QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.62K subscribers
45.4K photos
4.73K videos
27 files
13.7K links
Download Telegram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Расул Кушербаев: «Халқымызға, сайлаўшыларымызға билдирген исенимлери ушын рахмет айтпақшыман»...

Расул Кушербаев Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлығын тапсырды ма? Оның өзи бул бойынша ақырғы шешимин айтты...

☝️ Сондай-ақ ол өз округындағы сайлаўшыларына да мүрәжат етти.

YouTube | Instagram | Facebook | Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Бир_мүрәжат_шешими
Пуқаралар мүрәжатлары итибарда

Қоңырат районы "Хан жап" МПЖ турғыны Бекназарова Гулбахар қызының Жоқары оқыў орны менен дүзилген шәртнама пулларын төлеўге имкәнияты болмай атырғанлығын, әйне усы мәселеде жәрдем көрсетиўин сорап "Халық мүрәжаты" порталы арқалы  Жоқарғы Кеңес Баслығына мүрәжат еткен еди.
Мүрәжат көп күттирместен унамлы шешим тапты ҳәм шәртнама пуллары төлеп берилди.

https://t.iss.one/qongiratrkuz
Туристлик қәрханалардыӊ имкәниятлары кеӊеймекте

Толық оқыў
👉 https://karakalpakstan.travel/news-491/?lang=qr

👉 t.iss.one/karakalpakstantravel

Karakalpakstan.travel|Telegram|Facebook|Instagram|YouTube|
Қарақалпақстан Республикасы бойынша 1 361 исбилерменлик ушын жер участкалары мүлк ҳәм ижара ҳуқықы менен саўдаға шығарылды
e-auksion.uz
🔷Нөкис қаласы 32 (көриў)
🔷Әмидәрья районы 20 (
көриў)
🔷Беруний районы 76 (
көриў)
🔷Бозатаў районы 67 (
көриў)
🔷Қараөзек районы 101 (
көриў)
🔷Кегейли районы 124 (
көриў)
🔷Қоңырат районы 239 (
көриў)
🔷Қанлыкөл районы 67 (
көриў)
🔷Мойнақ районы 77
көриў)
🔷Нөкис районы 95 (
көриў)
🔷Тақыятас районы 45 (
көриў)
🔷Тахтакөпир районы 85 (
көриў)
🔷Төрткүл районы 110 (
көриў)
🔷Хожели районы 56 (
көриў)
🔷Шымбай районы 105 (
көриў)
🔷Шоманай районы 24 (
көриў)
🔷Еллиқала районы 38 (
көриў)

социаллық
тармақларда:
Telegram | Facebook | Instagram | Youtube
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев районлардың социал-экономикалық жағдайы ҳәм халықтың турмыс шараятын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде болған сапарлары:

Нөкис қаласы
Әмиўдәрья районы
Беруний районы
Бозатаў районы
Елликқала районы
Кегейли районы
Қанлыкөл районы
Қараөзек районы
Қоңырат районы
Мойнақ районы
Нөкис районы
Тақыятас районы
Тахтакөпир районы
Төрткүл районы
Хожели районы
Шоманай районы
Шымбай районы


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

joqargikenes.uz|Facebook|Instagram|Twitter
📣ДЫҚҚАТ! ДЫҚҚАТ! ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

Усы жылдың 27-декабрь күни саат 10:00 де Қоңырат районы ҳәкими Б.Мадаминов ҳәм сектор баслықларының юридикалық ҳәм физикалық шахслар ушын нәўбеттеги қабыллаўы болып өтеди.

Қабыллаўға район ҳәкими, 1-сектор баслығы Б.Мадаминов,

2-сектор баслығы, район прокуроры Ж.Муфтуллаев,

3-сектор баслығы, Қоңырат районы ИИБ баслығы У.Ситмуратов

4-сектор баслығы, Қоңырат районы МСИ баслығы Б.Абатов
ҳәм район аймағындағы мәкеме-шөлкем басшылары, пуқаралар жыйыны баслықлары, ҳәким жәрдемшилери, ҳаял-қызлар белсендилери ҳәм жаслар жетекшилери қатнасады.

