ҳәм басқарыў уйымлары арасында бирге ислесиўди күшейтиў ҳәм бул орында социаллық тармақ белсендилериниң хызметин асырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
ГҮЛАБАТТА КӨШПЕЛИ ҚАБЫЛЛАЎ

Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек. Бүгинги күнге келип бул пикирлер әпиўайы бәлентпәрўаз сөзлер емес, мәмлекетлик уйымлар алдына қойылған ең тийкарғы талаплардың бири, халық пенен тығыз байланысыўдың баслы идеясына айланды.
Бүгин, районымыздағы "Гүлабат" МПЖ да район ҳәкиминиң көшпели қабыллаўы болып өтти. Қабыллаўға район ҳәкими Б.Мадаминов ҳәм мәкеме-шөлкем басшылары қатнасты.

Көшпели қабыллаў даўамында пуқаралардың нызамлы мәплерин қорғаў ҳәм оларды қыйнап киятырған машқаларға шешим табыўға айрықша итибар қаратылды. Пуқаралар тәрепинен коммунал хызметлер сапасын асырыў, контракт төлеўге жәрдем көрсетиў,медициналық хызметлер, сондай-ақ исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде жеңиллетилген кредитлер ажыратыў сыяқлы мүрәжатлар келип түсти. Мүрәжатлардың көпшилик бөлеги сол орынның өзинде шешилген болса, үйренип шығылыўы ушын ўақыт талап етилетуғын мәселелерге жуўапкерлер бириктирилип, район ҳәкими тәрепинен қадағалаўға алынды.