QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
14.8K subscribers
46.6K photos
4.91K videos
27 files
14.2K links
Download Telegram
Бүгин район ҳәкимлиги мәжлислер залында Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң гезектеги 52-сессиясы болып өтти.
Сессия мәжилисине район ҳәкими Б.Мадаминов, район ҳәкиминиң орынбасарлары, районлық сектор басшылары, мәкемелер ҳәм шөлкем басшылары, районлық Кеңес депутатлары, пуқаралар жыйыны баслықлары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессияны район ҳәкими Б.Мадаминов  ашты ҳәм басқарып барды.Сессия күн тәртибинде  Қоңырат районының 2023-жылғы жергиликли бюджет параметрлери,  Мәжбүрий орынлаў бюросы Қоңырат районы бөлими тәрепинен усы жылдың 12 айы даўамында суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў бойынша әмелге асырылған ислер ҳәм район ҳәкими орынбасарларының 2022-жыл жуўмағы бойынша искерлигин баҳалаў нәтийжелери ҳәм басқа да бир қатар мәселелер көрип шығылды. Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Сессияның күн тәртибиндеги көрип шығылған мәселелер бойынша районлық Кеңес депутатлары тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайында емленип атырған балаларды жаңа жыл менен қутлықлады

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис қаласында жайласқан Онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайында болып, усы жерде емленип атырған наўқаслардың ҳалынан хабар алды.

Жоқарғы Кеңес Баслығы оларға наўқаслығын артта қалдырып, айығып кетиўин тиледи. Соның менен бирге, бийтаплардың жақынларынан кеўил сорап, ҳәр бир инсан барқулла мәмлекетимиз итибарында екенлигин, оларға керекли ҳәр қандай жәрдем берилетуғынлығын атап өтти.

Буннан соң, медицина орайында емленип атырған балаларға байрам саўғалары тапсырылды.

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
#жасы_үлкенлерге_ҳүрмет_уллы_пазыйлет
#Меҳир_ҳәрекети

  Бүгин Қоңырат районы «Ҳәким Сулайман» жаме мешити бас имам хатиби Р. Умаров тәрепинен  район аймағында жасап атырған нураныйлар ҳалынан хабар алынды. Оларға айрықша ҳүрмет-иззет көрсетилип дуўалары алынды.

Әлбетте, "Жасы үлкенге - ҳүрмет", "Кекселерди қәдирлеў" халқымыздың әзелий дәстүрлеринен бири. Бул киби ийгиликли ислердиң әмелге асырылыўы болса оларға болған ҳүрмет ҳәм итибардың бир көрниси.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Jańa_jıl_keypiyatı
#Qońırat_rayonı

Kirip kiyatırǵan jańa jıl bayramı menen shın kewilden qutlıqlaymız!

Qońırat rayonı hákimligi Málimleme xızmeti

Kanalǵa aǵza bolıń
👉👉@qongiratrkuz
#Тайынлаў

Джумамуратов Юсуп Алламбергенович
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги буйрығына тийкар
Қоңырат районы медицина бирлеспеси баслығы етип тайынланды.

Ол усы күнге шекем Қоңырат районы медицина бирлеспесинде емлеў профилактика ислери бойынша баслық орынбасары лаўазымында жумыс ислеп келген.

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Спорт

Нөкис қалалық қәнигелескен бокс мектебинде 21-25-декабрь күнлери спорттың бокс түринен Қарақалпақстан чемпионаты өткерилди.

Онда 32 кг салмақ категориясында Қоңыратлы Юсупбек Қуатов сыйлы биринши орынды ийеледи.

https://t.iss.one/qongiratrkuz
Жаңа жыл байрамы қарсаңында рәсмийлестирилген ҳүжжетлер пуқаралардың жасаў мәнзиллеринде тапсырылды

Қоңырат районы Әдиллик бөлими 1-санлы ПХАЖ бөлими тәрепинен 2022-жылдың 10 айы дауамында 2203 туўылғанлық ҳаққында акт жазыўлары дизимнен өткерилген.

Айырым ҳалатларда ата-аналар Өзбекстан Республикасы пуқаралары болса ҳәм перзентлер қоңсы мәмлекетлерде туўылған жағдайларда да ата-анасының мүрәжатына тийкар Өзбекстан Республикасы аймағынан туўылғанлық ҳаққындағы гүўалықлар берилмекте.

Қоңырат районы  "Рәўшан" АПЖ аймағында жасаўшы пуқара Ш.Палымбетованың 2 перзенти Қазақстан Республикасында туўылған, бирақ усы кунге шекем олар Қазақстан Республикасынан туўылғанлық ҳаққында гүўалық ала алмаған ҳәм усы мәселе бойынша  Қоңырат районы Әдиллик бөлими 1-санлы ПХАЖ бөлимине мүрәжат еткен.
Районлық Әдиллик бөлими 1-санлы ПХАЖ бөлими тәрепинен  қосымша ҳүжжетлер Қазақстан Республикасынан алдырылып, туўылғанлық ҳаққындағы гүўалықлар рәсмийлестирилди ҳәм жаңа жыл байрамы қарсаңында пуқараның жасаў мәнзилине жеткерилди.