QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
7.5K subscribers
51.3K photos
5.59K videos
32 files
15.9K links
Download Telegram
Ҳеш ким меҳир ҳәм итибардан шетте емес

3-декабрь "Халықаралық майыпларды қорғаў күни" мүнәсибети менен районымызда жайласқан имкәнияты шекленген заманласларымыздың ҳалынан хабар алынбақта.

Район ҳәкиминиң орынбасары-шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы У.Тлеўмуратова район аймағында жасаўшы майыплығы болған пуқаралар ҳалынан хабар алып, оларға өз мүтажликлери бойынша керекли болған реабилитация үскенелерин тапсырды.


👉@qongiratrkuz
👍13
Балаларға барқулла меҳир ҳәм итибар көрсетилиўи керек

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев 10-санлы «Нурлы маскан» қәнигелестирилген мектеп-интернатында болып, оқыўшыларды сәне мүнәсибети менен қутлықлады ҳәм елимизде ҳәр бир инсан ҳәм ҳәр бир бала итибардан шетте қалмайтуғынлығын, оларға бәрҳәма ғамхорлық көрсетилетуғынлығын атап өтти.

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
👏13👍2🎉1🤩1
Ҳүрметли пуқаралар!!!

Ҳаўа температурасының кескин төменлеп кетиўи себепли жыллылыққа деген талап артады. Бул өз гезегинде өрт қәўипи ҳәмде зәҳәрли газден зыянланыўға себеп болады. Сол себепли ысытыў қазанханаларыңыз ҳәмде газ плиталарыңыздың сазлығына итибар қаратың. Егер насазлық анықланса "104" ямаса "101" қысқа номерлерине хабар бериң.

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
👍1
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Zo'r_TV

Órt qáwipsizligi aylıǵı sheńberinde Qońırat rayonında ámelge asırılıp atırǵan úgit-násiyat jumıslarınan reportaj

https://t.iss.one/qongiratrkuz
🎉6👍1
Ҳурметли пуқаралар!

Ҳаўа-райының кескин суўып кетиўине байланыслы ҳәр түрли ысытыў үскенелерине ҳәмде ысытыў қазанларына деген мүтәжлигимиз артып барады албетте, бирақ олардан пайдаланғанда қәўипсизлик қағыйдаларына гейде итибарсыз болып қаламыз, ақыбетте, түрли дәрежедеги өртлер, айрықша жағдайлар ҳәмде ийис газинен зәҳәрлениў сыяқлы кеўилсиз жағдайлар жүз бериўи мүмкин. Солай екен, жыллар даўамында жыйнап терген мал-мүлкиңизди, жақынларыңызды ҳәм өзинизди өрт қәўипинен ҳәмде ийис газинен асыраң!!!

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы, Қоңырат районы Айрықша жағдайлар бөлими
👍7
Ҳүрметли пуқаралар!

Ҳаўа температурасының төменлеп кетиўи себепли қәўипсизлик қағыйдаларына қатаң әмел етиң.

Жылытыў үскенелерине итибарлы болың.
Түнги ўақытларда ҳәр 2 сааттан жылытыў қазанханаларын бақлап барың.
Тәбийий газ ийисин сезсеңиз электр үскенелерин жақпаң (жанып турған болса өширмең).
Қазанханалардың ҳәдден тыс қызып кетиўине жол қоймаң.
Ысытыў қазанханаларыңыз ҳәмде газ плиталарыңыздың сазлығына итибар қаратың.

Қыс мәўсиминде қазан морыларының ҳәдден тыс қызып кетиўи өртлердиң келип шығыўына себеп болмақта.

Қоңырат районы Айрықша жағдайлар бөлими
👍7
Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтиң тиккелей басламалары менен барлық тараўлар сыяқлы, суд-ҳуқық тараўында да избе-излик пенен реформалар әмелге асырылып келинбекте.

Толық оқыў👉 https://kungrad.uz/1842.html

📱https://t.iss.one/qongiratrkuz
2
Белгили мәмлекетлик ғайраткер, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тәжетдинович Ерниязовтың 75 жыллығы кең түрде белгиленеди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлигиниң усынысына тийкар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Белгили мәмлекетлик ғайраткер, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тәжетдинович Ерниязовтың 75 жыллығын кең түрде белгилеў ҳаққында» қарары қабыл етти.

Қарарға муўапық, 2022-жыл декабрь айының екинши он күнлигинде Нөкис қаласында, бай билим ҳәм тәжирийбеси менен елимиздиң раўажланыўы жолында аянбай мийнет еткен белгили жәмийетлик искер Муса Тәжетдинович Ерниязовтың туўылғанына 75 жыл толыўы мүнәсибети менен еслеў кешеси өткериледи.

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
👍181👏1
Ташкент автовокзалынан әмелге асырылатуғын автобуслар ҳәрекети ўақытша тоқтатылды

Республикамызда ҳаўа-райының кескин суўытыўы менен жолларда жүзеге келген музлықлар себепли жолаўшылар қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде 2022-жылдың 5-декабрь күнинен баслап Ташкент автовокзалынан әмелге асырылатуғын барлық қалалар аралық автобуслар ҳәрекети ўақтынша тоқтатылды.

Қатнаўлардың қайта тиклениўи бойынша қосымша мағлыўмат бериледи.

Қ.Р Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
👍51