Мәнзил:Абу Али ибн Сино атындағы жәмийет саламатлығы техникумы

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Президент Шавкат Мирзиёевтың басламасы менен әмелге асырылыўы белгиленген басқарыў реформасы басланды. Бир сөз бенен айтқанда, басқарыў системасы узақ ўақыттан берли оперативлилик ҳәм нәтийжелиликке тосқынлық етип киятырған “бюрократиялық салмақ”ты шығарып таслады. Ведомстволар саны дерлик 2 есе, әмелдарлар аппараты 30% ке қысқарды.

Бирақ, тек ғана бунда емес. Ҳақыйқатында да, ҳәкимшилик реформасы елимиздиң ҳақыйқый жаңаланыўы, мәмлекетлик басқарыўдың жаңа, және де нәтийжели усылларына өтиўдиң айнасы болып табылады.

Бир сөз бенен айтқанда, бул реформада нелерге итибар қаратылған?

✔️ Бәринен бурын, НӘТИЙЖЕЛИЛИККЕ. Мәмлекетлик басқарыў системасының ең әҳмийетли буўыны – Министрлер Кабинети жетилистирилмекте. Атқарыўшы ҳәкимият және де ықшамласып, функциялардың тәкирарланыўы сапластырылмақта. Надурыс, ҳәдден тыс жүкленген аппарат орнын ийилиўшең, белгили бир машқалаларды шешиўге қаратылған структура ийелейди.

Бюрократия қысқартылмақта. Ҳәр қандай ақылға уғрас келетуғын баслама, дизимнен өткеннен соң, ведомстволар аралық муўапықластырыў ҳәм тастыйықлаў сыяқлы 9 азаплы текшеден өтиўге мәжбүр болған әмелият өтмиште қалды.

Қосымша әҳмийетли бонус - бул лаўазымлы шахсларды тәмийинлеў ушын емес, ал социаллық мүтәжликлер ушын сарыпланатуғын бюджет қаржыларын үнемлеў.

✔️Екинши мәселе – ЖУЎАПКЕРШИЛИК. Ендигиден былай министрлер тиккелей Президент, парламент ҳәм жәмийетшилик алдында жуўапкер болып табылады.

Енди басшылар тиккелей жуўапкерликтен қашып қутыла алмайды. Ҳәр бир тараў ҳәм тармақ абстракт емес, ал исенип тапсырылған бағдардағы табыслар, анық нәтийжелер ҳәм кемшиликлер ушын жуўапкер болған анық шахсқа ийе болады.

Бирақ, министрлерден тек ғана талап етилип қойылмайды. Олардың өз ўазыйпаларына сәйкес рәўиште – ажыратылған қаржылардан бийғәрез пайдаланыў, өз ведомстволарының штатларын ҳәм структураларын, мақсетли жөнелислерин белгилеў бағдарындағы ўәкилликлери сезилерли дәрежеде кеңейтилип атыр. Басшылар ушын барлық шараятлар жаратылмақта, олар тек ғана ҳүждан менен, жуўапкершиликли ҳәм нәтийжели ислеўи керек.

Басқарыўдағы реформаның өзи барлық ресурсларды бағдарлаў ҳәм қабыл етилип атырған қарарлардың натийжелилигин арттырыў имканиятын беретуғын зәрүр қәдем екенлигине гүман жоқ. Реформалардың ҳәзирги басқышында бул Президентимиздиӊ ҳақыйқатында да зәрүр ҳәм стратегиялық әҳмийетке ийе қарары болып табылады.
https://kknews.uz/kk/126760.html
Қурылыстағы былғасықлар: айыпкерлер тийисли жазаға тартылды

Каналымызға қосылың👇
https://t.iss.one/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
Qońırat rayonı mámleketlik salıq inspekciyası
baslıǵı B.Abatovtıń isbilermenlerge
esabatı hám múrajatı

👇👇
Húrmetli salıq tólewshiler!

