QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
10.7K subscribers
47.7K photos
5.07K videos
28 files
14.6K links
Download Telegram
Бүгин Қоңырат районында Аўғаныстандағы әскерий ҳәрекетлердиң тамамланғанына 34 жыл толыўы мүнәсибети менен салтанатлы иләж өткерилди.

👉 Толық оқыў

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
🌐Web sayt |YouTube |InstagramFacebook|Telegram/
Президент Шавкат Мирзиёев ёшлар бандлигини таъминлаш ва бўш вақтини мазмунли ташкил этиш масалалари бўйича йиғилиш ўтказди.

Президент Шавкат Мирзиёев провел совещание по вопросам обеспечения занятости и содержательной организации досуга молодежи.

#Mirziyoyev #yigilish #yoshlar #qullabquvvatlash

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Hoja.uz телеграм каналында Қоңырат районындағы қәнигелестирилген мектеп интернаты ҳаққында жәрияланған сын мақалаға рәсмий мүнәсибет

Толық оқыў👉 https://kungrad.uz/2415.html

🌐Web sayt |YouTube |InstagramFacebook|Telegram/
Жоқарғы Кеңес Баслығы студент жаслар менен ушырасып, жақыннан сәўбетлести

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жоқары оқыў орынларында билим алып атырған студент жаслар менен ушырасты.

Өткерилген ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы бүгинги күнде жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардын озық-ойлы, билимли ҳәм келешекте Ўатанымыздың раўажланыўы ушын мүнәсип үлес қосатуғын жетик инсанлар болып жетисиўи ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылғанлығын атап өтти.

Жақыннан сәўбетлесиў усылында өткерилген ушырасыўда студент жаслардың пикирлери ҳәм жаңа идеялары тыңланды.

Жақыннан сәўбетлесиў түринде өткерилген ушырасыў даўамында бундай ушырасыўлар жийи-жийи өткерилип туратуғынлығы ҳәр бир жоқары оқыў орынларында жаслардың пикирлери тыңланыўы атап өтилди.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Үшинши сектор баслығының гезектеги қабыллаўы өткерилди

Бүгин "Алтынкөл" посёлка пуқаралар жыйынындағы 39-санлы улыўма билим бериў мектебинде пуқаралардың мүрәжатларын үйрениў мақсетинде 3-сектор баслығы У.Ситмуратов, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қоңырат районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы Б.Нажиматдиновлардың қатнасыўында гезектеги кɵшпели қабыллаў болып ɵтти.

Қабыллаўға район аймағындағы мәкеме-шөлкемлерден де жуўапкер ўәкиллер қатнасты. Қабыллаў даўамында пуқаралар тәрепинен ишки жолларды оңлаў, медициналық жәрдем ҳәм коммунал хызметлер сапасын асырыў сыяқлы мәселелер бойынша мүрәжатлар келип түсти.

Қабыллаў жуўмағында сектор баслығы мүрәжатларды үйренип шығыў процесси жеке өзиниң қадағалаўында болатуғынлығын айрықша атап өтти.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Mәлимлеме хызмети
🌐Web sayt |YouTube |InstagramFacebook|Telegram/