Xabarıńız bar, usı jıl 16-mart kúni Prezidentimiz Mámleketlik salıq komitetine barıp, salıq shólkemleri xızmetkerleri menen ushırasıw waqtında isbilermenler menen ushırasıp, olardıń máselelerin úyrenip, salıq nızamshılıǵındaǵı ózgerisler boyınsha túsindiriwler alıp barıp, zárúr tapsırmalar bergen edi.
Búgingi kúnde de “Salıqshı – isbilermenge járdemshi” principi tiykarında Qońırat rayonı salıq xızmeti shólkemleri tárepinen isbilermenler aldına barǵan halda olardıń máselelerin úyrenip, kóshpeli salıq máslahátları kórsetilip atır.
Mısal retinde Qońırat rayonında dekabr ayında 131 kárxanalardıń máseleleri tolıq úyrenildi. Nátiyjede, salıq xızmeti shólkemleri xızmetkerleri járdemi menen 73 máseleler unamlı sheshildi. Búgingi kúnde basqa shólkemler menen baylanıslı máseleler qatań qadaǵalawǵa alınıp, sheriklikte sheshiw ilajları ko‘rilmekte.
Sonıń menen birge, úyreniwler dawamında salıq túrleri boyınsha 21 subyektlerdiń 23 million som ámeldegi artıqsha tólegen summası qaytarıp berildi. Atap ótiw orınlı, búgingi kúnde salıq tólewshilerge qolaylıqlar jaratıw maqsetinde elektron xızmetler kórsetiw kóleminiń jáne de keńeytiw zárúrli faktor bolıp atır. Mısalı, búgingi kúnde Qońırat rayonında “E-ijara” avtomatlastırılg‘an programmalıq dástúri arqalı isbilermenlerge túsindiriw ilajları alıp barılmaqta.
Haqıyqattan da, Prezidentimiz aytıp ótkenindey, salıq tólewshilerge haqıyqıy mániste járdemshi, úyretiwshi bolıw salıq shólkemleriniń bas wazıypasına aylanıp atır. Usı mánisten alıp qaraǵanda, isbilermenler ushın jáne de jeńillik jaratıw ushın “Avtokameral” avtomatlastırılǵan informaciya sistemasınıń jumısqa túsiriliwi tarawdaǵı jańalıq boldı.
Bul sistema arqalı, salıq shólkemleri salıq tólewshiler iskerliginde tekseriwden aldınǵı analizlerdi, itibar qaratıń tekseriwlerdi emes, analizlerdi ótkeriwi múmkin. Yaǵnıy, salıq tólewshi iskerligi dawamında qanday da aljasıqlarǵa jol qoyıp atırǵan bolsa yamasa esabatlarında qanday da kemshilikler anıqlang‘an jag‘dayda, avtomatlasqan sistema tezlik penen salıq tólewshiniń jeke kabinetine aljasıqlardı ońlaw haqqında xabarnama jiberedi. Sanalı programma ózi kemshiliklerdi anıqlap, waqtında isbilermenge járdemshi bolıp, xabar berip baradı. Eń áhmiyetlisi, bunda insan faktorı aralaspaydı.
Itibarlı táreplerden taǵı biri, salıq reformalarınıń jedellik menen ámelge asırılıwı hám de salıq mexanizmleriniń jáne de ápiwaylasıwı nátiyjesinde, jasırın ekonomika keskin qısqarıp, salıq túsimleri sezilerli dárejede artpaqta. Isbilermenlik subyektlerine salıq nızamshılıǵına kiritilgen ózgeris hám qosımshalar, jańalıqlar, avtomatlastırılǵan informaciya sistemaları haqqında úzliksiz túrde, tolıq maǵlıwmatlar berip barılmaqta.
Usı jıldıń dekabr ayında “Soliq hamkor” programması arqalı Qońırat rayonında iskerlik kórsetip kiyatırǵan isbilermenlik subyektleri menen baylanıslı salıq huqıqbuzarlıqları haqqında jámi 7 múrájat kelip túsken bolıp, sonnan 2 múrájat túrli sebeplerge baylanıslı biykar etilgen. Olardıń 5 múrájatı boyınsha kóshpeli salıq tekseriwleri ótkerilip, sawda qaǵıydaları buzılǵanlıǵı tastıyıqlandı. Búgingi kúnge shekem múrájatları óz tastıyıǵın tapqan.

Húrmetli isbilermenler!
Qońırat rayonı mámleket salıq xızmeti shólkemleri xızmetkerleri salıq tarawına tiyisli barlıq sorawlarıńızǵa juwap beriw, bilmegenlerińizdi úyretiw hám “Salıqshı – isbilermenge kómekshi” principi tiykarında sizge jaqınnan járdem beriwge bárqulla tayın.

@qongiratrkuz
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев МДҲ норасмий саммитида иштирок этиш учун амалий ташриф билан Россиянинг Санкт-Петербург шаҳрига келди.

Президент Республики Узбекистан Шавкат Мирзиёев прибыл с рабочим визитом в российский город Санкт-Петербург для участия в неформальном саммите СНГ.

#Mirziyoyev #tashrif #MDH #hamkorlik

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
XOSH XABAR💐

⚡️Aldın xabar bergenimizdey búgın Tashkent qalasında “Jıl hayalı”, “Eń úlgili isbilermen”, “Eń úlgili hayal-qızlar baslanǵısh shólkemi” tańlawlarınıń juwmaqlawshı Ózbekstan Respublikalıq basqıshı jeńimpazların sıylıqlaw saltanatı bolıp ótti. 
⚡️ “Eń úlgili isbilermen” tańlawınıń Ózbekstan Respublikalıq basqıshında Qońırat rayonınan “Kungrad Agro-Solodka Sistem” juwapkershiligi sheklengen jámiyeti baslıǵı Xojametova Zamira Jumabaevana sıylı 2-orındı alıwǵa eristi. Bul jetiskenligi menen Z.Xojametovanı rayon hákimligi atınan qızǵın qutlıqlaymız!
Maǵlıwmat ornında bul tańlaw Ózbekstan Respublikasi Prezidentiniń hayal-qızlar isbilermenligin qollap-quwatlawǵa baylanıslı mámleketlik siyasatın ámelde en jaydırǵanı hám aymaqlarda jumıstı úyge alıp islew boyınsha eń kóp jumıs ornın payda etken isbilermen hayallar arasında ótkeriledi.

https://t.iss.one/qongiratrkuz
📣ДЫҚҚАТ! ДЫҚҚАТ! ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

Усы жылдың 27-декабрь күни саат 10:00 де Қоңырат районы ҳәкими Б.Мадаминов ҳәм сектор баслықларының юридикалық ҳәм физикалық шахслар ушын нәўбеттеги қабыллаўы болып өтеди.

Қабыллаўға район ҳәкими, 1-сектор баслығы Б.Мадаминов,

2-сектор баслығы, район прокуроры Ж.Муфтуллаев,

3-сектор баслығы, Қоңырат районы ИИБ баслығы У.Ситмуратов

4-сектор баслығы, Қоңырат районы МСИ баслығы Б.Абатов
ҳәм район аймағындағы мәкеме-шөлкем басшылары, пуқаралар жыйыны баслықлары, ҳәким жәрдемшилери, ҳаял-қызлар белсендилери ҳәм жаслар жетекшилери қатнасады.

Мәнзил:Абу Али ибн Сино атындағы жәмийет саламатлығы техникумы

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Президент Шавкат Мирзиёевтиң 2022-жылдағы искерлигинде ең әҳмийетли ўақыялар

Президент Шавкат Мирзиёевнинг 2022 йилдаги фаолиятида энг муҳим ва ёрқин воқеалар

Самые важные и яркие события в деятельности Президента Шавката Мирзиёева в 2022 году


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter